Усы жылдың 12-ноябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов Нөкис қаласынан дерлик 450 километр узақта жайласқан, республикамыздың ең шетки аймағы есапланған Қоңырат районының «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынының турғынлары менен ушырасты.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов дәслеп «Қоңырат» бажыхана постына барып, бул жерде пуқаралар ҳәм жумысшы хызметкерлер ушын жаратылған шараятлар менен танысты. Бажыхана системасында жумыс алып барып атырған хызметкерлер, қоңсылас Қазақстан Республикасы аймағынан кирип келип атырған ҳәм басқа мәмлекетлерге шығып кетип атырған пуқаралар менен пикирлести. Сондай-ақ, «Қоңырат» бажыхана постына жақын жайласқан еки қабатлы турақ жайда жаратылған шараятлар менен танысып, бул жерде жасап атырған бажыхана хызметкерлери менен сәўбетлести.

Соның менен бирге, қоңсылас Қазақстан Республикасы менен шегаралас, бүгинги күни үш мыңнан аслам халық жасайтуғын «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынында болып, жергиликли халық пенен ушырасты. Үйме-үй жүрип, ашықтан-ашық сөйлесиў түринде шөлкемлестирилген ушырасыўда пуқаралар тийкарынан жумысқа орналасыў, турақ жайларды оңлаў, темир жол транспорты ҳәм медициналық хызметти жақсылаў, жеңиллетилген кредит ажыратыў сыяқлы мәселелерде мүрәжат етти. Усы мүрәжатлардың мәлим бөлеги сол жерде шешилген болса, толық үйренип шығыў ҳәм ўақыт талап ететуғын мүрәжатлар бойынша тийисли басшыларға анық тапсырмалар берилди.

Бүгинги күни республикамыздың барлық аймақларындағы сыяқлы посёлкалық пуқаралар жыйынының турғынлары да үлкен реформалар, дөретиўшилик, тыныш және абадан турмыс шараятларында жасамақта. Соны да айрықша атап өтиў керек, Президентимиздиң тапсырмалары тийкарында өткен қысқа ўақыттың ишинде аймақтың социаллық-экономикалық инфраструктурасын жақсылаў, халықтың, әсиресе, жаслардың турмыс абаданлығын ҳәм бәнтлигин  тәмийинлеў бағдарында айтарлықтай жумыслар әмелге асырылды. Мектепке шекемги билимлендириў, халық билимлендириўи, спорт, мәденият, денсаўлықты сақлаў мәкемелеринде қурылыс және реконструкция жумыслары алып барылды. Турақ жайлар қурылды, жоллар оңланды.

Ушырасыў даўамында азық-аўқат, аўыл хожалығы өнимлериниң ярмаркасы шөлкемлестирилип, жергиликли халық оларды арзан баҳаларда сатып алыў имканиятына ийе болды. Буннан тысқары, посёлкалық пуқаралар жыйынында жасаўшы кем тәмийинленген шаңарақларға телевизор, азық-аўқат өнимлери, 26-санлы улыўма билим бериў мектеби жәмәәтине түрли атамадағы 200 данадан аслам ҳәр қыйлы атамадағы китаплар берилди. Сондай-ақ, жуўапкер басшылар аймақтағы бир қатар социаллық объектлерде болып, олардың гүзги-қысқы мәўсимге таярлығын көзден өткерди.

Көркем өнер ғайраткерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасы болса ушырасыў қатнасыўшыларына көтериңки кейпият бағышлады.

Әлбетте, өзлерине көрсетилип атырған бундай итибардан посёлкалық пуқаралар жыйынында жасап атырған социаллық жәрдемге мүтәж инсанлардың кеўиллери көтерилди, өзлериниң барлық ўақытта мәмлекетимиздиң ҳәм ҳүкиметимиздиң итибарында екенлигин тереңнен сезинди, десек асыра айтқан болмаймыз.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.