Олий Мажлис Нызамшылық палатасындағы партиялардың фракциялары «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбарын көрип шықты.

Атап айтқанда, «Адолат» социал-демократиялық партиясы фракциясының ағзалары тәрепинен атап өтилгениндей, бүгинги күнде мәмлекетимиз экономикасының тармақларын реформалаў шеңберинде экономикалық ҳәм финанслық статистика мағлыўматларынан пайдаланыў имканиятларын кеңейтиў, бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, салық жүгин азайтыўдың жаңа механизмлерин енгизиў бойынша избе-из жумыслар алып барылмақта.

Әсиресе, усы жылдан мәмлекеттиң бас финанслық ҳүжжети – Бюджетти тастыйықлаўда жаңа әмелият турмысқа енгизилмекте. Яғный бюджет нызам тәризинде тастыйықланбақта. Усы мақсетте «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызам жойбары ислеп шығылған.

2020-жылғы Мәмлекетлик бюджет қәрежетлери 131,1 триллион сумды (ЖИӨге салыстырғанда 20,1 процент) ямаса 2019-жылы тастыйықланған параметрге салыстырғанда 24,2 процентке өсиўи прогноз етилип, бул өз алдына тараўлардың раўажланыўына мақсетли қәрежетлерди арттырыў жолы менен экономикалық өсиўди хошаметлеўди тәмийинлейди. Сондай-ақ, 2020-жылы консолидацияласқан бюджет қәрежетлери 162,4 триллион сумды ямаса ЖИӨге салыстырғанда 24,8 процентти қураўы күтилмекте.

Фракция депутатларынан ибарат жумысшы топардың пикиринше, 2020-жылы да алдынғы жыллар сыяқлы Мәмлекетлик бюджетте социаллық қәрежетлердиң үстинлигин сақлап қалыў ҳәм социаллық тараўға бағдарланатуғын қаржыларға айрықша итибар қаратыў, қаржылардың нәтийжели жумсалыўында да анық система жаратыў зәрүр болады. Бул нызам жойбарының халықшыллығын ҳәм социаллық бағдарланғанлығын  тәмийинлеўге хызмет етеди.

Додалаўларда үзликсиз бирден-бир билимлендириў системасының әҳмийетли буўыны есапланатуғын мектепке шекемги, орта ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелерин қаржыландырыўда мәмлекет бас реформатор принципин сақлап қалыў керек екенлиги ҳәм бул тараўлардың раўажланыўын тәмийинлеўде оларға бағдарланып атырған қаржылардың басқышпа-басқыш арттырып барылыўын көрип шығыў да фракция депутатларының дыққат-орайында болды. Атап айтқанда, 2020-жылы Мәмлекетлик бюджеттиң жәми билимлендириў тараўының қәрежетлери 30,1 триллион сум муғдарында ямаса жәми қәрежетлердиң 22,9 процентин қураўы күтилмекте.

Фракция депутатлары усы бағдарда, әсиресе, мектепке шекемги билимлендириў тараўына айрықша итибар қаратылып атырғаны, ҳәзирги күнде Мәмлекетлик бюджеттен мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин сақлаў қәрежетлери ушын өткен жылларға салыстырғанда 2 еседен аслам қаржылар ажыратылып атырғанын атап өтти. Бул, өз гезегинде, балалардың мектепке шекемги билимлендириўге қамтып алыныў дәрежесин арттырыўға хызмет етеди, жаңадан-жаңа бақшалардың қурылыўына имканият жаратады.

Сондай-ақ, мәжилисте депутатлар тәрепинен бас финанслық ҳүжжет жойбарында денсаўлықты сақлаў системасына да үлкен итибар қаратыў мәселеси көтерилди. Онда 2020-жылы денсаўлықты сақлаў тараўының қәрежетлери 14,8 триллион сумды ямаса 2019-жылы тастыйықланған параметрлерге салыстырғанда 33,6 процентке артқан ҳалда, жәми қәрежетлердиң 11,3 процентин, ЖИӨниң болса, 2,3 процентин қурап атырғаны атап өтилди.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясының мәжилисинде атап өтилгениндей, усы жойбардың тийкарғы предмети 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети, мәмлекетлик мақсетли қорларының бюджетлери ҳәм Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының параметрлери бойынша мағлыўматлардың халықаралық стандартларға муўапық таярланыўы ҳәм белгилениўинен ибарат болып есапланады.

Сондай-ақ, 2020-жыл ушын мәмлекетлик мақсетли қорлары ҳәм Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының дәраматлар прогнозы мағлыўмат ушын қабыл етилетуғыны ҳәм олардың қәрежетлериниң тастыйықланыўы нәзерде тутылған. Қарақалпақстан Республикасының бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық жергиликли бюджетлериниң дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң прогнозлары мағлыўмат ушын қабыл етилетуғыны белгиленген.

ХДП фракциясы ағзаларының атап өтиўинше, усы нызам жойбарында белгиленген илажлар бюджеттиң орынланыўы процессин ҳәм бюджет қаржыларына ийелик етиўшилердиң жуўапкершилигин арттырыўды ҳәм мәмлекетлик бюджеттиң турақлылығын тәмийинлейди. Соның менен бирге, нызам жойбарында халықтың финанслық билимин арттырыў ҳәм бюджет процесиниң ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде нызам жойбарында бюджет процесиниң барлық қатнасыўшылары тәрепинен қаржылардан пайдаланыўға байланыслы есабатларды ҳәм салық және бажыхана жеңилликлериниң дизимин жайластырыў механизмин белгилеўши өз алдына бап келтирилген.

Буннан тысқары, бул нызам жойбарының үшинши бабында бюджетлераралық қатнасықлардың жаңа системасының енгизилетуғыны нәзерде тутылған.

Депутатлардың пикиринше, бул механизмлердиң әмелге асырылыўы бюджетлераралық қатнасықларда ашық-айдынлықты, аймақлардың социаллық-экономикалық раўажланыўын ҳәм бюджетти ислеп шығыў және оның орынланыўы үстинен парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў процесинде Олий Мажлис палаталары ҳәм халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң ролин күшейтиўге хызмет етеди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы