Бүгинги күнде аймақлардың экспорт потенциалын арттырыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар нәтийжесинде, экспортты әмелге асыратуғын кәрханалар күннен-күнге артып бармақда.

Бул бағдарда, бажыхана хызметкерлери экспортшы кәрхана ўәкиллери менен ушырасып, бар машқалаларды үйрениў, оларға сыртқы экономикалық жумысларды әмелге асырыўда жаратылып атырған қолайлықлар ҳәм еркинликлер бойынша әмелдеги нызамшылық шеңберинде түсиниклер бериў бойынша орынларда ушырасыўлар өткерилмекте.

Бажыханашылар тәрепинен өткерилген усындай ушырасыўлардың бири Қанлыкөл районында жайласқан “KANTEKS INVEST” жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болып өтти.

«Қоңырат» сыртқы экономикалық байланыслар бажыхана посты хызметкерлери кәрханада болып, жәмийеттиң жумыслары менен жақыннан танысты. Кәрхана жумысшыларына Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 24-майдағы «Экспорт жумысларын қаржыландырыў ҳәм қамсызландырыўды қорғаў механизмлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында экспортты қаржыландырыў бойынша толық түсиниклер берилди.

– Тийкарынан, пахта шийки затынан жип ислеп шығарыўға қәнигелестирилген бул кәрханада 450 адам жумыс ислемекте,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының Баспасөз хызмети инспекторы М.Чимбергенова. – Улыўма көлеми 20 миллион АҚШ долларына тең болған жәмийеттиң жыллық өндирислик қуўатлылығы 25 миллион АҚШ долларын қурап, бул жерде жылына 10 мың тонна жип ислеп шығарыў жолға қойылған.

Кәрхана өнимлери Россия, Түркия, Польша ҳәм Украина мәмлекетлерине экспорт етиледи. Бул процессте бажыхана уйымы хызметкерлери тәрепинен исбилерменлерге әмелий жәрдем көрсетилип келинбекте.

Ушырасыў даўамында, кәрхана ўәкиллери өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.