Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Сайлаў участкасы — сайлаўшыларды тийисли мағлыўматлар менен тәмийинлейтуғын, барлық сайлаў ҳуқықына ийе болған пуқаралардың даўыс бериўде қатнасыўын ҳәм берилген даўысларды есаплап шығыўды тәмийинлейтуғын, сайлаўшылардың дизимин дүзетуғын ҳәм жәриялаўды шөлкемлестиретуғын аймақлық бирлик. Оның шегаралары тийисли сайлаў округи шегарасынан шықпаўы керек.

Сайлаў кодексиниң 23-24-статьяларына ҳәм  Қарақалпақстан Республикасының «Сайлаў ҳақкында»ғы нызамының 10-статьясына муўапық, cайлаў участкалары сайлаўға кеминде алпыс күн қалғанда. әскерий бөлимлерде, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар жасайтуғын орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары әне усы мүддетте, айырым жағдайларда болса сайлаўға кеминде жети күн қалғанда дүзиледи.

Участкалық сайлаў комиссиясының ағзалары болса сайлаўға 40 күн қалғанда 5-19 ағзадан, соның ишинде, баслық, баслықтың орынбасары ҳәм хаткерден ибарат қурамда дүзиледи. Егер комиссия жети ағзаға шекемги қурамда дүзилсе, баслық ҳәм хаткер сайланады. Участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының ярымынан асламы бир шөлкемнен усынылыўы мүмкин емес.

Участкалық сайлаў комиссиясының жумысын шөлкемлестириў түри оның зәрүрликке қарап өткерилетуғын мәжилиси есапланады.

Участкалық сайлаў комиссиясы өз жумысын ашық-айдын әмелге асырады. Комиссияның барлық қарарлары комиссия ағзаларының улыўма санының әпиўайы көпшилиги тәрепинен ашық даўыс бериў жолы менен қабыл етиледи. Даўыслар саны тең болған жағдайларда баслықтың даўысы шешиўши есапланады.

Сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез ҳалда әмелге асырады.

Участкалық сайлаў комиссиялары бул уйымларға сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы болған мәселелер бойынша мүрәжат етиў ҳуқықына ийе. Өз гезегинде бул уйымлар мүрәжатлерди көрип шығып, 3 күн ишинде комиссияға жуўап бериўге мәжбүр.

Комиссияның өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл етилген қарарлары барлық мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик мекемелер, кәрханалар, шөлкемлердиң орынлаўы ушын мәжбүрий характерге ийе.

Алдымыздағы ўазыйпа – белгиленген талап бойынша сайлаўды мүнәсип өткериў болып есапланады.

С.Утемуратова,

юридика илимлериниң кандидаты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.