USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 28 Март

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ОРАЙЛЫҚ АЗИЯ – ЕВРАЗИЯ РЕГИОНЫНДАҒЫ АЙРЫҚША ӘҲМИЙЕТКЕ ИЙЕ АЙМАҚ

Самарқанд қаласындағы Форумлар комплексинде 10-11-ноябрь күнлери «Валдай» халықаралық дискуссия клубының Х Азия конференциясы болып өтти.

2004-жылда шөлкемлестирилген «Валдай» дискуссия клубы белгили халықаралық экспертлердиң россиялы илимпазлар, сиясатшылар ҳәм мәмлекетлик ғайраткерлер менен ушырасыўлары ушын қолайлы платформа сыпатында атап өтиледи. Клубтың бүгинги күндеги жумысы тийкарынан глобал сиясий ҳәм экономикалық процесслерди изертлеўге бағдарланған.

Шөлкемлестирилгеннен берли клуб жумысында 74 мәмлекеттен мыңнан аслам эксперт қатнасқан. Жас болыўына қарамастан, бул дискуссия майданы халықаралық экспертлер жәмийетшилиги тәрепинен ең абырайлы структуралардан бири сыпатында тән алынған.

3.JPG

«Валдай» клубының илажларында дүньяға белгили бир тәсир күши ҳәм шеңберине ийе күшли экспертлер, таллаўшылар ҳәм қәнигелер топланады. Олар әҳмийетли машқалалардың шешими бойынша қарарларды ислеп шығыў процесинде қатнасады, жәҳән экономикасы ҳәм сиясатының әҳмийетли мәселелерине байланыслы усынысларды талқылайды.

Мәмлекетимизде жетекши изертлеў орайы, халықаралық сиясат экономика ҳәм қәўипсизлик мәселелерине қәнигелескен Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты «Валдай» клубының Х Азия конференциясын шөлкемлестириў ҳәм өткериўде усы структура менен жақыннан бирге ислести.

«Орайлық Азия ҳәм Евразия: глобал тәртипсизликлердиң алдын алыў бойынша кең көлемли бирге ислесиў» темасындағы әнжуманға 11 мәмлекет, соның ишинде, Өзбекстан, Россия, Қытай, Германия, Япония, Швеция, Ҳиндстан, Филиппин, Қазақстан, Қырғызстан ҳәм Тәжикстаннан 80 нен аслам белгили экспертлер қатнасты.

7.JPG

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң әнжуман қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Қәўипсизлик кеңесиниң хаткери В.Маҳмудов оқып еситтирди.

Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаў сөзинде атап өтилгениндей, Орайлық Азия Евразия мәканы ҳәм, улыўма, геосиясатта барған сайын әҳмийетли орынға ийе болмақта. Қысқа ўақыт ишинде Орайлық Азия халықларының биргеликтеги ҳәрекети себепли регионда пүткиллей жаңа дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў орталығын жаратыўға ерисилди. Сиясий исеним жоқары дәрежеге көтерилди. Бул болса бүгинги күнде региондағы турмыслық әҳмийетли машқалаларды нәтийжели шешиў имканиятын бермекте. Өзбекстан Республикасы көп тәреплеме регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң тәрепдары.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путинниң әнжуман қатнасыўшыларына жоллаған қутлықлаўын Россия Федерациясының Өзбекстандағы Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси В.Тюрденев оқып еситтирди.

10.JPG

Россия Федерациясы Президенти өз қутлықлаўында Россия регионның барлық мәмлекетлери менен өз-ара әмелий тең ҳуқықлы тийкарда бирге ислесиўге таяр екенлигин билдирип, Евразия регионындағы тынышлық ҳәм абаданлық глобал көлемдеги қәўипсизлик ҳәм турақлылықтың әҳмийетли шәрти екени ҳаққындағы пикирге сүйенетуғынын атап өткен.

Экспертлер конференция сессияларында Орайлық Азия ҳәм Евразияның заманагөй дүньяда тутқан орны, регионаллық бирге ислесиў, қәўипсизлик, Азия ҳәм Евразияның келешегине мүнәсибет, макрорегионлардың қәлиплесиўи ҳәм басқа да әҳмийетли темалар бойынша өз-ара пикир алысты. Регионның қәўипсизлик мәселелерин шешиў ҳәм узақ мүддетли мақсетлерге ерисиўге жәрдемлесиўи мүмкин болған көп тәреплеме бирге ислесиўди жеделлестириў имканиятлары додаланды.

– Самарқанд әнжуманы регион ушын әҳмийетли болған, халықаралық дәрежеде ажыралып туратуғын мәселелерге байланыслы темаларды қамтып алған, – деди «Валдай» халықаралық дискуссия клубын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў фонды директорының илимий ислер бойынша орынбасары Фёдор Лукьянов. Аймақлар бир-бирин ажыратып турса да, биз ушын ҳәзирги ўақытта Узақ ҳәм Жақын Шығыс пенен байланыслы машқалалар айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Россия Евразиядағы мәмлекетлер менен өз-ара қатнасықлардан үзилип раўажлана алмайды. Ҳәзирги процессте өзбекстанлы кәсиплеслеримиз бенен жақсы қатнасықтың жолға қойылыўы биз ушын оғада пайдалы. Регионның орайында жайласқан Өзбекстан менен кең көлемли бирге ислесиў бар машқалаларды унамлы шешиўде  айрықша әҳмийетке ийе. «Валдай» конференциясы буның ушын қолайлы имканият болып есапланады.

