Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында соңғы жылларда мәмлекетимизге, соның ишинде, Қарақалпақстан Республикасына шет ел инвестицияларын тартыў арқалы аймақларда биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў бағдарында көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

2018-жыл 15-16-декабрь күнлери Қарақалпақстан Республикасында «Жаңа Мойнақ – жаңа имканиятлар» атамасында бизнес форум шөлкемлестирилип, усы форум жуўмақлары бойынша Мойнақ районы мысалында унамлы нәтийжелерге ерисилген еди.

Усы ҳәрекетлердиң даўамы сыпатында Қарақалпақстан Республикасының Нөкис қаласы ҳәм районларында 14-15-ноябрь күнлери гезектеги форумды өткериў белгиленди. Ондағы тийкарғы мақсет Қарақалпақстан Республикасына үлкен потенциалға ийе шет ел инвестицияларын тартыў ҳәм сол арқалы аймақта өндирислик кәрханаларды шөлкемлестирип, жаңа жумыс орынларын жаратыў, сондай-ақ, бизнес форум шеңберинде қатнасыўшыларды аймақтың инвестициялық, экспортлық ҳәм туристлик потенциалы, инвесторлар ушын енгизилген салық жеңилликлери менен жақыннан таныстырыўдан ибарат.

Бүгин саат 09-00де Нөкис халықаралық аэропортында усы форумға қатнасатуғын сырт еллердиң Өзбекстандағы дипломатиялық миссияларының басшылары ҳәм ўәкиллери, ири халықаралық шөлкемлердиң, ири исбилерменлик топарларының ўәкиллеринен ибарат делегация ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариевтиң басшылығында, тийисли тараў басшылары менен бирге салтанатлы жағдайда күтип алынды.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен бизге берилген мағлыўматларға қарағанда, форумның биринши күнинде қатнасыўшылар Нөкис қаласы, Нөкис, Хожели, Қоңырат, Қанлыкөл ҳәм Кегейли районларына барып, ол жерлердеги «Nukus Elektroapparat» ЖШЖ, «NukusMed-Tex» ҚК ЖШЖ, «TechnicGlobe» ҚК ЖШЖ, «Стройвектор» ЖШЖ, «Нөкис вино заводы» ЖШЖ, «Нөкис балық» ҚК ЖШЖ, «Хожелиагросанаат орайы» ЖШЖ, «UzKorGaz Chemical» ҚК ЖШЖ, «Қоңырат сода заводы» УК, «Kantex invest» ЖШЖ, «Кегейли қағаз» ЖШЖ сыяқлы ири санаат кәрханаларының жумыслары менен жақыннан танысады.

Күнниң екинши ярымында Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық  музыкалық театры имаратында Қарақалпақстан Республикасында ислеп шығарылған өнимлерден ибарат «Қарақалпақстанда ислеп шығарылған» атамасындағы миллий көргизбеси ҳәм жаңа жойбарлардың инвестициялық усыныслары және өндириске бейимлескен бос турған имаратлардың презентациясы өткерилиўи режелестирилген.

Сондай-ақ, мийманлар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейине саяхат етеди.

Халықаралық инвестициялық форумның екинши күниндеги илажлар Нөкис қаласындағы «Жаслар орайы» имаратында болып өтеди. Онда қатнасыўшыларға Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық, инвестициялық ҳәм туризмди раўажландырыў бойынша потенциалы ҳаққында мағлыўматлар берилип, презентациялар өткериледи. Сондай-ақ, B2G ҳәм B2B форматындағы cөйлесиўлер шөлкемлестирилип, өз-ара бирге ислесиў бойынша келисимлер дүзилиўи күтилмекте.

Сондай-ақ, форум соңында жергиликли ҳәм шет ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын сөйлесиўлердиң жуўмағы бойынша брифинг шөлкемлестириў режелестирилген.

Форумның алдағы жумыслары бойынша келеси материалларымызда толық мәлим етип барамыз.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.