USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сəршемби, 24 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

АЎЫЛ ХОЖАЛЫҒЫ ТАРМАҚЛАРЫН БУННАН БЫЛАЙ ДА РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ ИЛАЖЛАРЫ БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-ноябрь күни шарўашылық, қусшылық, балықшылық ҳәм пиллешилик тармақларын буннан былай да раўажландырыў мәселелерине бағышланған видеоселектр мәжилисин өткерди.

Бизге белгили, мәмлекетимиз басшысының усы жыл 23-октябрьдеги пәрманы менен Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығын раўажландырыўдың 2020-2030-жылларға мөлшерленген стратегиясы қабыл етилди. Усы ҳүжжет шеңберинде заманагөй көзқарас тийкарында тараўды модернизациялаў басланды. Сондай-ақ, 7-ноябрь күни Президентимиздиң «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

– Аймақларымыздың потенциалынан дурыс пайдаланып, қай жерге нени егиў, қайсы қара малдың түрин жетистириў, қосымша қун шынжырын жаратыў арқалы базарларымызда гөш, сүт ҳәм мәйек өнимлерин көбейтиў, баҳалардың турақлылығын тәмийинлеў ҳәм дәраматты арттырыў бойынша, тилекке қарсы, нәтийжели система бар, деп айта алмаймыз, – деди мәжилис басында Шавкат Мирзиёев.

Мәмлекетимизде шарўашылықтың от-шөпке болған талабы 120 миллион тоннаны қурайды, бирақ өткен жылы тек ғана 47 миллион тонна азықлық от-жем таярланып, талап 40 процентке қанаатландырылды.

Пүткил дүньяда қара малды азықландырыўда тийкарынан силос ҳәм аралас от-жемнен пайдаланылады. Янгийўл районында тәкирарый егин сыпатында мәккениң интенсив сортынан гектарына 50-60 тонна силос алынған ҳәм оның 1 килограммының өзине түсер баҳасы тек ғана 150 сумды қураған. 1 килограмм шелуханың базардағы баҳасы 2 мың сумнан өтеди. Жаңа шрот-шелухаға салыстырғанда 10 есеге арзан от-жемди шарўалардың өзи биймәлел жетистирсе болады.

Қара мал ушын от-жемлик сортлы бийдайдан гектарына 100 центнерге шекем өним алыўға болады. Бирақ орынларда от-жемниң жетиспеўшилигин қаплаў илажларын көриўдиң орнына от-жемге жарамлы егислик жерлерден нәтийжесиз ҳәм мақсетсиз пайдаланыў жағдайлары сынға алынды.

– Сырдәрья ўәлаятында 16 мың гектар, Ташкент ўалятында 8,5 мың гектар егислик жерлердиң ғәлледен кейин бос турғанын қалай түсиндириўге болады? – деген сораў менен мүрәжат етти Президент.

Усы жылдың өткен 10 айында сырт елден дерлик 100 миллион долларлық нәсилли ҳәм гөш ушын қарамал импорт етилди. Соның ушын, қосымша от-жем базасын жаратыў мақсетинде шарўаларға жер бериў, дурыс егин түрлерин егиў бойынша тапсырмалар берилди.

Мәмлекетимиз басшысы атап өткениндей, қусшылықта да усы сыяқлы машқалалар бар. Мәселен, от-жемниң 70-75 проценти импорттың есабынан тәмийинленип, усы жылдың 10 айында 80 миллион долларға 160 мың тонна соя ҳәм айғабағар шроты, 14 миллион долларға 80 мың тонна мәкке импорт етилген. Тармақ кәрханаларына быйыл от-жем ушын 137 мың гектардың орнына әмелде тек ғана 5 мың гектар жер берилген.

Шарўашылық тараўында өз шешимин таппай киятырған әҳмийетли машқалалардан бири нәсилшилик болып табылады. Жергиликли қара маллар 20 мың сумлық от-жем менен күнине 900 грамм тири салмаққа ийе болса (500 грамм гөш), нәсилли маллар 1 килограмм 600 грамм (900 грамм гөш) салмаққа ийе болатуғынын атап өтиў керек.