13.JPG

Әнжуманның Өзбекстан-Россия арнаўлы сессиясы алдынан Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институтының директоры Э.Орипов және «Валдай» халықаралық дискуссия клубын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў фонды кеңесиниң баслығы А.Быстрицкий арасында ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда еки мәмлекеттиң экспертлери арасындағы бирге ислесиўди, халықаралық ҳәм регионалараралық изертлеўлер тараўындағы байланысларды жеделлестириўге келисип алынды. Өзбекстан интеллектуал топарларының ўәкиллери буннан былай «Валдай» халықаралық дискуссия клубының илажларында, сондай-ақ, келешекте биргеликте әмелге асырылатуғын мақсетли жойбарларға турақлы түрде қатнасатуғыны атап өтилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стартегиялық ҳәм регионлараралық изертлеўлер институты және «Валдай» халықаралық дискуссия клубын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў фонды арасында өз-ара бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге қол қойылды.

21.JPG

– Өзбекстан тек ғана регионда емес, ал сырт мәмлекетлер менен де сиясий келисимлерди алға қойыў имканиятларынан нәтийжели пайдаланбақта, – деди Россия Илимлер академиясы Е.Примаков атындағы Жәҳән экономика ҳәм халықаралық қатнасықлар институтының «Жақын Шығысты изертлеў орайы» лабораториясының баслығы Ирина Звегельская. – Барлық мәмлекетлер менен өз-ара пайдалы байланысларды сақлаў ҳәм раўажландырыўға умтылмақта, соның ишинде, Россия менен де. Ҳәзирги күнде мәмлекетлеримиз арасында 27 миллиард долларлық еки тәреплеме келисимлер бар. Өзбекстанда 1000 нан аслам Россия кәрханасы жумыс алып бармақта. Илимий ҳәм билимлендириў бағдарларында сезилерли нәтийжелерге ерисилди. Жүзеге келген қатнасықларда еки тәреплеме мәплерди ҳүрмет етиў ҳәм өз-ара исеним дәрежеси оғада жоқары.

Әнжуманның жуўмағында Өзбекстан Республикасы Президенти жанындағы Стратегиялық ҳәм регионлараралық изертлеў институтының директоры Э.Орипов және «Валдай» халықаралық дискуссия клубын раўажландырыў ҳәм қоллап-қуўатлаў фонды кеңесиниң баслығы А.Быстрицикий еки күн даўамында сессияларда додаланған мәселелер ҳәм олардың әҳмийети ҳаққында сөз етти.

– Еки күнлик әнжуманда регионда турақлылықты тәмийинлеў, Евразия мәмлекетлери арасындағы байланысларды беккемлеў бойынша әҳмийетли пикирлер ортаға тасланды, – деди Э. Орипов. – Орайлық Азия ҳаққында, региондағы мәмлекетлер арасында кейинги жылларда жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў байланысларының күшейгени ҳаққында пикирлер билдирилди, Орайлық Азия мәмлекетлеринде шегараларды делимитациялаў ҳәм демаркациялаў, суў ресурсларынан пайдаланыў, транспорт коммуникация системалары бойынша қолда бар мәселелерге шешим табылды. Шегаралар ашылып, адамлардың бир мәмлекеттен екиншисине өтип-қайтыўы аңсатласты. Бул өз-өзинен, мәмлекетлер арасындағы саўда-экономикалық байланыслардың кеңейиўине хызмет етеди. Ҳәзир региондағы мәмлекетлер бул қатнасықты буннан былай да раўажландырыўға ҳәрекет етпекте.

23.JPG

– Бүгин Азия мәмлекетлери жәҳән сиясаты ҳәм экономикасында да әҳмийетли орынды ийелемекте, – деди А.Быстрицкий. – Соның менен бирге регионда глобал қәўип-қәтерлердиң алдын алыў бойынша да әҳмийетли ўазыйпалар тур. «Валдай» халықаралық дискуссия клубының Х Азия конференциясында бул ҳаққында кең ҳәм ҳәр тәреплеме пикир алыстық. Бирақ барлық мәселелерди бир конференция шеңберинде додалаўдың имканияты жоқ. Сол себепли бул бағдарда келешекте де бирге ислесиўге, биргеликте изертлеўлер алып барыўға келисип алдық. Самарқанд әнжуманы клубымыздың жумысында айрықша әҳмийетке ийе болатуғын, тарийхый илаж болды, деп айтыўға толық тийкарымыз бар.

Халықаралық конференцияның қатнасыўшылары илаж шеңберинде Самарқанд қаласындағы тарийхый-мәдений естеликлер, дыққатқа ылайықлы орынлар менен жақыннан танысты.

 

Ғолиб ҲАСАНОВ,

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршылары