Ҳүрметли шыпакерлер ҳәм медицина тараўы хызметкерлери!

Бәршеңизди ҳәр жылы елимизде кең түрде белгиленип киятырған кәсиплик байрамыңыз – «Медицина хызметкерлери күни» менен Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан қызғын қутлықлаймыз.

Соны айрықша атап өтиўимиз тийис, халқымыз Сизлерди өзлериниң сүйениши ретинде тән алыў менен бирге, жүреклерге үмит, муңлы көзлерге мәдет, сынық кеўиллерге қуўат бағышлайтуғын илаҳий кәсип ийелери сыпатында айрықша қәдирлейди ҳәм ҳүрмет етеди.

Инсан қәдир-қымбатын улығлаў ҳәм оның саламатлығын қорғаў мәселеси мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилген елимизде денсаўлықты сақлаў тараўына қаратылып атырған жоқары итибар медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаўда, дүнья медицинасы әмелиятында ерисилген жетискенликлер менен алдынғы технологияларды кеңнен енгизиўде, маман кадрлар таярлаўда, мәмлекетлик емес секторды раўажландырыўда, тараўдың материаллық-техникалық базасын беккемлеўде, халыққа сапалы дәри-дәрмақлар жеткерип бериўде әҳмийетли орын тутпақта.

Бунда әлбетте, Ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўға байланыслы бир қатар әҳмийетли Пәрман ҳәм Қарарлардың қабыл етилиўи, мәмлекетлик бағдарламалардың ислеп шығылыўы елимизде халықтың саламатлығын, аналықты ҳәм балалықты қорғаўда, медициналық хызметтиң сапасын және де жетилистириўде әҳмийетли саналады.

Тараўда алып барылып атырған кең көлемли реформалар нәтийжесинде бүгинги кунде бирлемши медициналық-профилактика, тез ҳәм қәнигелестирилген медициналық жәрдем көрсетиўдиң сапасын жақсылаў, халықаралық шөлкемлер менен биргеликте үлкен жойбарлар тийкарында аналар ҳәм балалардың саламатлығын беккемлеў, олар арасында ушырасып атырған кеселликлердиң алдын алыў бойынша әмелге асырылып атырған илажлар жаңа басқышларға көтерилип бармақта.

Соның менен бирге, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў системасын жедел раўажландырыў, халық медицинасы тараўын тәртипке салыў, социаллық жәрдемге мүтәж инсанларға медициналық-социаллық жәрдем көрсетиўдиң сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў бүгинги күндеги ең әҳмийетли ўазыйпалардан болып табылады.

Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, елимизде ҳәр жыл сайын медицина тараўының материаллық-техникалық базасын беккемлеў, тараў хызметкерлери ҳәм халқымыз ушын қолайлы шараятлар жаратып бериў мәмлекетимиздиң дыққат-итибарында турған тийкарғы мәселелерден саналады. Мине, быйылғы жылдың өзинде инвестиция бағдарламасына муўапық 12 денсаўлықты сақлаў объектинде 61 миллиард сўмлық, ал, жергиликли бюджет есабынан 34 объектте 32 миллиард сўмлық қурылыс ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылды. Соның ишинде Нөкис қаласы, Мойнақ, Қанлыкөл, Елликқала ҳәм Нөкис районларында 7 денсаўлықты сақлаў объекти жаңадан қурылып, пайдаланыўға берилди. Сондай-ақ, Ташкент педиатрия медицина институты Нөкис филиалының жаңа оқыў бинасында 38 миллиард сўмнан аслам қаржы есабынан қурылыс жумыслары алып барылмақта.

Усылар менен бир қатарда, республикалық емлеў мәкемелерин ҳәм районлық медицина бирлеспелерин заманагөй әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў мақсетинде жергиликли бюджет есабынан 12 миллиард сўмнан аслам қаржы ажыратылды.

Қалаберсе, ҳәр жыл сайын тараўдың бир қатар пидайыларына мәмлекетлик сыйлықлардың тапсырылыўы – бул Сизлерге деген айрықша итибар ҳәм ғамқорлықтың, жоқары исенимниң көриниси саналады.

Буған жуўап ретинде ҳәр бириңиз халқымыздың бийбаҳа байлығы болған инсан саламатлығын қорғаўда, кеселликлерди ерте анықлаўда ҳәм алдын алыўда, саламат турмыс тәризин қәлиплестириўде белсендилик көрсетесизлер, деп беккем исенемиз.

Ҳүрметли медицина тараўы хызметкерлери!

Сизлерди кәсиплик байрамыңыз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, шаңарақларыңызға аманлық, халық ийгилиги жолындағы оғада жуўапкершиликли, машақатлы ҳәм мақтанышлы жумысларыңызда табыслар тилеймиз!

 

Қарақалпақстан Республикасы                                    

Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы                                             М.Ерниязов

 

Қарақалпақстан Республикасы

Министрлер Кеңесиниң Баслығы                                       Қ.Сариев