Қара малдың 94 проценти, қой-ешкиниң 84 проценти, қуслардың 58 проценти халықтың шаңарақларында бағылады. Ҳәзирги ўақытта қолда бар қарамаллардың  тек ғана 34 проценти нәсилли болып табылады. Әсиресе бул көрсеткиш Жиззақ, Сырдәрья, Сурхандәрья ўәлаятларында 26 процент, Хорезмде 28 процент, Қашқадәрьяда 31, Самарқанд ўәлаятында 33 процентти қурайды. Қойшылықта болса тек ғана қаракөл қойларының нәсили 30 процентке жақсыланды.

Буннан тысқары, жергиликли бир сыйырдан саўып алынатуғын сүт жылына 2,5 тоннадан артпай атыр. Ҳәр бири 2-3 доллардан импорт етилген нәсилли сыйырлар 35-40 литр сүт бериўи керек болса да, шарўаларға бундай малды сақлаўдың сырлары үйретилмегени себебинен өнимдарлық орташа 25 литрден артпай атыр.

Шарўашылықтың дурыс рационын ислеп шығыў, заманагөй ветеринариялық хызметти көрсетиў бойынша қәнигелер жетерли емес. Нәтийжеде фермелеримиз шет елден ветеринар ҳәм зооинженерлерди тартып, оларға 3-4 мың доллардан айлық төлеўге мәжбүр болмақта.

Мәжилисте атап өтилгениндей, технология тийкарында қара малды сойыў системалы жолға қойылмағаны тери сапасының бузылыўына алып келмекте, буннан болса былғары аяқ-кийим санааты да зыян көрмекте. Мәселен, Өзбекстан бойынша заманагөй қусханалардың саны 49 ға жетеди, соның ишинде, Әндижан ўәлаятында биреў, Наманган, Сырдәрья, Сурхандәрья, Ферғана ўәлаятларында екеўден, Хорезмде үшеўи шөлкемлестирилген.  Қолда барлары да 30-40 процент қуўатлылықта ислемекте, өйткени халық қусханаға барыўдан мәпдар емес.

Шарўашылықтың қысқа мүддетте жоқары нәтийже беретуғын бағдарлары, атап айтқанда, қусшылық, балықшылық, қоян өсириўди раўажландырыўда машқалалар бир қанша.

Соның ишинде, бүгинги күнде 38 мың гектар жасалма суў бассейнлериниң тек ғана 460 гектарында интенсив балықшылық шөлкемлестирилген. Буның тийкарғы себеби – интенсив усылда жетистирилген балықтың өзине түсер баҳасы әпиўайы усылда жетистирилгенине салыстырғанда 2 есеге қымбат. Соның ушын исбилерменлер әпиўайы усыл менен шекленбекте. Әпиўайы усылда балық жетистириў  1 гектарына 2-3 тоннадан аспаса, интенсив усылда 100 тоннаға шекем өним алыўға болады.

Мәмлекетимиз басшысы, лосос, осётр, форель сыяқлы бийбаҳа балықларды интенсив усылда жетистириў бойынша тапсырмалар берди. Олар, әсиресе, таў алды аймақларда заманагөй технологияларды қолланғанған ҳалда өршитилсе, ҳәттеки экспортқа шығарыў мүмкин екенлиги атап өтилди. Видеоселектр мәжилисинде қоян өсириўге байланыслы мәселелер де көрип шығылды. Есап-санақларға қарағанда, нәсилли қоянды тәбийғый усылда бир жылда 4 мәрте (6-8 қоян баласы), санаат усылында болса 7 мәртеге шекем (8-10) көбейтиў мүмкин. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда 1 мың 250 қоян өсириў фермасы болып, санаат усылында тек ғана 500 мың бас қоян бағылады.

Жоқарыдағы машқалаларды комплексли ҳәм системалы шешиў, шарўашылық тармақларын избе-из раўажландырыў ушын Президентимиз бир қатар ўазыйпаларды қойды.

Соның ишинде, Әндижан ўәлаятында әмелге асырылып атырған тәжирийбе тийкарында елимиздиң халық тығыз жайласқан аймақларында пүткиллей жаңа система енгизиледи. «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасы шеңберинде ажыратылатуғын кредитлер тийкарында сүт ҳәм гөшти қайта ислейтуғын кәрхана халыққа кооперация тийкарында 5 басқа шекем нәсилли қарамалды жеткерип береди, оны қалай сақлаўды үйретеди. Кәрхана нәсилли қарамалдың турақлы түрдеги ветеринариялық қадағалаўын, белгиленген рацион тийкарында азықланыўын және  оннан алынып атырған сүттиң базар баҳасында сатып алыныўын тәмийинлейди.

Бул системаның абзаллығы сонда, халық қара малға ийе болады, сүтти базар баҳасында сатады, усы арқалы кредитти төлейди және туўылған бузаўлардың есабынан хожалық кеңейип барады. Қоян өсириўде де усы тәжирийбени енгизиўге болады.

Ветеринария ҳәм шарўашылықты раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Халық банки және  «Микроркредитбанк»ке ўәлаят ҳәкимликлери менен биргеликте бир ай мүддетте Әндижан, Наманган, Самарқанд, Ферғана, Хорезм ўәлаятларында усы системаны жолға қойыў ўазыйпасы жүкленди.

Буннан тысқары, Қарақалпақстанның тәжирийбеси тийкарында шарўа кооперацияларын шөлкемлестириў зәрүр екенлиги атап өтилди. Яғный имканияттан келип шығып, 30 бастан 100 басқа шекемги қара малдан ибарат шаңарақлық шарўа фермерлери шөлкемлестириледи. Кооперация бул структураларды от-жем, ветеринариялық хызметлер ҳәм агротехника менен тәмийинлейди.

Бул тәжирийбениң абзаллығы сонда, шаңарақлық фермерлер қай жерден от-жем ҳәм техника алыўды, өнимди кимге өткериў ҳаққында бас қатырмайды. Бул жумыслар менен кооперация шуғылланады.

Жоқарыда атап өтилген шөлкемлер ҳәм ҳәкимликлерге Қашқадәрья, Сурхандәрья, Жиззақ, Сырдәрья, Наўайы, Бухара ўәлаятларында ең кеминде екеўден усындай шарўа кооперацияларын шөлкемлестириў  тапсырмасы берилди.

Сондай-ақ, Ташкент ўәлаяты тәжирийбеси тийкарында ғәллешилик кластерлерин шөлкемлестириў арқалы 2-5 мың бас қара малдан ибарат үлкен фермалардың жумысын жолға қойыў керек екенлиги атап өтилди.

Бунда кеңейиў тилегин билдирген ҳәм ең кеминде 500 бас қара малы бар фермеплерге ҳәр  1 мың бас ушын 300-400 гектарда жер бериў арқалы ғәлешилик кластерлери шөлкемлестириледи. Бул система үлкен кластерлер бийдайды қайта ислеў арқалы аралас от-жем ислеп шығарыў және ғәлледен босаған жерлерде тәкирарый егин сыпатында от-жемге жарамлы егинлерди жетистирип, өзи силос ислеп шығарыў имканиятына ийе болғаны менен де тартымлы.

Бир қатар уйымлар ҳәм шөлкемлерге бир ай ишинде ҳәр бир талапкердиң усынысын көрип шығып, әмелге асырыў илажларын белгилеў ўазыйпасы қойылды.

Буннан тысқары, шарўашылықты от-жем менен тәмийинлеўде пахта кластерлери потенциалынан нәтийжели пайдаланыў керек. Өйткени бул структураларда жер, үлкен от-жем базасы, жумысшы күши, техника ҳәм қаржы имканиятлары жетерли. Соның ушын барлық пахта кластерлерине 5 мың бастан кем болмаған қарамал кластерлерин шөлкемлестириў тарсырмасы берилди.

От-жем ислеп шығарыў көлемин арттырыў ушын болса Наўайы ўәлаятының тәжирийбесин барлық аймақларда кеңнен енгизиў керек екенлиги билдирилди. Атап айтқанда, Хатирчи районында тәжирийбе тийкарында 530 гектар жайлаўды суўды үнемлеўши технологияларды енгизиў арқалы жерлерди өзлестириў жойбары әмелге асырылмақта. Жойбар шеңберинде жайлаўда интенсив суўғарыў арқалы 1 гектар жерден 80 тонна мәккениң пақалы жетистирилген.

Қарақалпақстан Республикасында, Наўайы, Бухара, Қашқадәрья ўәлаятларында мыңлаған гектар усындай жайлаўлар бар. Соның ушын жуўапкерлерге усы аймақлардағы ең кеминде 10 мың гектар жайлаўда от-жемге жарамлы егинлерди жетистириў бойынша мәнзилли бағдарламаны әмелге асырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Шарўашалықта нәсил жоқары өним алыўдың биринши факторы болып табылады. Сол себепли ҳәр бир аймақта жасалма жол менен туқымландырыў пунктлерин шөлкемлестириў, кейинги жылдың ақырына шекем халықтың ықтыярындағы сыйырлардың 70 процентин жасалма жол менен туқымландырып, 2025-жылға шекем 60 процент қара маллардың нәсилин жақсылаў илажлары белгиленди.

Сондай-ақ, фермерлер ҳәм халыққа қара малды жақсылап бағыўды үйретиў, Самарқанд ветеринария институты ҳәм оның Ташкент филиалы тийкарында Шарўалардың әмелий оқыў орайын шөлкемлестирип, әмелий ҳәм аралықтан турып семинарларды өткериўди жолға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте өнимниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм тараўдың бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў мәселелери де додаланды.

Келеси жылдан баслап шарўашылық, балықшылық ҳәм қусшылық тармақларын субсидия бериў арқалы қоллап-қуўатлаў нәзерде тутылмақта. Дүнья тәжирийбесинен келип шығып, субсидия жетистирилген таяр өнимлердиң көлемине муўапық түрде бериледи.

Ветеринария, карантин, стандартластырыў, санитариялық-эпидемиология хызметлериниң үзликсиз бирге ислесиўин тәмийинлеў, халықаралық тәжирийбе тийкарында шарўашылық өнимлерин ислеп шығарыўдың толық шынжырын жаратыў және оны қадағалаўдың тәртип-қағыйдаларын енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Ислеп шығарыўшыларға ишки базарда мүнәсип шараят жаратыў, шарўашылық өнимлери баҳасының турақлылығын тәмийинлеў мәселелерине де айрықша итибар қаратылды.

Әндижан, Жиззақ, Наманган, Самарқанд, Сырдәрья, Ферғана ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы 90 дийқан базарында қусшылық кәрханаларының бирде-бир саўда шақапшасының жоқ екенлиги атап өтилди. Балықшылық кәрханасының  Сырдәрья ўәлаяты базарларында еки, Сурхандәрьяда үш, Наўайы ўәлаятында төрт, Ферғанада тек ғана тоғыз саўда орайы бар.

Мәжилисте белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын сапалы тәмийинлеў ушын ҳәптениң ҳәр жума күни «Шарўашылық күни» деп жәрияланды. Тапсырмалардың орынланыўын муўапықластырып барыў ҳәм шарўаларға жәрдем бериўге жуўапкер Республикалық кеңес дүзилди.

Видеосеклектр мәжилисинде азық-аўқат қәўипсизлигинен тысқары пиллешилик санаатын раўажландырыў мәселелери көрип шығылды.

Пиллешилик оғада қысқа мүддетте – 30-35 күнде экспортқа жарамлы өнимди жетистириўге болатуғын тармақ. Дүньяда 20 дан аслам пилле жетистиретуғын мәмлекет болса, Өзбекстан Қытай ҳәм Ҳиндстаннан кейинги орында турады, Бирақ елимиздиң дүнья базарындағы үлеси тек ғана 2,5 процентти қурайды. Кеийинги еки жылдағы ҳәрекетлер нәтийжесинде, атап айтқанда, жылына төрт мәрте наўқан қуртын бағыў есабынан пиллениң өними 19 мың тоннаға жеткерилди.

Мәжилисте бул тармақтағы базар коньюнктурасы талланып, мәмлекетимизде бир қатар имканиятлардың бар екенлиги атап өтилди. Буннан нәтийжели пайдаланылса, жақын жылларда жыллық экспорттың көлемин ең кеминде 500 миллион долларға жеткериўге болады.

Ҳәзирги ўақытта тармақта бир қатар машқалалар бар. Соның ишинде, тут атызларының 6 мың гектары жарамсыз жағдайда. Және 37 мың гектарда өнимдарлық 30 процентке де жетпейди. Жоқары от-жемлик сортлар тут атызлары ҳәм бир қатар тутлардың  тек ғана 5-6 процентин қурайды. Кеселликлер ҳәм зыянкеслерге қарсы гүрестиң өз ўақтында сапалы әмелге асырылмай атырғанының себебинен от-жем базасы азаймақта.

Наўқан қурты туқымының 80 проценти импорт етилген. Мәмлекетимизде супер-элита пилле туқымын жарататуғын бирден-бир мәкеме – Пиллешилик илимий изертлеў институтының материаллық-техникалық базасы гөнерген. Усылардан келип шығып 2022-жылдың ақырына шекем 20 мың гектар жаңа тут атызларын пайда етиў және 10 мың гектар жарамсыз тут атызларын жаңалаў режелестирилген.

Оның ушын қолда бар тут атызлары шаңарақлық жумысты бөлип алып ислеў тийкарында 1 гектардан 3 гектарға шекем бөлип бериледи. Пиллешилик кластерлери тәрепинен тут атызларын жаңалаў ушын тут нәли ҳәм мәўсимде пилле қуртының туқымы тарқатылады. Пилледен алынатуғын дәрамат пенен бир қатарда, тут атызларының арасына егилетуғын қосымша егинлер де толығы менен халықтың ықтыярында қалады.

Аўыл хожалығы министрлиги, «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы, ўәлаят ҳәкимлери ҳәм тийисли уйымлардың басшыларына тут атызларын шөлкемлестириў ушын жер ажыратыў, жарамсызларын жаңалаў, суўды үнемлеўши технологияяларды қолланыў бойынша тапсырмалар берилди. Келеси жылы пилле жетистириў көлемин 21 мың тоннаға, 2025-жылға шекем болса 30 мың тоннаға жеткериў ўазыйпасы қойылды.

Супер-элита ҳәм элита туқымларын толығы менен мәмлекетимизде таярлаў, оның ушын туқымгершилик станцияларын қоллап-қуўатлаў, тутларды химиялық ҳәм биологиялық усыллар менен қорғаў, орынларда жаңа жумыс орынларын жаратыў бойынша да тапсырмалар берилди.

Және бир мәселе – елимизде пилле ҳәм жипекти экспертизадан өткериў ҳәм сапасын анықлаў бойынша лабораториялар жоқ. Ҳәзир оның ушын өнимниң сырт елге жиберилип атырғаны себебинен кәрханалар қосымша қәрежет жумсап атыр. Усы мүнәсибет пенен Президент «Ўзбекипаксаноат» ассоциациясы жанынан заманагөй лабораторияларды шөлкемлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша жуўапкербасшылар ҳәм ҳәкимлердиң есабы және усыныслары тыңланды.

 

ӨзА