Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 14-ноябрь күни Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасының министрлер дәрежесиндеги конференциясында қатнасыў ушын Ташкент қаласында болып турған Жәҳән бажыхана шөлкеминиң бас хаткери Кунио Микурияны қабыллады.

Ушырасыўда Президент Шавкат Мирзиёев мәмлекетимиздиң Жәҳән бажыхана шөлкеми менен конструктивлик бирге ислесиўиниң барған сайын беккемленип атырғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өзбекстан 1992-жылдан берли усы абырайлы халықаралық структураның ағзасы есапланады. Өткен дәўирде мәмлекетимиз бажыхана уйымларының ҳуқықый базасын қәлиплестириў, инфраструктурасын модернизациялаў ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бойынша биргеликтеги илажлар ҳәм жойбарлар табыслы әмелге асырылды.

Кейинги жылларда, ең дәслеп, бажыхана ҳәкимшилигин жетилистириў, маман кадрларды, соның ишинде, шөлкемниң Брюсселдеги бас резиденциясы тийкарында таярлаў сыяқлы бағдарларда өз-ара алмасыўлардың сезилерли жеделлескени көзге тасланбақта.

Ушырасыўда халықаралық стандартларды енгизиў тийкарында бажыхана уйымларының потенциалын арттырыў, бажыхана постларын заманагөй комплекс ҳәм үскенелер менен тәмийинлеў, ҳуқықбузарлықларға қарсы гүресиўди күшейтиў, сырт елдеги жетекши орайларда қәнигелерди таярлаў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиўдиң әмелий тәреплери додаланды.

Өз-ара бирге ислесиўди беккемлеў бойынша «жол картасын» биргеликте ислеп шығыў ҳәм тез пурсатта қабыл етиўге келисип алынды.

Жәҳән бажыхана шөлкеминиң бас хаткери шын жүректен қабыллағаны ушын миннетдаршылық билдирип, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған социаллық-экономикалық жаңаланыўлардың нәтийжелилигин, сондай-ақ, Орайлық Азияда жақсы қоңсышылық ҳәм шерикликти беккемлеўге қаратылған сиясатты жоқары баҳалады.

Кунио Микурия шөлкем буннан былай да мәмлекетимиздиң бажыхана уйымларын реформалаўды даўам еттириў ҳәм регионаллық саўда-экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў бағдарында белсене жәрдем бериўге таяр екенин билдирди.

 

ӨзА