Нөкис мәденият ҳәм көркем өнер колледжиниң сүўретлеў өнери бөлими 3-басқыш оқыўшысы Ҳүрлиман Қуўанышбаева жақында Ташкент қаласында өткерилген «Миллий ҳәм этнографиялық көркем либаслар» дизайнери кәсиби бойынша «Кәсиплик шеберлик» таңлаўының Республикалық басқышының  2-орын жеңимпазы болып қайтты.

– Таңлаўға республикамыздағы барлық қала ҳәм ўәлаятлардан 20ға жақын талабанлар қатнасты. Самарқанд ҳәм Ташкенттен келген қатнасыўшылардың этнолибаслары менде үлкен қызығыўшылық оятты. Олар менен пикир алмастық, дослар арттырдық. Мен Миллий ҳәм этно ҳаял-қызлар кийимлери менен қатнастым, –  дейди таңлаў жеңимпазы Ҳ.Қуўанышбаева. Кишкенелигимнен бисер тоқыўға қызыққанман. Усы қызығыўшылығым арқасында  тигиншилик, тоқымашылық, кестешиликти де үйрендим.  Дизайнерлик бойынша устазым Айсулыў Сержанова менен бирге ислесип атырман. Жақында «Нафосат-2017» таңлаўының миллий ҳәм заманагөй либаслар дизайнери ҳәм модельери номинациясы бойынша жеңимпаз болдым. Бунда устазымның мийнетлери айрықша деп ойлайман. Келешекте қарақалпақ миллий ҳаял-қызлар кийимлерин заманагөйлестирип бойынша дизайнер болыў нийетиндемен.

 

Тәрбия СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлиги хабаршысы