Денсаўлықты сақлаў хызметкерлериниң кәсиплик байрамы алдында академик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалының жаңа имараты реконструкцияланып, пайдаланыўға тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев шығып сөйлеп, жыйналғанларды тараў хызметкерлериниң кәсиплик байрамы ҳәм жаңа имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы менен қутлықлады.

3.jpg

Атап өтилгениндей, Президентимиздиң басламасы менен елимизде Денсаўлықты сақлаў тараўын реформалаў, халықтың репродуктивлик саламатлығын беккемлеў, аналықты ҳәм балалықты қорғаў, медициналық хызмет көрсетиўдиң заманагөй системасын қәлиплестириўге айрықша итибар қаратылмақта.

Өткен жылдың декабрь айында басланған реконструкция жумыслары  «Инвесстрой Нукус» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен сапалы етип питкерилди.  Бул жерде 2 миллиард  700 миллион сумлық жумыс көлеми орынланды. Орай заманагөй медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинленди. Келешекте қосымша  30 орынлық  және бир имарат қурыў режелестирилген.

– Академик В.Вахидов атындағы республикалық қәнигелестирилген хирургия илимий-әмелий медицина орайы Нөкис филиалының ашылғанына 23 жыл болған болса, усы күнге шекем өзиниң имаратына ийе емес еди,-дейди медицина илимлериниң докторы, профессор М.Қабулов.-Кәсиплик байрам алдынан заманагөй имараттың пайдаланыўға тапсырылыўы жәмәәтимиз ушын әжайып саўға болды.  Бул жерде алдағы ўақытлары жүрек-қан тамыры кеселликлери бойынша қыйын операцияларды ислеў имканиятын береди.

Илаж қатнасыўшылары емлеў орнында жаратылған шараятлар менен танысты.

8.jpg

10.jpg

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.