Ташкентте «Орайлық Азияда ықлым өзгериўине турақлы суў тәмийнаты ҳәм санитариялық хызметлер» темасындағы халықаралық конференция өз жумысын баслады.

Өзбекстан Республикасы Турақ-жай коммунал хызмет көрсетиў министрлиги тәрепинен Жәҳән банки менен биргеликте шөлкемлестирилген әнжуман Орайлық Азия ушын суў ҳәм энергетика тараўындағы бағдарлама (CAWEP) және Тәбийғый апатшылықлардың қәўпин азайтыў ҳәм тиклениў бойынша глобал фондтың (GFDRR) финанслық жәрдеминде шөлкемлестирилди.

Мәмлекетимиздиң тийисли министрликлери ҳәм уйымларының жуўапкерлери, дүньяның түрли мәмлекетлеринен келген 100 ден аслам қатнасыўшы – коммунал кәрханалардың басшылары, илимий экспертлер ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлеринен жеке-меншик сектордың ўәкиллери қатнасқан илаж ықлым өзгериўине шыдамлы турақлы суў тәмийнаты ҳәм санитариялық системаларды қурыў мәселелерин додаланыўға бағышланды.

1.JPG

Дүньяда ықлым өзгериўи ақыбетлериниң суў тәмийнаты ҳәм санитариялық хызметлерге болған тәсири барған сайын артып бармақта. Бул, әсиресе, айрықша жағдайлар, соның ишинде, суў тасқынлары, қурғақшылық, жаўын-шашынның муғдарынан артып кетиўи, ықлымның өзгериўи, мәўсимлердиң жылжыўы көринислеринде сәўлеленеди.

Усы мәнисте турақлы, қәўипсиз ишимлик суўы тәмийнатын жақсылаў ҳәм санитариялық хызметлерден утымлы пайдаланыў иммканиятларын жаратыў Орайлық Азияда айрықша әҳмийетке ийе.

Бүгинги күнде Өзбекстанда социаллық-экономикалық реформаларды әмелге асырыўда усы хыызметлердиң сапасын арттырыў, сол арқалы инсанлар, атап айтқанда, аўыл турғынларының турмыс дәрежесин және де жақсылаўға айрықша итибар қаратылмақта.

5.JPG

-Регионда суў тәмийнаты ҳәм санитариялық хызметлерди жақсылаў халықтың саламатлығын беккемлеп, Орайлық Азияда турақлы раўажланыўды тәмийинлеўге хызмет етеди, – деди Жәҳән банкиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық директоры Лилия Бурунчук. – Суў тәмийнаты ҳәм санитария менен байланыслы машқалаларды аўызбиршиликте шешиў регион ушын әҳмийетли мақсетлерден бирине айланыўы керек. Ташкентте шөлкемлестирилген бул әнжуман қәнигелердиң усы бағдардағы бирге ислесиўин беккемлеп, биргеликтеги ҳәрекетлердиң көлемин кеңейтиў имканиятын беретуғын қолайлы майдан болып есапланады.

Ықлым өзгериўиниң Орайлық Азияның суў тәмийнаты, қәўипсизлиги ҳәм санитариялық хызметлерине болатуғын тәсири талланды. Ықлым өзгериўине шыдамлы  суў тәмийнаты ҳәм санитариялық хызметлерди баҳалаў, жобаластырыў ҳәм жаратыў имканиятлары үйренилди, сондай-ақ, суў ресурсларын басқарыў бойынша регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў перспективалары көрип шығылды.

9.JPG

13.JPG

Илажда Болгария, Португалия, Қубла Африка ҳәм Израйл сыяқлы мәмлекетлер, сондай-ақ, Жәҳән банки топары, Европа тиклениў ҳәм раўажланыў банки, Суў ресурслары бойынша халықаралық секретариат сыяқлы шөлкемлердиң ўәкиллери Орайлық Азия шараятында қолланылыўы мүмкин болған алдыңғы халықаралық тәжирийбелер менен ортақласты. Тараўда әмелге асырылып атырған миллий әмелият, жеке меншиктиң қатнасы бойынша мағлыўматлар усынылды. Реформалардың нәтийжелилигин арттырыў, миллий потенциалды арттырыў мәселелери додаланды.

Конференция жуўмағында Орайлық Азияда суў тәмийнаты ҳәм санитариялық хызметлер тараўында жумыс алып баратуғын ҳүкиметлик шөлкемлер ҳәм коммунал кәрханалар арасында бирге ислесиўди кеңейтиў, узақ мүддетли басламаларды қоллап-қуўатлаў, региондағы машқалаларды шешиўге қаратылған илажлар ислеп шығылады.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы