Cайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Хожели районында районлық ҳаял-қызлар комитети тәрепинен сиясий партиялар менен биргеликте Олий Мажлис Нызамшылық палатасы ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерге депутатларды сайлаўда ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў мақсетинде аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый-әдем-икрамлылық қәдириятларды беккемлеў бойынша қәнигелердиң қатнасыўында үгит-нәсият илажы өткерилди.

«Наўрыз» мәкан пуқаралар жыйынында болып өткен илажда Өзбекстанда ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен мәплерин қорғаў, мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысында олардың толық қатнасыўына ерисиў, гендер теңлик ҳәм репродуктивлик саламатлықты тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған мәмлекетлик сиясатқа дүнья жәмийетшилиги тәрепинен жоқары баҳа берилип атырғаны атап өтилди.

– Бүгинги күнде елимиздеги сиясий процесс – Парламент ҳәм жергиликли кеңеслерге өткерилетуғын сайлаўларға байланыслы орынларда әмелге асырылып атырған үгит-нәсият жумыслары халқымыздың сайлаў нызамшылығы ҳаққындағы түсинигин арттырмақта, – дейди Хожели районлық ҳаял-қызлар комитетиниң бас қәнигеси Б.Айымбетова. – Елимизде ҳаял-қызлардың потенциалын және де раўажландырыў, жетекшилик қәбилетин күшейтиў, алып барылып атырған жәмийетлик-сиясий, экономикалық, мәлимлеме ҳәм идеологиялық реформалар процесинде олардың қатнасыўын арттырыўда өз нәтийжесин берип, сайлаўларда ҳаял-қызлар және де белсенди болады, деп ойлаймыз.

Илаж соңында «Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы»н шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қарардың мазмун-мәнисин сайлаўшыларға кең түрде түсиндирилди.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.