Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзбекстанның сайлаў нызамшылығы жоқары демократиялық стандартларға сәйкес болып, БМШ, ЕҚБШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлердиң талапларына толық жуўап береди.

Сайлаў системасының ҳуқықый тийкарлары Конституциямызда ҳәм Сайлаў Кодексинде белгилеп берилген. Нызамшылығымыз барлық пуқаралардың тең сайлаў хуқықларын кепиллейди. Онда демократиялық сайлаўларды өткериўдиң анық тәртиби белгиленген болып, сайлаў системасының барлық тәреплери қамтып алынған.

Конституциямыздың 117-статьясына муўапық, сайлаўда ҳәр бир сайлаўшының даўыс бериў ҳуқықын, өз ерк-ықрарын билдириўи ҳәм теңлиги нызам менен кепилленеди. Сайлаў Кодексине муўапық, барлық пуқаралар улыўма, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында сайлаўларда қатнасыў ҳуқықына ийе болып, сайлаўлар ашық-айдын болыўы белгиленген.

Улыўма сайлаў хуқықы дегенимиз – сайлаў куни 18 жасқа толған Өзбекстан Республикасының пуқаралары сайлаў ҳуқықына ийе екенлигин аңлатады. Тең сайлаў ҳуқықы – ҳәр бир сайлаўшының бир даўысқа ийе екенлигин, жасырын даўыс бериў ҳуқықы – сайлаўшының ерк-ықрарын қадағалаўға жол қойылмайтуғынлығын билдиреди. Сайлаў нызамшылығымыздағы және бир демократиялық норма бул мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықы болып есапланады. Сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе емес сайлаўшы мүддетинен алдын даўыс бериў ҳуқықына ийе. Мүддетинен алдын даўыс бериў сайлаўға он күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға үш күн қалғанда тамамланады.

Сондай-ақ, сайлаўшылар сайлаў процесине байланыслы мағлыўматлардан хабардар болып барыўға ҳақылы. Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўди сайлаў комиссиялары ашық-айдын әмелге асырыўы керек. Сайлаўшылар сайлаўшылардың дизими менен танысыўы ҳәм егер онда кемшиликлер болса, тийисли участкалық сайлаў комиссиясына мүрәжат етиўи мүмкин. Участкалық сайлаў комиссиясы болса, мүрәжатты 24 саат ишинде көрип шығыўы ҳәм тийисли жуўап бериўи шәрт.

Мәмлекетимиздеги сайлаў системасында сайлаўшыларға өз пикирин еркин билдириў, сайлаўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеў бойынша көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Инаятулла Раметуллаев,

Бердақ атындағы ҚМУдың

юридика факультети студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.