Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары ҳәм шөлкемлестириўшилери!

Әзиз дослар!

Өзбекстанда биринши мәрте «Валдай» халықаралық дискуссия клубының Х Азия коференциясы қатнасыўшылары – жетекши сиясатшылар, илимпаз ҳәм экспертлерди қабыллаў биз ушын оғада үлкен мақтаныш. Сизлерди кеңпейил ҳәм миймандос жеримизде қызғын қутлықлайман.

Бул конференцияның әсирлер даўамында Шығыс ҳәм Батыс мәдениятлары өз-ара тутасқан ҳәм бир-бирин байытқан, жаңа илимий идея ҳәм билимлер туўылған қала – Самарқандта өткерилгенинде терең мәни бар.

Дүнья цивилизациясының раўажланыўына үлкен үлес қосқан Самарқанд ҳәзирги күнде де регионаллық ҳәм глобал күн тәртибине байланыслы әҳмийетли мәселелер бойынша ашық ҳәм конструктивлик байланыс ушын өзине тән майдан ўазыйпасын атқарған ҳалда халықаралық бирге ислесиўди беккемлеўде айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Соңғы еки жылда бул жерде Орайлық Азияда қәўипсиз  ҳәм турақлы раўажланыўды тәмийинлеў бойынша халықаралық конференция, Инсан ҳуқықлары бойынша Азия форумы ҳәм регион ушын тарийхый әҳмийетке ийе жоқары дәрежедеги бир қатар басқа да илажлар табыслы өткерилди. Бул, өз гезегинде, бирге ислесиўдиң өзине тән «Самарқанд руўхын» қәлиплестириў ҳаққында сөз жүргизиў имканиятын береди.

Бүгинги ушырасыў усы жақсы дәстүрди даўам еттириўи және ашықлық ҳәм өз-ара түсинисиў руўхында өтетуғынына исенимим кәмил.

Хақылы түрде белгили ҳәм абырайлы эксперт-аналитикалық платформа есапланған «Валдай» клубының ҳәр бир мәжилиси барлық ўақытта пүткил дүнья қәнигелери ҳәм жәмийетшилиги арасында үлкен қызығыўшылықты оятатуғын айрықша ўақыя болып келген.

Мен ойлайман, Евразия регионы, соның ишинде, Орайлық Азияда жүз берип атырған қурамалы процесслерге бағышланған бүгинги дискуссия да нәтийжели болып, келешектеги өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа бағдарларын белигилеп береди.

Орайлық Азия Евразия мәканы ҳәм улыўмалық түрде алғанда, геосиясатта барған сайын әҳмийетли орын ийелемекте. Қысқа ўақыт ишинде Орайлық Азия халықларының биргеликтеги ҳәрекетлери себепли регионда пүткиллей жаңа дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм бирге ислесиў орталығын жаратыўға ерисилди.

Сиясий исеним жоқары дәрежеге көтерилди. Бул болса бүгинги күнде региондағы турмыслық әҳмийетли машқалаларды нәтийжели шешиў имканиятын бермекте. Мәмлеткетлик шегаралар, суўдан пайдаланыў, транспорт ҳәм саўда мәселелери бойынша жақсы келисимге ерисилди.

Өзбекстан Республикасы көп тәреплеме регионаллық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўдиң тәрепдары. Тийкарғы мақсетимиз Орайлық Азияны турақлы ҳәм экономикалық раўажланған регионға, тынышлық ҳәм бирге ислесиўдиң мәканына айландырыўдан ибарат.

Ҳеш гүмансыз, булардың барлығы глобал қәўипсизликти тәмийинлеўде айрықша әҳмийетке ийе болып, пүткил Евразия регионын раўажландырыўға хызмет етеди. Сондай-ақ, региондағы мәмлекетлердиң дүньядағы жетекши бирге ислесиўшилер менен, биринши гезекте, Россия менен өз-ара пайдалы ҳәм тең ҳуқықлы қатнасықларын раўажланыдырыў ушын кең имканиятларды ашып береди.

Россия Федерациясы Өзбекстанның исенимли стратегиялық шериги ҳәм аўқамласы. Әзелий дослық байланысларына тийкарланған қатнасықларымыз избе-из раўажланып, жаңа әмелий мазмун менен байымақта.

Өзбекстан саўда, санаат кооперациясы, инвестиция, инновациялар, энергетика, аўыл хожалығы тараўындағы, үлкен трансрегионаллық жойбарларды әмелге асырыў бойынша Өзбекстан –Россия бирге ислесиўиниң қолда бар потенциалын толық иске қосыўдан мәпдар. Мәденият ҳәм билимлендириў тараўларындағы байланысларды раўажландырыўға айрықша итибар қаратылмақта.

«Валдай» клубының Өзбекстандағы бүгинги ушырасыўы мәмлекетлеримиздиң исенимли байланыс ҳәм әмелий бирге ислесиўди беккемлеў және барлық дәрежелерде раўажландырыўға болған өз-ара умтылысының анық көринси болып табылады.

Ҳүрметли конференция қатнасыўшылары!

Самарқанта өткерилип атырған «Валдай» халықаралық дескуссия клубының Х Азия конференциясы мәмлекетлеримиздиң эксперт-аналитикалық жәмийетшилиги арасында жаңа, тиккелей байланысларды орнатыў, қолда барларын беккемлеўге хызмет ететуғынына гүман жоқ. Бундай ушырасыўлар турақлылықта қурылады деп ойлайман.

Конференция жумысының нәтийжели болыўын, Шығыс гәўҳары – гөззал ҳәм саўлатлы Самарқанд бенен танысыў сизлерде умытылмайтуғын тәсирлерди қалдырыўын тилеп қаламан.

 

Ташкент қаласы,

2019-жыл, 11-ноябрь