Ҳаялын өлтирген шахс өз жанына қастыянлық етти. Бул ҳаққында Бас прокуратураның жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлими баслығы хабар берди, деп жазады xs.uz сайты.

2019-жыл 12-ноябрьде саат 00-10 ларда Самарқанд ўәлаяты, Ақдәрья районының Бошдархон мәҳәллесиниң турғыны, жеке исбилермен 1986-жылы туўылған Т.Хамид ҳаялы (В.Диларам 1994-жылы туўылған) менен өз-ара жәнжеллесип, оны қоллары менен буўып өлтирген, кейин өз үйинде арқан менен өзин асып, жанына қастыянлық еткен.

Жүз берген жағдай бойынша Ақдәрья районлық прокуратурасы тәрепинен ЖКниң 97-статьясы 2-бөлими «б» бәнти менен жынайый ис ашылған.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги