Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Сайлаў ҳуқықы ҳәр бир пуқараның Конституциялық ҳуқықы болып есапланады.

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 117-статьясында сайлаўлар улыўмалық, тең ҳәм тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи, деп белгиленген.

Сайлаў ҳуқықының принциплери сайлаў механизминиң тийкарын белгилеп, сайлаў процеси сайлаў ҳуқықының тийкарғы принциплери тийкарында  өткериледи.

Сайлаў ҳуқықының тийкарғы принциплери халықаралық ҳуқық нормалары тийкарында ислеп шығылған болып, оның тийкарғы принциплери улыўмалық, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў болып есапланады.

Улыўмалық сайлаў ҳуқықы пуқаралардың жынысы, расасы, миллети, тили, динге қатнасы, социаллық шығысы, исеними, жеке ҳәм социаллық жағдайы, жумысының түри ҳәм өзгешелигине қарамастан, тең сайлаў ҳуқықына ийе болыўын аңлатады. Тең сайлаў ҳуқықы ҳәр бир пуқараның бир даўысқа ийе екенлигин билдиреди.

Суд тәрепинен уқыпсыз, деп табылған пуқаралар, сондай-ақ, аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаят ислегени ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды және сайланыўы мүмкин емес.

Теңлик принципи талабанларға нызамда белгиленген тәризде тең муғдарда исенимли шахсларға ийе болыў, сайлаўалды үгит-нәсият илажларын өткериўде өз сайлаўшылары менен ушырасыўлар өткериў ҳуқықының теңдей кепилленгенлиги ҳәм имканиятларын бериў жолы менен тәмийинленеди.

Тиккелей сайлаў ҳуқықы принципи даўыс бериў процесинде ҳәр бир сайлаўшының тиккелей өзи даўыс бериўин билдиреди. Яғный, ҳәр бир пуқара сайлаўда жеке өзи қатнасыўы тийис.

Пуқаралардың өз еркин билдириўин қадағалаў қадаған етиледи.

Сайлаў ҳуқықының тийкарғы принциплери бизге демократиялық пуқаралық жәмийетиниң фундаментин беккемлеўде, қәлиплестириўде ҳәм раўажландырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

 

Сардорбек Матёкубов,

ҚМУ Юридика факультети студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.