Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейи алдында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы  Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Бирмиз. Қолды қолға беремиз!» сүрени астында гезектеги үгит-нәсият илажы өткерилди.

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен жәрияланған «Сайлаў нызамшылығы айлығы» шеңберинде өткерилген илажда  Қарақалпақстан  Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслердиң депутатлары, партиядан депутатлыққа усынылған талабанлар, партия белсендилери, жазыўшы ҳәм шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери, жаслар, кең жәмийетшилик ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда атап өтилгениндей, сайлаўлар демократиялық ҳуқықый мәмлекеттиң ажыралмас белгиси, халқымыздың өз ерк-ықрарын билдириўи, пуқаралардың мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумысларда қатнасыўының тийкарғы шәрти болып табылады. Елимизде басқышпа-басқыш ҳәм избе-из әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесинде ең жоқары демократиялық талаплар ҳәм улыўма тән алынған халықаралық стандартларға сай жаңа Сайлаў кодекси қабыл етилди. Нәтийжеде, усы кодексте белгилеп қойылған ҳәр кимниң мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына сайлаў ҳәм сайланыў ҳуқықын тәмийинлейтуғын сайлаў системасы жаратылды.

Илажда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей, бул сиясий процесс мәмлекетимиздиң ҳәм халқымыздың тәғдири менен тиккелей байланыслы екенлигин ҳәр бир ўатанласымыз терең аңламақта. Бундай сайлаў ҳәм сайлаўалды үгит-нәсият илажлары партиялардың бағдарламаларында алға қойылған тийкарғы бағдарлар менен олардың мақсет-ўазыйпаларын пуқараларға жеткериўге хызмет етеди. Бул болса, халқымыздың болажақ сайлаўларға жуўапкершилик пенен қараўын ҳәм сайлаў процесинде саналы түрде ҳәрекет етиўин тәмийинлейди.

Илаж ақырында партиядан Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасы депутатлығына усынылған талабанлар таныстырылды. Сондай-ақ, бир қатар көркем өнер ғайраткерлери ҳәм спортшыларға партия қатарына қабыл етилгенлиги ҳаққында ағзалық гүўалықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды. Үгит-нәсият илажы шеңберинде өнерментшилик өнимлериниң көргизбеси, сиясатшылар, спортшылар, көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыўлар өткерилип, қатнасыўшыларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги