Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Беруний районындағы дем алыў бағында «Адолат» СДП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен «Биз коррупцияға қарсымыз!» атамасында митинг шөлкемлестирилди. Оған кең жәмийетшилик ўәкиллери – ветеранлар, студент-жаслар, ҳаял-қызлар ҳәм басқа да аймақ турғынлары қатнасты.

Илажда шығып сөйлегенлер быйылғы сайлаўлардағы әҳмийетли ўазыйпаларға, соның ишинде, коррупцияны  сапластырыў, суд-ҳуқық системасындағы реформаларды еле де тереңлестириў ҳәм халыққа көрсетилип атырған медициналық хызметтиң бийпул болыўына ерисиўде партияның алдында турған ўазыйпаларға кеңнен тоқтап өтти.

Акция шеңберинде партия тәрепинен әмелге асырылып атырған жумысларға байланыслы мағлыўматлар берилип, интерактив ойынлар, саўғалы викториналар шөлкемлестирилди. Жеңимпазлар естелик саўғалары менен сыйлықланып барылды.

Илажда концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.