Президент Ш.Мирзиёев орынларда нан ислеп шығарыў қәрежетлерин кемейтиўди тапсырған. Мәмлекет басшысы бүгинги күндеги және бир әҳмийетли мәселеге тоқтап өтти. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 14-октябрьдеги қарарына муўапық, дән, ун ҳәм нанды жеткерип бериў системасына базар механизмлери енгизилди.

Қәлипли (буханка) нан менен кепилликли түрде тәмийинлеў ушын жетерли ресурс резерви жаратылып ун ислеп шығарыўдың айлық көлеми мәмлекетимизде 122 мыңнан 142 мың тоннаға көбейтилди. Бүгинги күнде Ташкент қаласында 1 килограмм ун биржада 2300-2400 сумнан сатылып атырған болса, усақлап сатыўда қәлипли нанның баҳасы  1500-1700 сумды қурамақта.

Мәжилисте айырым ўәлаятларда нанның баҳасы салыстырмалы түрде қымбат ҳалында қалып атырғаны көрсетип өтилди. Соның ушын, Ташкент қаласының тәжирийбесинен келип шығып,  барлық ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлерине унның биржа саўдасында сатылыўынан баслап нанның усақлап сатылыўына шекемги болған процести ҳәр күни таллап, халықтың нанға болған күнлик талабын толық тәмийинлеп барыў бойынша ўазыйпалар жүкленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги