Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары

 

Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 85-статьясының 6-бәнтине муўапық, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Президиумы

 

Қ А Р А Р     Е Т Е Д И :

Халқымыздың денсаўлығын сақлаўдағы, медицина тараўындағы пидәкерли хызметлери, жас кадрларды өз кәсибине садықлық руўхында тәрбиялаўдағы жемисли мийнетлери ҳәмде жәмийетлик жумыслардағы белсендилиги ушын төмендегилер сыйлықлансын:

 

Ардақлы нураный көкирек белгиси менен:

 Аметов Мнажатдин – О.Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медициналық орайыныӊ кɵкирек қәпеси ҳәм қан тамырлары хирургиясы бɵлими шыпакери

 

Торемуратов Смайл – Республикалық қыстаўлы медициналық жәрдем илимий орайы Қарақалпақстан филиалы травматология бөлими шыпакери

 

Ўатан пидайысы көкирек белгиси менен:

 Утемуратова Гулзар Абатбаевна – Нɵкис қаласы 8-санлы шаңарақ поликлиникасы бас шыпакери

 

Уразимбетов Зарифбай Алламберганович – Әмиўдәрья районлық медициналық бирлеспеси бас шыпакериниң орынбасары

 

Ауезова Амангул Нурмагамбетовна – Қарақалпақстан Республикасы Арал бойы халқының жүрек қан тамыр кеселликлерин саўалландырыў орайыныӊ бɵлим меңгериўшиси

 

Нажимова Райхан Шамшетдиновна – Нөкис қалалық 1-санлы шаңарақлық поликлиникасы улыўма әмелият шыпакери

 

Палўанов Ықласбай Дарибаевич –  Тахтакөпир районлық медициналық бирлеспеси бас шыпакери

 

 

Қарақалпақстан Республикасы

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                          М.Ерниязов  

 

 

Нөкис қаласы, 8-ноябрь, 2019-жыл