Пайтахтымыздағы Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында  уллы бабамыз, белгили шайыр Бердақ Ғарғабай улы туўылғанының 190 жыллығына бағышланған салтанатлы кеше болып өтти.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов шығып сөйлеп, жыйналғанларды Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси атынан шайыр бабамыздың 190 жыллығы менен қутлықлады.

Атап өтилгениндей, ғәрезсизлигимиздиң дәслепки жылларынан баслап елимизде дөретиўши инсанларға айрықша итибар қаратылып, халқымыздың руўхый дүньясын, мәденияты менен мәнаўиятын байытыў жолындағы ийгиликли ислер ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатланып келинбекте. Бул әзелден халқымызға тән болған әдебиятқа, мәдениятқа, көркем өнерге, дөретиўшиликке деген айрықша меҳир ҳәм итибардың көриниси саналады. Халқымыздың ҳақ кеўилин, көп әсирлик арзыў-әрманларын, умтылысларын билмекши, аңлап жетпекши болсаң, Бердақтың ақыл-закаўаты менен жаратылған халық дәстанларына, Күнхожа, Әжинияз ҳәм Бердақ сыяқлы уллы шайырлардың тәсиршең шығармаларына мүрәжат етсең, әлбетте көп мәни табасаң.

Ҳақыйқатында да, сөз зергери, халқымыздың тарийхында терең из қалдырған уллы тулғалардың бири Бердақ Ғарғабай улы келешек әўладлар, әдебият ықласбентлери ушын бийбаҳа мийрас қалдырып кеткен данышпан шайырлардың бири саналады. Себеби, X8X әсир қарақалпақ тарийхы менен әдебияты ҳаққында сөз болғанда өзиниң айрықша таланты, баҳалы шығармалары менен әдебиятымыздың раўажланыўына, халқымыздың руўхый дүньясын байытыўға салмақлы үлес қосқан бул уллы шайырымыздың исми ҳүрмет пенен тилге алынады.

Быйылғы жылы Ҳүрметли Президентимиздиң сайлаўалды бағдарламасынан орын алған ўазыйпалар тийкарында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетиниң арнаўлы қарары қабыл етилип, онда орын алған әҳмийетли мәселелер қатарында Бердақ Ғарғабай улы туўылғанының 190 жыллығы кең түрде белгиленбекте.

Ғәрезсизлик жылларында елимизде ата-бабаларымыздың дөретиўшилик мийнетлерин үгит-нәсиятлаў, олардың атларын мәңгилестириў мәселесине мәмлекетлик сиясат дәрежесинде қаралып келинбекте. Соның ишинде, Бердақ бабамыздың атын мәңгилестириў бойынша ҳүкиметимиз тәрепинен бир қатар ийгиликли ислер әмелге асырылмақта. Атап айтатуғын болсақ, билим ҳәм илим дәргайы есапланған Қарақалпақ мәмлекетлик университети, мәдениятымыз бенен көркем-өнеримиздиң айнасы есапланған Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрына уллы бабамыздың атының берилиўи, 2002-жылдан бери Бердақ музейиниң жумыс алып барыўы, пайтахтымыз Нөкис қаласындағы пайызлы орынлардың бирине бабамыз естелигиниң орнатылыўы – булардың барлығы халқымыздың мәнаўиятына деген жоқары итибардың көриниси саналады. Және бир әҳмийетли тәрепи сонда, уллы шайыр, ойшыл ҳәм сөз зергери Бердақ Ғарғабай улының ҳүрметине 2004-жылдан баслап «27-ноябрь – Бердақ күни» сыпатында кең түрде белгиленип келинбекте.

Быйылғы жылы Ҳүрметли Президентимиздиң айрықша итибары нәтийжесинде «Бердақ күнлери» ҳәптелиги шөлкемлестирилип, тийисли бағдарлама шеңберинде илажлар өткерилди. Атап айтқанда, Қарақалпақ мәмлекетлик университети жанындағы Бердақ музейинде «Бердақ классикалық әдебиятымыздың бийик шыңы», Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында «Уллы сөз зергери» темасында Бердақ күнлери ҳәптеликлери менен илимий-теориялық конференциялар болып өтти. Буннан тысқары, пайтахтымыздағы шайыр естелигине гүл шеңберлери қойылып, оның естелиги зыярат етилди. Шайыр дөретиўшилигин үгит-нәсиятлаў ҳәм шығармаларын келшегимиз ийелерине жеткериў мақсетинде оқыў орынларында әдебий кешелер, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреатлары менен ушырасыў, таңлаўлар шөлкемлестирилип, таңламалы шығармалары қарақалпақ ҳәм өзбек тиллеринде баспаға таярланбақта.

Салтанатлы кешеде сондай-ақ, Қарақалпақстан халық шайыры М.Ахмедов, Өзбекистан Илимлер академиясының академиги Ж.Базарбаев, филология илимлериниң докторы, профессор Қ.Жәримбетов, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов шығып сөйлеп, шайыр дөретиўшилиги ҳәм шығармаларының әҳмийетине тоқтап өтти.

Салтанатлы кеше қатнасыўшыларына Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театры жәмәәти тәрепинен сахналастырылыған «Бердақ» музыкалы драмасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев қатнасты.

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.