Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Мен усы жылы студент болдым. Топарымыздағы қызлар менен сайлаўға байланыслы мәселелерге қызығып, газеталарда ҳәм рәсмий сайтларда сайлаў нызамшылығына арналған мақалаларды оқып, телевидениеде берилген көрсетиўлерди бақлап бармақтамыз.

Шынында да, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслерине быйыл болып өтетуғын сайлаўларға қызғын таярлық көрилип атыр.

Берилген материаллардан сайлаў системасының ҳуқықый тийкарлары, Конституциямызда ҳәм Сайлаў Кодексинде белгилеп берилгенлигин, нызамшылығымыз барлық пуқаралардың тең сайлаў хуқықларын кепиллейтуғынлығын билемиз.

Сайлаў куни 18 жасқа толған Өзбекстан Республикасының барлық пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе.

Өз талабанларын депутатлыққа усынып атырған барлық сиясий партиялар да сайлаўалды үгит-нәсият жумысларын қызғын алып бармақта, деп ойлайман. Нөкис қаласындағы бир қатар орынларда, соның ишинде, институтымызда да сайлаў нызамшылығы бойынша түсиник бериў мәселелерине бағышланған көплеген илажлар өткерилди. Оларға қатнасып, усы илажларда шығып сөйлеген қәнигелердиң сөзлери ҳәм оқып атырған мақалаларымыз арқалы өзимизге тийисли керекли мағлыўматларды алып атырмыз.

Атап айтқанда, даўыс бериў ўақты ҳәм орны туўралы участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде 10 күн алдын хабардар ететуғынлығы, сайлаў 22-декабрьде саат 08.00 ден 20.00 ге шекем өткерилетуғынлығы, сайлаўшы участкалық сайлаў комиссиясының ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетип, сайлаўшылар дизимине қол қойғаннан соң оған сайлаў бюллетени берилетуғынлығы, егер сайлаўға қатнасатуғын пуқараның фамилиясы сайлаўшылар дизиминде болмаса, сайлаўшы шахсы, пуқаралығы ҳәм жасаў орнын тастыйықлайтуғын ҳүжжети тийкарында сайлаўшылар дизиминиң қосымшасына киргизилип, оған сайлаў бюллетени берилетуғынлығын билемиз. Ал егер, даўыс бериў ўақтында сайлаў бюллетени бузып қойылса сайлаўшының өтинишине бола жаңасына алмастырылыўы мүмкин. Даўыс бериў кабинасына сайлаўшының тек өзи кириўге рухсат етиледи.

Барлық сайлаўшылар, әлбетте, келешегимизди еле де айдын, турмысымызды буннан да жақсы ететуғын нызамларды шығырыўда, қарарларды қабыл етиўде қатнасатуғын депутатларды, яғный, сайлаўшылар тәрепинен сайланған халық ўәкиллериниң шынында да депутатлыққа ылайық болыўын қәлейди.

Мен быйыл биринши мәрте сайлаўда қатнаспақшыман. Өзим сыяқлы биринши мәрте сайлаўларға қатнасатуғын басқа жаслар да онда белсендилик көрсететуғынлығына исенемен.

 

Бийбинур Сабирова,

Әжинияз атындағы НМПИдиң

Мектепке шекемги билимлендириў факультетиниң студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.