Оқыўшыларды имтиханлардан азат етиў ҳуқықын беретуғын кеселликлердиң дизими кеңейтилди. Улыўма орта билим алыўшылардың жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясы ҳаққындағы режеге тийисли қосымшалар киргизилди деп жазады Norma.uz сайты.

Усы тәризде, мектеп оқыўшыларын жуўмақлаўшы мәмлекетлик аттестациясынан азат етиў ҳуқықын беретуғын басқа 55 кеселликтен тысқары, және төмендеги 4 кеселликте олар имтиханлардан азат етиледи:

  • муковисцидоз, аралас түри, аўыр түри (кеселликтиң коды Е 84);
  • плеврит (J90-K94);
  • спецификалық емес жаралы колит (зорығыў дәўири, К51);
  • баўыр пиррози (декомпенсация дәўири, К74.6).

Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматларының миллий базасында жәрияланған ҳәм 6.11.2019-жылдан күшке кирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги