USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Жума, 19 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САЙЛАЎ ҲУҚЫҚЛАРЫНЫҢ БУЗЫЛҒАНЛЫҒЫ ҮСТИНЕН ШАҒЫМ ЕТИЎ ТӘРТИБИ

                                 

   САЙЛАЎ-2019

Мәмлекетти заманагөй басқарыўдың ең әҳмийетли ҳәм ажыралмас тәреплеринен бири-бул сайлаўлар болып табылады. Сайлаўлар тийкарында халық өзиниң мәмлекетлик ҳәкимияттың бирден-бир дәреги сыпатындағы ўәкиллигин әмелге асырады. Себеби, сайлаўлар арқалы елимизде мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары пуқаралардың мәплерин гөзлеген ҳалда нызамлар тийкарында кейинги сайлаўларға шекем  халыққа хызмет етиў ўәкиллигин алады.

Ғәрезсиз елимизде сайлаў улыўма, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен әмелге асырылады. Яғный сайлаўлар ашық-айдын ҳәм жәриялылық түрде өткериледи.

Сайлаў нызамшылығында бир қатар қағыйдалар болып, олардан бири, бул пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының бузылғанлығы үстинен арыз етиўи болып табылады.

Өзбекстан Республикасының жаңадан қабыл етилген Сайлаў кодексине муўапық, пуқаралар Орайлық сайлаў комиссиясы, қалалық ҳәм районлық сайлаў комиссиялары, сондай-ақ, округлик және участкалық сайлаў комиссияларының қарарлары, ҳәрекети (ҳәрекетсизлиги) үстинен арза келтириўлери мүмкин. Депутатлыққа талабан көрсеткен сиясий партия уйымлары, депутатлыққа талабанлар, исенимли ўәкиллер, бақлаўшылар ҳәм сайлаўшылар сайлаў комиссияларының үстинен ҳәр қандай қарар қабыл етилгенинен кейин он күнниң ишинде жоқары турыўшы сайлаў комиссияларына яки судқа шағым етиўи мүмкин. Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары бойынша болса, қарар қабыл етилгеннен кейин он күнниң ишинде Өзбекстан Республикасының Жоқарғы судына шығым етиўине болады.

Арза келип түскеннен кейин үш күнниң ишинде, сайлаўға кеминде алты күн қалғанында тез көрип шығылыўы тийис.  Соны да айтып өтиў керек, арза берген шахслар арзаны көрип шығыўда тиккелей қатнасыў ҳуқықына ийе. (Сайдаў кодекси 102-статья).

Сайлаў комиссиялары сайлаў кампаниясын өткериў дәўиринде пуқаралардың сайлаў нызамшылығы талапларының бузылғанлығы ямаса сайлаўды шөлкемлестириў бойынша басқа мәселелер бойынша өзлерине келип түскен арзаларды өз ўәкилликлери шеңберинде көрип шығыўы, усы мүрәжатлар бойынша тексериўлер өткериўи ҳәм үш күн мүддетте оларға жазба жуўап бериўи, сайлаўға кеминде алты күн қалғанында ямаса сайлаў күни келип түскен мүрәжат болса, тез көрип шығылып, жуўап берилиўи тийис. Бул арзалар дизимге алыў дәптерине жазып барылыўы керек.

Сайлаў комиссиясының баслығы арзаны көрип шығыў ҳәм оған байланыслы қарар қабыл етиўи ушын тийисли комиссияны сайлаў нызамшылығында белгиленген мүддетте шақырады ҳәм оның мәжилисин өткереди. Оған мәпдар шахслар да шақырылыўы мүмкин.

Қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллигине кирмейтуғын участкалық сайлаў комиссиясына келип түскен арза оны берген шахс хабардар етилген ҳалда үш күнлик мүддетте тийисли уйымларға жибериледи. Сайлаў комиссиясының ағзалары көрип шығылған арзаның нәтийжелери ҳәм ол бойынша қабыл етилген қарар туўралы арза берген шахсты хабардар етиўи шәрт.

Сайлаў нызамшылығының бузылғанлығы үстинен тиккелей тийисли ҳәкимшилик судларына да мүрәжат етиўине болады. Бунда сайлаў комиссиясының ис-ҳәрекетлери (қарарлары) үстинен берилген арза суд тәрепинен келип түскеннен кейин үш күннен кешиктирмей, егер сайлаўға алты күннен аз ўақыт қалған  болса, дәрҳал көрип шығылыўы тийис.  Келип түскен арза оны бериўши, тийисли сайлаў комиссиясының ўәкили, сондай-ақ, прокурор, егер арза оның өзине емес ал, басқа бир шахсқа тийисли болса, сол шахсты шақырған ҳалда көрип шығылады. Бул шахслардың келмей қалыўы исти көрип шығыўға тосқынлық етпейди. Судтың шешиўши қарары шығарылыўы менен дәрҳал тийисли сайлаў комиссиясына ҳәм арза бериўшиге тапсырылады. Сайлаў комиссияларының ис-ҳәрекетлери (қарарлары) үстинен тартысыў ҳаққындағы ислерге байланыслы шешиўши қарарлары дәрҳал орынланыўы тийис.

Пуқаралар Ҳәкимшилик судларына арза бергенде төмендегилерге итибар қаратыўы керек:

Сайлаў комиссияларының қарарларын ҳақыйқый емес, лаўазымлы шахслардың ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлигин) нызамға қайшы,деп табыў ҳаққында арза (шағым) бериўи мүмкин. Бул арзада төмендегилер көрсетилиўи тийис:

1) шағым етилип атырған қарарды қабыл еткен ямаса ҳәрекетти (ҳәрекетсизликти) ислеген сайлаў комиссиясының аты, лаўазымлы шахстың фамилиясы, аты, әкесиниң аты;

2) шағым етилип атырған мәселениң толық атамасы, саны, қабыл етилген сәнеси,  шағым етилип атырған ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) исленген сәне ҳәм орны;

3) арза бериўшиниң пикири бойынша, шағым етилип атырған мәселе, ҳәрекет (ҳәрекетсизлик) себебинен оның бузылып атырған ҳуқықы, еркинлиги ҳәм нызамлы мәпи ҳаққындағы мағлыўмат;

4) арза бериўшиниң пикири бойынша, шағым етилип атырған мәселениң, ҳәрекеттиң (ҳәрекетсизликтиң)  қайсы нызам ҳүжжетине қайшы екенлиги;

5) арза бериўшиниң қарарды ҳақыйқый емес, ҳәрекетлерди (ҳәрекетсизликлерди) нызамға қайшы деп табыў ҳаққындағы талабы;

Арзаға шағым етилип атырған мәселе бойынша қарардың тексти де қосымша қылынады.

Ҳәр бир пуқараның өзиниң сайлаў ҳуқықын билиўи, сайлаў нызамшылығы үстинен тийкарлы, нызамлы ҳәм дурыс рәсмийлестирген арза бериўи, олардың сайлаў ҳуқықларының кепили болыўы менен бирге, болажақ сайлаўлардың әдалатлы ҳәм белгиленген нызамшылық тийкарында өтиўине хызмет етеди.

 

Амангелди САЛИЕВ,

Нөкис қалалық ҳәкимшилик судының баслығы