Аўыл-хожалығы өнимлеринен мол өним алыў ҳәм жетистирилген өнимди сақлап қалыўдағы  тийкарғы факторлардың  бири,  оларды зыянкеслер ҳәм кеселликлерден қорғаў болып есапланады. Мағлыўматларға қарағанда, көпшилик жағдайларда  қоймаханаларда сақланып атырған өнимниң 50 % ке шамаласы  зыянкеслердиң  себебинен жарамсыз жағдайға  келеди екен.

Дүньяда 1,5 миллионға шамалас зыянкеслер болып, соның  400 ге шамаласы қоймаханаларда сақланып атырған өнимлерге зыян келтиретуғынлығы анықланған. Бул зыянкеслердиң арасында қатты қанатлылар ҳәм теңге қанатлылар топары ўәкиллери ең қәўиплиси саналады. Олар тек ғана бийдайды зыянлап қоймастан, өзиниң экскрементлери менен патаслайды, туқымлардың өниўшилик қәсийетин жоғалтады. Зыянкеслер тәрепинен зыянланған ҳәм патасланған азықлық өнимлери  инсан  организмине, сондай-ақ, үй ҳайўанларына да унамсыз тәсир көрсетеди.

Мине усындай жағдайлардың алдын алыў ҳәм өниминиң сапасын сақлап қалыў мақсетинде, Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини аймақлық инспекциясы  республикамыздағы дән өнимлери кәрханалары менен шәртнамалар дүзип, фумигация (зыянсызландырыў) жумысларын алып бармақта.

Жақында, Тақыятас районындағы «Тақыятас дән» акционерлик жәмийетинде 20 000 тонна дәнди фумигациялаў жумыслары басланды.

-Биз, фумигаторлар, ең дәслеп, дәнлерди сақлаў орнының тазалығын көзден өткерип, химиялық усыл жәрдеминде қарсы гүрес илажларын алып бармақтамыз,-дейди фумигатор Жумақлич Дадебаев. – Элеваторларда өнимлерди фосфид магний таблеткалары ҳәм карбофос препаратлары жәрдеминде зыянсызландырып атырмыз.

-Дән өнимлеринде ушырасатуғын зыянкеслер қысқа мүддет ишинде тарқалады,-дейди Тақыятас районы агроном-инспекторы Мухтар Абдихаликов. – Мәселен, дән зыянкеслери қанатсыз болыўына қарамастан дәнлер арқалы тез тарқалады. Сол себепли, аймағымызда жетистирилип ҳәм сырттан келип атырған дән өнимлерин зыянсызландырыў тийкарғы ўазыйпамыз есапланады.

Ҳәр қандай зыянкес дән өнимлериниң сапасын ҳәм муғдарын азайтады. Сонлықтан, химиялық усыл арқалы дән ҳәм дән өнимлерин зыянсызландырыў өнимниң сапасын ҳәм муғдарын сақлап қалып, қырманның берекетли болыўына хызмет етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.