Сайлаў – 2019

Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясына Халық демократиялық партиясы депутатлыққа талабанлардың дизимин усынды.

Орайлық сайлаў комиссиясында усы партия басшысының Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды дизимге алыўды илтимас етип киргизген арзасы қабыл етилди.

Сайлаў кодексине муўапық, партиялар депутатлыққа талабанлардың дизимин Орайлық сайлаў комиссиясына усынады. Бул ҳаққындағы мүрәжатта сиясий партия жоқары уйымының депутатлыққа талабанлар көрсетиў ҳаққындағы қарары, сиясий партия жоқары уйымы мәжлисиниң депутатлыққа талабанлар көрсетиў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўи, онда депутатлыққа талабанның фамилиясы, исми, әкесиниң исми, туўылған сәнеси, кәсиби, лаўазымы (хызмет түри), жумыс ҳәм жасаў орны, партияға тийислилиги сондай-ақ, сайлаў округиниң аты ҳәм тәртип саны көрсетиледи.

Сондай-ақ, депутатлыққа талабанның өз кандидатурасы тийисли сайлаў округинен даўысқа қойылыўына разы екенлиги ҳаққындағы арзасы, депутатлыққа талабанның егер ол Нызамшылық палатасының депутаты етип сайланған болса, ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққындағы арзасы қосымша етиледи.

Ҳүжжетлерди усынған шахсқа Орайлық сайлаў комиссиясы ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўмат береди. Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партиялардаң депутатлыққа талабанларды дизимге алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиўди дизимге алыў мүддети питиўине жети күн қалғанында жуўмақлайды.

Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлерди бес күнлик мүддет ишинде тексерип шығады ҳәм олардың усы Кодекс талапларына муўапықлығы ҳаққында шешим береди.

Орайлық сайлаў комиссиясы дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм усы кодекстиң талапларынан шетке шығыў жағдайлары  ҳаққында тийисли сиясий партиялардың басшыларына мәлим етеди. Сиясий партия ҳүжжетлердеги анықланған муўапықсызлықлар ҳәм жағдайларды еки күнлик мүддетте дүзетиўге және оларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныўға ҳақлы.

 

Н.АБДУРАИМОВА,

ӨзАның хабаршысы