24-ноябрь күни Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспесиниң мәжилислер залында бирлеспе белсендилериниң Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, басқа да министрликлер, мәкеме, шөлкем ҳәм басқармалардың ўәкиллери менен биргеликте «Мийнет саласында зәрүр әҳмийетке ийе мәселелер» атамасында дөгерек сәўбети шөлкемлестирилди.

Илажға министрликлер менен ведомстволардан, мәкеме-шөлкемлерден кәсиплик аўқам белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Шығып сөйлеўшилердиң атап өткениндей, елимизде социаллық-экономикалық раўажланыў процесслеринде халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, турақ жайлар қурылысы, абаданластырыў бағдарында, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм басқа да тараўларды реформалаў бойынша нәтийжели жумыслар алып барылмақта. Бунда Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинети, Өзбекистан кәсиплик аўқамлары Федерациясы Кеңеси ҳәм Өзбекистан Саўда-санаат палатасы арасында дүзилген Бас Келисим үлкен әҳмийетке ийе болмақта.

– Бас Келисимде тийкарғы итибар реформаларды еле де тереңлестириўге, улыўма экономикалық жағдайды жақсылаўға, халықтың социаллық қорғалыўын күшейтиўге, киши бизнести раўажландырыўдың есабынан халық бәнтлигиниң жоқары дәрежесин сақлап қалыўға және дәраматларын көбейтиўге қаратылды болып табылады, – дейди Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси Кеңеси баслығының орынбасары М.Данияров. – Сондай-ақ, бул ҳүжжет шеңберинде аймақлық келисим қабыл етилип, бул – мийнеткешлердиң социаллық-экономикалық мәплерин буннан былай да нәтийжели қорғаўда, орынлардағы жәмәәтлик шәртнамалардың мазмунын байытыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Илажда белсендилер жумысларды нәтийжели ҳәм өз ўақтында орынлаўға келисип алды.

М.ИГИЛИКОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы