Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 13-ноябрь күни Орайлық Азия регионаллық экономикалық бирге ислесиў бағдарламасының министрлер дәрежесиндеги конференциясы илажларында қатнасыў ушын мәмлекетимизге келген Азия раўажланыў банкиниң президенти Такехико Накао басшылығындағы делегацияны қабыл етти.

Ушырасыўда мәмлекетимиз басшысы ең тийкарғы социаллық-экономикалық реформаларды алға қойыўда Өзбекстанның жетекши ҳәм исенимли шериги болған бул белгили халықаралық финанслық институт пенен өз-ара пайдалы қатнасықлардың раўажланыў динамикасын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекетимизде Азия раўажланыў банкиниң қатнасыўындағы жойбарларды ислеп шығыў сапасы ҳәм әмелге асырыў тезлиги сезилерли дәрежеде артқаны айрықша атап өтилди.

Бүгинги күнде еки тәреплеме бирге ислесиў елимиз экономикасының барлық әҳмийетли тармақларын қамтып алған ҳалда әмелге асырылған ҳәм даўам етип атырған, улыўма баҳасы дерлик 8 миллиард доллар болған 60 тан аслам жойбарды өз ишине алады. Банктиң 2019-2023-жылларда Өзбекстан менен шерикликти кеңейтиў бойынша қаржыландырыў көлеми 5 миллиард доллардан асатуғын жаңа стратегиясы қабыл етилди.

Ушырасыўда өз-ара бирге ислесиўдиң перспективалары ҳәр тәреплеме көрип шығылды. Мәмлекетимизде ирригациялық-дренаж ҳәм автомобиль жоллары инфраструктурасын модернизациялаў, соның ишинде, басқарыў системасын жетилистириў, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерин енгизиў, кадрларды таярлаў ҳәм басқа да мәселелерге байланыслы узақ мүддетли стратегиялық ҳәм бағдарламалық ҳүжжетлерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыўға итибар қаратылды.

Регионаллық көлемдеги, бәринен бурын, транспорт жолларын раўажландырыў, энергетика инфраструктурасын модернизациялаў, экологиялық машқалаларды шешиў бойынша жойбарларды алға қойыў айрықша әҳмийетке ийе екени атап өтилди.

Азия раўажланыў банки баслығы Өзбекстан менен бирге ислесиўдиң бүгинги дәрежесин ҳәм нәтийжелилигин жоқары баҳалады. сондай-ақ, мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларды толық қоллап-қуўатлайтуғынын атап өтти.

Такехико Накао банк буннан былай да мәмлекетимиздиң турақлы раўажланыў жолындағы мақсет ҳәм ўазыйпаларға ерисиўинде тийкарғы шерик болып қалыў тилегинде екенин билдирди.

ӨзА