Кеше социаллық тармақларда Нөкис қаласы, Беруний көшесинде қарама-қарсы тәрепке ҳәрекетленген Cobalt маркалы автотранспорт қуралының видео көриниси тарқалған еди. Бул жағдай бойынша ҚР ИИМ ЖҲҚБ Баспасөз топары хызмети рәсмий мағлыўмат берди.

2019-жыл 24-август күни Нөкис қаласы Беруний көшесинде Cobalt маркалы мәмлекетлик белгиси 95 Z 177 GA болған автомашинаны Нөкис қаласы, 61 квартал,  4-жайдиң 14-квартирасында жасаўшы, 1990-жылы туўылған пуқара Қосбергенов Тимур Муратбаевич басқарғанлығы анықланды ҳәм автомашина ўақтынша сақлаў жәрийма майданшасына қойылып, қарама-қарсы тәрепке ҳәрекетленип, басқа транспорт қуралларына авариялық жағдайды келтирип шығарғаны ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 24-декабрьдеги 370-санлы қарарының Жол ҳәрекети қағыйдалары ҳаққындағы режесиниң 2-бәнтине тийкарланып ҳәкимшилик протоколы дүзилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги