Facebook компаниясы өзиниң социаллық тармағында, мессенджеринде, Instagram ҳәм WhatsApp  қосымшасында ислейтуғын Facebook Pay  электрон төлем системасын иске қосты. Бул ҳаққында компания блогында мәлим етти, деп жазады kun.uz сайты.

Сервис АҚШта Facebook ҳәм мессенджер ушын ойынлардың ишинде сатып алыў, илажлар ушын билетлер сатып алыў, пайдаланыўшылар арасында ақша өткериў ҳәм қайырқомлық мақсетлерге ақша жыйнаў имканиятын береди. Компания кейин ала оның Instagram ҳәм WhatsApp’та  да ислеўин тәмийинлеўди режелестирген.

Facebook Pay хызметин қосымша қурылмалары ямаса социаллық тармақтың сайты арқалы иске қосыў мүмкин. Система көпшилик кредит ҳәм дебет карталары және PayPal системасы менен ислейди.

Еслетип өтемиз, ҳәзирше Facebook Pay тек ғана АҚШта ислейди

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги