Республика Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен усы жыл 11-ноябрь күни regulation.gov.uz порталына Өзбекстантемеки өнимлери ҳаққындағы улыўмалық техникалық регламентке өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы қарардың жойбары додалаўға қойылды, деп жазады aniq.uz сайты.

Жойбарға бола, темеки өнимлериниң ҳәр еки тәрепинде усы өнимниң зыяны себепли келип шыққан, ҳәр түрли қорқынышлы кеселликлердиң сүўретлери жайластырылыўы керек.  Сүўретке өзбек ҳәм рус тиллеринде кеселликлердиң аты да қосымша етиледи. Кеселликлер сәўлеленген сүўретлер ҳәр 5 жылда бир рет жаңаланып турыўы керек екенлиги белгиленген.

Қарардың жойбары усы жылдың 26-ноябрь сәнесине шекем додалаў ушын ашық турады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги