Бурын хабар берилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 10-11-октябрь күнлери Түркменстан пайтахты Ашхабад қаласында болып өткен Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Мәмлекет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилисинде қатнасты. Илажда Дослық Аўқамы шеңберинде көп тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеў ҳәм раўажландырыўға бағдарланған бир қатар ҳүжжетлер қабыл етилди. Олардың арасында ҒМДА мәмлекетлериниң стратегиялық экономикалық бирге ислесиўи ҳаққындағы декларациясы да бар.

Декларация Дослық Аўқамы шеңберинде ҳәм басқа да мәмлекетлер және халықаралық шөлкемлер менен биргеликте экономикалық байланысларды жетилистириў имканиятын беретуғын нәтийжели бирге ислесиў механизмлерин жаратыўға қаратылған. Төменде ҳүжжеттиң толық тексти берилмекте.

ҒӘРЕЗСИЗ МӘМЛЕКЕТЛЕРДИҢ ДОСЛЫҚ АЎҚАМЫНА АҒЗА МӘМЛЕКЕТЛЕРДИҢ СТРАТЕГИЯЛЫҚ ЭКОНОМИКАЛЫҚ БИРГЕ ИСЛЕСИЎИ ҲАҚҚЫНДА ДЕКЛАРАЦИЯ

Бизлер, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына (кейинги орынларда – ҒМДА, Дослық Аўқамы) ағза мәмлекетлердиң басшылары, Дослық Аўқамының ҳәм ҒМДА ағзасы болған ҳәр бир мәмлекеттиң экономикалық мәплерин әмелге асырыў, ҳәм ҒМДА шеңберинде, ҳәм регион және регионлараралық көлемде басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер менен экономикалық байланыслардың раўажланыўын жетилистириўге имканият беретуғын нәтийжели бирге ислесиў механизмлериниң жаратылыўына үлкен әҳмийет қаратып,

ҒМДАда ҳәм ҒМДАның ағзасы болған ҳәр бир мәмлекетте өз-ара экономикалық байланысларды жолға қойыў ҳәм жетилистириў бойынша бар бай тәжирийбеге сүйенген ҳалда,

халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынған ҳәм тең ҳуқықлы ғәрезсиз мәмлекетлердиң бирге ислесиўине тийкарланған дүньядағы ең ири регионаллық халықаралық шөлкемлердиң бири сыпатында,

жаңа глобаллық ҳәм регионаллық тәўекелшилик ҳәм қәўип-қәтерлердиң пайда болғанын есапқа алып,

стратегиялық экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиў, регионаллық ҳәм регионлараралық дәрежеде өз-ара бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин излеў мақсетинде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ис-ҳәрекетлерин бирлестириўге умтылып,

турақлылықты беккемлеў ҳәм үзликсиз экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў глобал тынышлық, раўажланыў ҳәм халықтың абаданлығын арттырыў, көп тәреплеме конструктивлик сөйлесиўди тоқтаўсыз кеңейтиў мақсетинде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң стратегиялық экономикалық бирге ислесиўин раўажландырыўдың және де даўам еттирилетуғынын мәлим етемиз.

ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң экономикалық бирге ислесиўиниң тийкарын Евразия регионында турақлы экономикалық өсиўдиң әҳмийетли компоненти болған тең ҳуқықлы шериклердиң беккем аўқамы қурайды. Усы аўқам Европа ҳәм Азия мәмлекетлери ушын узақ мүддетли ҳәм перспективалы экономикалық бирге ислесиўши, регионаллық әҳмийетке ийе ири энергетикалық ҳәм транспорт-транзит узели есапланады.

ҒМДАны раўажландырыў ҳәм беккемлеўде ҳәм Дослық Аўқамы шеңберинде, ҳәм жәҳән хожалығы байланыслары шеңберинде жаңа көзқарасларды ислеп шығыў, дүнья экономикасының раўажланыў процесслеринде жетекши шөлкем сыпатындағы статусын беккемлеў, бирге ислесиўдиң жаңа түрлерин излеў әҳмийетли орын ийелейди.

ҒМДАға ағза мәмлекетлер көбирек еркинлик шараятында улыўма тынышлықты беккемлеў ушын БМШтың 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў тараўындағы күн тәртибин қоллап-қуўатлайды ҳәм белсендилик пенен әмелге асырады.

Барлық имканиятлар, соның ишинде, ҒМДА шеңберинде өз-ара пайдалы бирге ислесиў ҳәм кооперациядан нәтийжели пайдаланыў ҒМДАға ағза мәмлекетлер ушын жедел экономикалық раўажланыў ҳәм олардың жәҳән хожалық системасына тәсирин күшейтиў бағдарында әмелий имканиятлар жаратады.

ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң стратегиялық экономикалық бирге ислесиўи халықаралық шәртнамаларға, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң нызамшылығына әмел етиўге, өз-ара мәпдарлыққа, тең ҳуқықлылық ҳәм кемситпеўге, транспарентлиликке, экономикалық нәтийжелиликке, ресурсларды үнемлеўге, экологиялық қәўипсизлик ҳәм жоқары технологиялардан пайдаланыўға тийкарланады.

ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң стратегиялық экономикалық бирге ислесиўиниң мақсетлери төмендегише: Дослық Аўқамының фунадементальлық тийкарларын және де беккемлеў, оның ири транспорт ҳәм энергетикалық жойбарлар әмелге асырылатуғын, заманагөй инфраструктура, коммуникациялар, халықаралық транспорт коридорлары, регионлараралық ҳәм глобаллық көлемдеги логистикалық орайлар жаратылатуғын жер сыпатында жәҳән хожалық байланысларына интеграциясы (барлық ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң интеграциясы сыяқлы); Дослық Аўқамының экономикалық потенциалын қатаң тәризде арттырыў ҳәм оның негизинде ҒМДАға ағза ҳәр бир мәмлекеттиң нәтийжели раўажланыўы ҳәм турақлы экономикалық өсиўин, соның ишинде, кәмбағаллықтың азайыўын, жумыссызлық машқаласын шешиўди; ҒМДАның халықаралық абырайын арттырыў, халықларының мәпи жолында ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң бир-бириниң орнын басыўын ҳәм экономикалық потенциалын күшейтиўди тәмийинлейди.

ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң стратегиялық экономикалық бирге ислесиўиниң ўазыйпалары сыпатында төмендегилер белгиленген:

экономикалық аймақларды раўажландырыў бойынша қоспа глобаллық ҳәм инвестициялық жойбар менен бағдарламаларды алға қойыў арқалы Дослық Аўқамы ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң тәсирин кеңейтиў;

БМШтың 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў тараўындағы күн тәртибин әмелге асырыў мақсетинде ҒМДАға ағза мәмлекетлер ҳәм үшинши мәмлекетлер ҳәм/ямаса абырайлы халықаралық шөлкемлердиң экономикалық мәпдарлығына тийкарланған нәтийжели бирге ислесиў механизмлерин жаратыў;

стратегиялық экономикалық бирге ислесиў ушын қолайлы шараятларды қәлиплестириў, раўажланыў бойынша қоспа глобаллық ҳәм инвестициялық жойбар менен бағдарламаларды әмелге асырыўда ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң потенциаллы имканиятларын бирлестириў ҳәм соның менен бирге экологиялық машқалаларды шешиў;

инновациялар ҳәм нанотехнологиялардан кеңнен пайдаланыў, бар тәбийғый ҳәм экономикалық ресурслардан комплексли тәризде пайдаланыў, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаў бойынша ис-ҳәрекетлерди бирлестириў, жәҳән экономикасы системасында бирге ислесиў түрлерин көбейтиў ҳәм шериклик байланысларын тәмийинлеў арқалы ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў;

жәҳән транспорт системасына изб-излик пенен интеграцияласыў ҳәм халықаралық транспорт коридорлары, Шығыс-Батыс ҳәм Арқа-Қубла бағдарларындағы тийкарғы маршрутлар ҳәм узеллер бойлап ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң миллий инфраструктурасын және де раўажландырыў;

ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң географиялық ҳәм инфраструктуралық имканиятларын, техникалық, технологиялық ҳәм транзит потенциалын бирлестириў;

Дослық Аўқамының аймағында финанслық турақлылықты тәмийинлеў ҳәм беккемлеў;

соның ишинде, глобаллық дәрежеде экономикалық турақлылықты беккемлеў, халықаралық қәўипсизликти тәмийинлеў мақсетинде коррупцияға, жынайый дәраматларды легалластырыў ҳәм терроршылықты қаржыландырыўға, басқа да қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў;

глобалласыў себепли жүзеге келген машқалаларды биргеликте шешиўде жоқары дәрежели нәтийжелиликке ерисиў, оның абзаллықларынан халықаралық финанслық ҳәм өним базарларында Дослық Аўқамы ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң потенциалын беккемлеў мақсетинде пайдаланыў;

Дослық Аўқамы шеңберинде тийисли халықаралық ҳүжжетлерди таярлаў ҳәм халықаралық капитал базарында оның абырай-мәртебесин  беккемлеў мақсетинде нәтийжели сөйлесиў майданын тәмийинлеў.

Белгиленген мақсетлерге ерисиўде ҳәм атап өтилген ўазыйпаларды шешиўде ҒМДАға ағза мәмлекетлер жумысының тийкарғы бағдарларын төмендегилер қурайды:

миллий өним ислеп шығарыўшылар товарларының ҒМДАға ағза мәмлекетлер базарына еркин кирип барыўын тәмийинлеў мақсетинде өз-ара саўда шараятларын либералластырыў ҳәм және де раўажландырыў, еркин саўда режими, соның ишинде, шийки зат импорты ҳәм таяр өнимниң экспортына байланыслы әмелдеги шеклеўлер және айланыстан шығарыўды бийкарлаў;

Кәрханалар ҳәм технологиялық өз-ара байланыслы болған өндирислер арасында кооперация байланысларын раўажландырыў, техникалық қайта үскенелеў, инновациялық технологиялар бойынша мәмлекетлераралық бағдарламаларды ислеп шығыў, илимий-техникалық бирге ислесиўдиң алдынғы бағдарларында өз-ара бирге ислесиў;

аўыл хожалығы, жеңил санаат, қурылыс материалларын ислеп шығарыў, зергерлик санааты сыяқлы тараўлар бойынша кооператив жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

биринши гезекте, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң экономикасын раўажландырыўға анық тәсир көрсететуғын транспорт, энергетика ҳәм телекоммуникациялар тараўлары бойынша ири қоспа инвестициялық жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў, оның ушын, соның ишинде, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң арнаўлы экономикалық зоналарына инвестицияларды тартыў;

халықаралық энергетикаға байланыслы тәмийнатлардың турақлы системасын жаратыў (ҳәм электр энергиясы, ҳәм углеводородлар бойынша) ҳәм ҒМДА жеринде, ҳәм глобаллық энергетика базарында бирге ислесиўдиң нәтийжели схемасы және модельлерин ислеп шығыў;

БМШ шеңберинде энергетика тараўында бирге ислесиўди раўажландырыў механизмлерин ислеп шығыўда қатнасыў;

энергия тәмийнатының исенимлилигин арттырыў ҳәм жанылғы-энергетика ресурсларынан пайдаланыўды оптималластырыў мақсетинде энергетика тараўындағы бирге ислесиўди тереңлестириў;

углеводородларды қазып алыў, тасыў ҳәм транзит тараўында бирге ислесиў;

жәҳән экономикасының әҳмийетли элементлеринен бири болған транспорт тараўында өз-ара бирге ислесиўди раўажландырыў, соның ишинде, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң аймақлары арқалы өтетуғын халықаралық транспорт коридорларын раўажландырыў ҳәм олардың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў; региондағы барлық мәмлекетлердиң мәплерин есапқа алған ҳалда ҳәм халықаралық шөлкемлердиң қатнасыўында көп тармақлы ҳәм қәўипсиз халықаралық транспорт инфраструктурасын жаратыў; транспорт ҳәм инфраструктуралар тараўында ҒМДА жеринде ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң үшинши мәмлекетлер менен экономикалық ҳәм саўда бирге ислесиўин сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығатуғын аймақлараралық байланысларды раўажландырыў ҳәм Дослық Аўқамының транзит потенциалын арттырыўға бағдарланған ири халықаралық ҳәм регионаллық жойбарларды әмелге асырыў, аймақлараралық байланыслардың узақ мүддетли перспективасына күшли түртки бериў, Евразия регионы жаңа геоэкономикалық жердиң тырнағын қойыў;

Евразияда турақлы транспортты, турақлы транспорт байланысын раўажландырыў ҳәм халықаралық транспорт инфраструктурасын модернизациялаў көзқарасынан ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң регионаллық экономикалық комиссиялар, атап айтқанда, БМШтың Европа экономикалық комиссиясы және Азия ҳәм Тыныш океаны ушын Экономикалық ҳәм социаллық комиссия менен бирге ислесиўин кеңейтиў;

ҒМДАға ағза барлық мәмлекетлердиң өндирис күшлерин ақылға уғрас жайластырыў ҳәм халықтың турақлы ҳәрекетшеңлигин тәмийинлеў, ишки ҳәм халықаралық туризм көлемин арттырыў, исбилерменлик жумысын күшейтиў мақсетинде Дослық Аўқамының транспорт-коммуникация системасын раўажландырыў (темиржоллар ҳәм автомобиль жоллары, аэропортлар ҳәм теңиз портлары, қубыр өткериў транспорты);

халықаралық жүк тасыўларын әмелге асырыўда тариф сиясатының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм фискаль-ҳәкимшилик тосқынлықларды сапластырыў; тасыў процесслерин оптималластырыў; транзит жүк тасыўларда транспорт системаларының ҳәр қыйлы структуралары, соның ишинде, ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң теңиз портлары арасында өз-ара бирге ислесиў дәрежесин арттырыў; ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң ҳаўа ҳәрекети миллий системаларын шөлкемлестириўди Халықаралық пуқаралық авиациясы шөлкеми усыныс еткен әмелият ҳәм стандартларға муўапық үйлестириў;

ири транспорт-логистика орайларын шөлкемлестириў;

финанс тараўындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў;

илимий-техникалық ҳәм инновациялық бирге ислесиўди биргеликте, соның ишинде, үшинши мәмлекетлер базарында бәсекиге шыдамлы өним жаратыў ушын тийкар сыпатында кеңейтиў;

ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң бәсекиге шыдамлылығын арттырыў ҳәм Дослық Аўқамы шеңберинде мәлимлеме қәўипсизлигин тәмийинлеў мақсетинде цифрлы технологиялар, соның ишинде, жасалма интеллектти раўажландырыў ҳәм бирге ислесиўде олардан пайдаланыў;

билимлендириў, илим, денсаўлықты сақлаў, мийнет ҳәм бәнтлик, халықты социаллық қорғаў, мәденият, мәлимлеме, спорт ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыў;

қоршаған орталықты қорғаў мәселелери бойынша өз-ара бирге ислесиў;

айрықша жағдайлар ҳаққында ескертиў ҳәм тәбийғый апатшылықлардың ақыбетлерин сапластырыў мәселелери бойынша өз-ара бирге ислесиў; тәбийғый ҳәм техноген апатшылықлардан ескертиў және оларға қарсы ҳәрекет етиў бойынша биргеликтеги жумысларды жеделлестириў;

БМШтың 2030-жылға шекем турақлы раўажланыў тараўындағы күн тәртибине ерисиў мақсетинде қоршаған орталықты қорғаў, климаттың өзгериўи, суў ресурсларын басқарыў, биокөптүрлиликти сақлаў, жерлер деградациясына қарсы гүресиўге байланыслы мәселелерди шешиў бойынша БМШтың ҳәр қыйлы халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўин беккемлеў;

Регионаллық өзгешеликлерди беккемлеў – аймақлар ҳәм шегараалды аймақларды экономикалық, социаллық ҳәм мәдений раўажландырыў, дослық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын беккемлеў мәселелерин шешиўде ҒМДАға ағза мәмлекетлер ҳәм олардың аймақларының көп тәреплеме өз-ара бирге ислесиўи болып есапланады.

*   *   *

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлердиң стратегиялық экономикалық бирге ислесиўи ҳаққындағы декларациясы мәселелерин әмелге асырыў ҒМДАға ағза ҳәр бир мәмлекет ҳәм улыўма Дослық Аўқамының социаллық-экономикалық потенциалынан және де толық пайдаланыў, олардың тең ҳуқықлы, өз-ара пайдалы ҳәм комплексли бирге ислесиўин кеңейтиў, өз-ара экономикалық байланысларын турақлы раўажландырыў; миллий экономиканың  бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жәҳән кризисиниң қәўип-қәтерлерине қарсы турыў; раўажланыўды сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўды тәмийинлеў, жәҳән экономикасында ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң позицияларын беккемлеў, пуқаралардың абаданлық дәрежесин арттырыўға жәрдемлесиў имканиятын береди.

Ашхабад қаласы,

2019-жыл 11-октябрь