Усы жыл 7-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан Республикасында шарўашылық тармақларын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының мазмун-мәнисин кеңнен түсиндириў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен Қоңырат ҳәм Мойнақ районларында шарўашылық фермер хожалықлары ҳәм шарўашылық пенен шуғылланыўды қәлейтуғын шахслар менен ушырасыў шөлкемлестирилди.

Ушырасыўда атап өтилгениндей, қарар тийкарында Қарақалпақстан Республикасында шарўашылықты жедел раўажландырыў бойынша комиссия шөлкемлестирилип, оған тийкарынан шарўашылықты раўажландырыўдағы исбилерменлик басламаларын қоллап-қуўатлаў, шарўашылық тараўына халықты кеңнен тартыў, олардың шарўашылық пенен шуғылланыўы ушын қолайлы шараятлар жаратыў ўазыйпалары жүкленди.

Сондай-ақ, қарар менен Самарқанд ветеринария медицинасы институтының Нөкис филиалы жанында Ветеринария техникумы шөлкемлестириледи. Оған бола, филиал бакалавриатына 2020/2021-2022/2023-оқыў жылларында қабыллаў параметрлерин қәлиплестириўде Бозатаў, Мойнақ, Тахтакөпир ҳәм Қоңырат районларында бес жыл ислеп бериў шәрти менен усы районлар бойынша мәмлекетлик гранты тийкарында айрықша мақсетли қабыллаў көрсеткишлери нәзерде тутылады.

Ушырасыў қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, пикир-усынысларын билдирди.

 

Н.ҚУТЛЫМУРАТОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң жетекши мәсләҳәтшиси

       Қарақалпақстан хабар агентлиги