Пайтахтымыздағы «Түркистан» сарайында Медицина хызметкерлери күни байрамы өзгеше көтериңкилик руўхта өткерилди.

Байрам илажында Олий Мажлис Сенаты ағзалары, Нызамшылық палатасының депутатлары, министрликлер, уйымлар, жәмийетлик ҳәм халықаралық шөлкемлердиң ўәкиллери, шыпакерлер, мийирбийкелер, профессор-оқытыўшылар, студент-жаслар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери қатнасты.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң елимиздиң денсаўлықты сақлаў тараўы хызметкерлерине жоллаған байрам қутлықлаўы оқып еситтирилди.

Быйыл биринши мәрте байрам мүнәсибети менен Президентимиздиң пәрманына муўапық, тараўдың бир қатар пидайы хызметкерлери мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары менен сыйлықланды.

Илажда сыйлықларды Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Т.Норбоева салтанатлы түрде тапсырды.

Президентимиз өз кутлықлаўында атап өткениндей, тынышлық ҳәм денсаўлық – бул ҳәр бир инсан, пүткил халқымыз ушын ҳеш нәрсе менен өлшеп, баҳалап болмайтуғын уллы жемис болып есапланады.

Усы мәнисте, мәмлекетимизде денсаўлықты сақлаў системасында әмелге асырылып атырған үзликсиз реформалар, бәринен бурын, инсан мәплерин тәмийинлеў, пуқаралардың денсаўлығын беккемлеў, олардың турмыстан, бүгинги күнинен разы болып жасаўына хызмет етпекте.

Халқымызға көрсетилип атырған медициналық-профилактика, патронаж жәрдемин буннан былай да жақсылаў, тез ҳәм қыстаўлы медициналық жәрдем және қәнигелескен медициналық жәрдемниң сапасын арттырыў, халықты арзан ҳәм сапалы дәрилик затлар менен тәмийинлеў, жеке-меншик медицинаны раўажландырыў бағдарында әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылмақта. Атап айтқанда, кейинги үш жылда денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў бойынша 170 тен аслам ҳуқықый ҳүжжет қабыл етилди.

Соның ишинде, Президентимиздиң 2018-жыл 7-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў бойынша комплексли илажлар ҳаққында»ғы пәрманы мәмлекетимиз медицинасының раўажланыўында жаңа дәўирди баслап берди. Пәрман менен 2019-2025-жылларда Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў системасын раўажландырыў концепциясы тастыйықланды.

Тараўды қаржыландырыўдың көлеми бир неше есеге көбейтилди. 2017-жылда тараўға 7,1 триллион сум бағдарланған болса, 2019-жылда бул көрсеткиштиң 12,1 триллион сумға жеткени де пикиримизди тастыйықлайды. Сондай-ақ, дәри қураллары ҳәм медициналық буйымлар және медициналық объектлерди қурыў-оңлаў жумысларына ажыратылып атырған қаржылардың муғдары 3 есеге көбейди.

Мәмлекетимизде профилактикалық медицинаны раўажландырыўға итибар барған сайын күшеймекте. Ҳәзирги ўақытта халқымызға бул бағдарда 1793 амбулаториялық-поликлиника комплекси, соның ишинде, 817 аўыллық шыпакерлик пункти, 798 аўыллық шаңарақ поликлиникасы, 178 қалалық шаңарақ поликлинкасы хызмет көрсетпекте.

Медицинаның бирлемши системасын оптималластырыў жумыслары нәтийжесинде аўыллық шаңарақ поликлинакаларында ҳаял-қызлар мәсләҳәтханалары, қызлар саламатлығы ханалары, тез жәрдем шақапшалары ҳәм социаллық дәриханалар, 5 тар тараў қәнигелериниң жумысы жолға қойылды.

Халықтың ең көп мүрәжат ететуғын тараўы – қыстаўлы ҳәм тез жәрдем хызметиниң жумысы да кейинги жылларда жаңа басқышқа көтерилмекте. Тез жәрдемниң арнаўлы санитариялық автотранспорт парки жаңаланды. Системада  еки ярым мыңға шамалас «Nissan», «Hunday», «Toyota» маркалы ҳәм басқа да заманагөй тез жәрдем машиналары халыққа хызмет көрсетпекте. Жаңадан сатып алынған 281 реанимобиль керекли әсбап-үскенелер менен толық тәмийинленди. 2019-жылда және 150 медициналық әсбап-үскене ҳәм байланыс қураллары менен толық тәмийинленген «FORD» маркалы реанимобиль сатып алынды.

Қәнигелескен медициналық жәрдем көрсетиў бағдарында да кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта. Нәтийжеде соңғы үш жылда қосымша аллергология, онкология, нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы, неврология ҳәм инсульт, травмотология ҳәм ортопедия және нейрохирургия сыяқлы бир қатар бағдарларда медициналық орайлардың жумысы шөлкемлестирилиўи есабынан халыққа қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетип атырған медициналық орайлардың саны 16 ға жетти. Аймақларда 310 қәнигелескен бөлим, республикалық қәнигелестирилген илимий-әмелий медициналық орайлардың 14 филиалы шөлкемлестирилди.

Медицинасы раўажланған мәмлекетлерде қолланылып атырған алдынғы инновациялық медициналық технологияларды мәмлекетимиздиң медицинасына енгизиўге де айрықша итибар қаратылмақта. Бул ҳаққында сөз болғанда, академик В.Воҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медициналық орайы және Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайында бүйрек ҳәм баўырды көширип өткериў бойынша ең қурамалы операциялардың табыслы әмелге асырылып киятырғанын айрықша атап өтиў керек. Сондай-ақ, республикалық гемотология ҳәм қан қуйыў илимий-изертлеў институтының илимпазлары дүнья медицинасының алдынғы бағдары – өзек клетка трансплантациясын өзлестирип, ҳәзирги ўақытта оны табыслы жолға қойды. Кардиохирургия тараўындағы заманагөй операциялар бүгин тек ғана пайтахтымызда емес, ал Наманган, Хорезм, Ферғана, Бухара, Қашқадәрья ҳәм басқа да ўәлаятларда, Қарақалпақстан Республикасының емлеў мәкемелеринде де табыслы әмелге асырылмақта.

– Президентимиздиң биз, тараў хызметкерлерине биринши мәрте жоллаған қутлықлаўын еситип оғада толқынландық, зор ғайрат ҳәм күш алдық. Мойнымыздағы жуўапкершиликти және де толығырақ сезиндик, – деди академик В.Воҳидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медициналық орайының бас илимий хызметкери Миршавкат Акбаров. – Мәмлекетимиз басшысының пәрманы менен «Дўстлик» орденине ылайық көрилдим. Бул, әлбетте, бизлерди және де пидайылық пенен мийнет етиўге ийтермелейди. Усы жерде бир гәпти ашық айтыў керек, үш-төрт жыл бурын жүректеги ашық жарақат, трансплантация операциялары ушын оғада көп қаржы менен сырт елде емлениўге туўра келетуғын еди. Ҳәзирги ўақытта мине усындай 500 ден аслам қурамалы операциялар өзимизде әмелге асырылып атыр. Тек ғана республикалық қәнигелестирилген орайларда емес, ал ўәлаятларда да бундай операциялардың әмелге асырылып атырғаны халқымызды оғада қуўанышқа бөлемекте. Булардың барлығы медицина тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжеси болып табылады.

Ҳәмиледар ҳаяллар ҳәм нәрестелерди перинатал және неонатал скринингтен өткериў арқалы олардағы туўма ҳәм нәсиллик кеселликлерди ерте анықлаў системасы жолға қойылды. Аймақлардағы балаларды емлеў мәкемелеринде бурынлары қолда болмаған неонатал хирургия, кардиохирургия, инвазив хирургия, қызлар гинекологиясы сыяқлы көплеген жаңа бөлимлер шөлкемлестирилип, қурамалы әмелиятлар өткерилмекте. Сондай-ақ, елимиздиң перинатал мәкемелери заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлениў менен бирге, қәнигелердиң маманлығын арттырыў арқалы ең кем салмақлы нәрестелерди де сақлаў ҳәм реабилитациялаў табыслы әмелге асырылмақта. Бул сыяқлы өзгерислер себепли елимизде ҳаял-қызлардың саламатлығын беккемлеўге, аналар ҳәм балалар өлиминиң кескин азайыўына ерисилмекте.

Өткен қысқа ўақыт аралығында 1300 ден аслам емлеў мәкемесинде қурыў-оңлаў жумысларының әмелге асырылғаны ҳәм тек ғана 2019-жылдың өзинде медициналық орайлардың 100 миллион долларлық заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленгени халқымыздың саламатлығы жолында исленген жумыслардың өлшемин ҳәм көлемин көрсетип тур.

Мәмлекетимизде жеке меншик медицинаның раўажланыўы ушын кең имканиятлар жаратылды. Бүгинги күнге келип бул бағдарда жумыс алып барып атырған емлеўханалардың саны 5300 ден асты. Мәмлекетимизде Россия, АҚШ, Германия, Ҳиндстан, Түркия сыяқлы мәмлекетлердиң 100 ден аслам заманагөй клиникасы шөлкемлестирилди.

Денсаўлықты сақлаў системасындағы реформалар процесинде медициналық билимлендириўдиң раўажланыўына да айрықша әҳмийет қаратылмақта. Мәмлекетимизде медицина тараўы ушын 7 жоқары медициналық билимлендириў мәкемеси ҳәм олардың 4 филиалында жоқары маманлықтағы кадрлар таярланбақта. 2017-жылы Ташкент медициналық академиясының Термиз филиалының ашылыўы, Ферғана филиалының тиклениўи аймақлардағы медициналық мәкемелерди жоқары маман кадрлар менен тәмийинлеў имканиятын кеңейтти.

Медициналық илимниң, медициналық-илимий орайлардың сырт елдеги белгили илимий мәкемелер менен байланыслары да беккемленбекте. Соның нәтийжесинде мәмлекетимиздиң медициналық жоқары оқыў орынлары ҳәм сырт елдеги белгили медициналық-илимий билимлендириў мәкемелериниң бирге ислесиўинде 22 халықаралық факультет ашылды.

Атап өтилгениндей, халқымыздың саламатлығын буннан былай да беккемлеўге қаратылып атырған тараўдағы усы сыяқлы үлкен реформалар процеси келешекте де үзликсиз даўам еттириледи.

Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри А.Шодмонов кәсиплеслерин байрам менен қутлықлады.

Белгили көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас атқарыўшылардың қатнасыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажда Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.Абдувахитов ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республикалық Ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Э.Боситханова қатнасты.

4.jpg

5.jpg

8.jpg

9.jpg

10.jpg

67.JPG

Моҳигул ҚОСИМОВА,

ӨзАның хабаршысы