Әзиз дослар!

Сизлерди «Валдай»  халықаралық дискуссия клубы Х Азия конференциясының ашылыўы мүнәсибети менен қутлықлайман.

Өзбекстанның әййемги ҳәм гөззал қалаларынан бири болған Самарқандта өткерилип атырған бул абырайлы әнжуман «Валдай» клубында Шығыс жылы бағдарламасына жуўмақ жасайды.

Халықаралық экспертлер жәмийети тәрепинен Азияға қаратылып атырған итибар ҳақықыйқатында да тийкарлы болып – ең үлкен ҳәм дүньяда халқы тығыз жайласқан бул регионның дүнья сиясаты ҳәм ҳәм экономикасындағы орны барған сайын күшейип бармақта. Бул жерде транспорт, коммуникация ҳәм энергетика инфраструктурасы, жоқары технологиялар ҳәм фендаменталь илим жеделлик пенен раўажланбақта.

Конференция әҳмийетли темаға – глобал қәўип-қәтерлер шараятында Орайлық Азияда ҳәм пүткил Евразия регионында көп тәреплеме бирге ислесиў имканиятларына бағышланған. Сизиң алдыңызда бар регионаллық бирлеспелер жумысының түрли тәреплерин көрип шығыў интеграция процесслериниң ҳәзирги жағдайын ҳәм перспективаларын, сондай-ақ, көп тараўларда мәмлекетлераралық кооперация потенциалын баҳалаў ўазыйпасы тур.

Россия регионның барлық мәмлекетлери менен өз-ара әмелий, тең ҳуқықлы тийкарда бирге ислесиўге таяр. Биз Евразия регионындағы тынышлық ҳәм абаданлық глобал көлемдеги қәўипсизлик ҳәм турақлылықтың тийкарғы шәрти екени ҳаққындағы пикирге сүйенемиз.

Биз ушын дос болған Өзбекстан басшылығына, конференцияға таярлық көриўге қатнасқанларға миннетдаршылық билдирген ҳалда, оның қатнасыўышларына қызықлы ҳәм нәтийжели пикир-таласларды тилеп қаламыз.

Москва, Кремль

2019-жыл 11-ноябрь