Бүгин пайтахтымыз Нөкис қаласында Өзбекстан журналистлерди қайта таярлаў орайы тәрепинен  «Коррупцияға қарсы гүресиўде ғалаба хабар қуралларының роли» темасындағы жойбардың екинши басқышын әмелге асырыў, соның ишинде,  дата-журналистика имканиятларынан пайдаланған ҳалда ҒХҚ ўәкиллериниң коррупция жағдайларын сәўлелендириў потенциалын арттырыў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик уйымлар, пуқаралық институтлары менен бирге ислесиўин күшейтиў мақсетинде семинар-тренинг болып өтти.

Онда журналистлерди қайта таярлаў орайының тренерлери, ғалаба хабар қураллары, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери қатнасты.

Тренинг шеңберинде Өзбекстанда коррупцияға қарсы гүресиў бойынша қандай илажлар әмелге асырылғаны, коррупцияның себеплери, ҒХҚда коррупция темасы ҳәм дата журналистика және оның ўазыйпалары ҳаққында қатнасыўшыларға кеңнен түсиник берилди. Журналистлердиң дата-журналистика инструментлери тийкарында коррупцияға байланыслы аналитикалық, журналистлик тексериў материалларын таярлаў, ашық мағлыўматлар базалары менен ислесиў, мағлыўматларды тексериў (факт-чекинг) темаларында шынығыўлар шөлкемлестирилди.

Буннан кейин қатнасыўшылар топарларға бөлинип, коррупцияға байланыслы ҳәр қыйлы жағдайлар менен танысып, дата-журналистика яғный мағлыўматлар журналистикасын қолланған ҳалда, фактлерге тийкарланып мини презентацияда өз пикир-усынысларын билдирди.

– Бизлер бул жойбарды республиканың сегиз аймағында әмелге асырып атырмыз, – дейди Журналистлерди қайта таярлаў орайының тренери Қ.Хидиров. – Буннан кейин де  журналистлер ушын бул бағдарда қосымша илажлар ҳәм таңлаўларды шөлкемлестириўди мақсет еткенбиз. Әсиресе, коррупция темасына барлық мәселелерди қамтып алыў бойынша, яғный нызамшылық, журналистлердиң коррупция жағдайларын анықлаўы мүмкин болған инструментлер, мәселен ашық ҳәм дата мағлыўматлардан  пайдаланыў мүмкиншилиги ҳәм басқа да журналистлер менен бирге ислесиў бағдарындағы улыўма түсиниклерден ибарат арнаўлы портал жаратпақшымыз. Келешекте бул журналистлеримиз ушын қолайлы бир қуралға айланады деп ойлаймыз.

Жанлы ҳәм интерактив тәризде өткен семинарда қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги