Мүнәсибет

-Мәмлекетимиздиң жоқары дәрежедеги сыйлығына ылайық көрилгенимди еситип, кеўлим шад болды. Елеге шекем қутлықлап, қоңыраўлар болып атыр. Кәсибим себепли усындай итибарға ылайық көрилдим. Бүгин ҳадал мийнет етемен, өз билимим ҳәм күш ғайратымды ел-халқыма бағышлайман, деген инсан ушын елимизде барлық шараятлар жаратылмақта. Мәселен, мәмлекетимиздиң узақ ҳәм шетки аймағы болыўына қарамастан, Мойнақ районы да барған сайын гүлленип, гөззал түске енбекте. Районның орайы ҳәм аўылларында жаңадан-жаңа инфраструктуралық объектлер қурылмақта. Бул жаңаланыўлар процесинде медициналық мәкемелер де заманагөйлесип бармақта. Кейинги жылларда районлық медицина бирлеспесиниң терапия ҳәм жуқпалы кеселликлер бөлими түп-тийкарынан реконструкциядан шығарылды. Ҳәзирги ўақытта қалған бөлимлерде де оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бундай имканиятлар бизлерди жаңа шеклерди ийелеўге, ел-халқымызға мүнәсип хызмет етиўге  ийтермелейди.

Жамила ДАВЛЕТОВА,

Мойнақ районы медициналық бирлеспеси баслығының

 емлеў ислери бойынша орынбасары,

«Дўстлик» ордениниң ийеси

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги