Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 7-ноябрь күни быйылғы жылда мәмлекетлик бюджетке түсимлер прогнозының орынланыўын тәмийинлеў, исбилерменлик ҳәм киши бизнести орынларда буннан былай да раўажландырыў ушын қосымша имканиятларды анықлаў ҳәм иске қосыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелилиги және бул бағдардағы әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилисин өткерди.

Ҳәзирги күнде исбилерменлик, орта ҳәм киши бизнес экономиканың турақлы раўажланыўы ушын тийкар болып хызмет етеди. Раўажланған мәмлекетлерде исбилерменлик субъектлери улыўма кәрханалар санының 90 проценттен асламын қурайды ҳәм мийнетке жарамлы халықтың 50 проценттен көбирегин жумыс бенен тәмийинлейди. 2018-жылғы жағдай бойынша, Өзбекстанда мийнет бенен бәнт болған халықтың 76,3 проценти усы тараўда мийнет етеди.

Соның менен бирге, исбилерменлик субъектлери раўажланған мәмлекетлердиң жалпы ишки өниминиң қурамында да салмақлы орынға ийе. Өзбекстан жалпы ишки өниминде бул тараўдың үлеси 59,4 процентти қурайды.

Мәмлекетимизде исбилерменлик ҳәм киши бизнести раўажландырыў бүгинги күнде мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан есапланады. Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң сөзлери менен айтқанда, биз тек ғана жедел исбилерменлик, тынымсыз мийнет ҳәм умтылыс арқалы раўажланыўға, абадан турмысқа ерисе аламыз.

Исбилерменлерди қоллап-қуўатлаў ҳәм бизнес орталығын жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың нәтийжесинде Жәҳән банкиниң «Бизнес жүргизиў – 2020» есабатында Өзбекстан 7 орынға жоқарылап, 69-орынды ийеледи ҳәм дүньяның ең жақсы 20 реформатор  мәмлекетлериниң қатарынан орын алды. Жаңа кәрхананы ашыў қолайлығы бойынша елимиз биринши мәрте дүньяда сегизинши орынға көтерилди.

Бундай имканиятлардың нәтийжесинде усы жылдың өткен 10 айында 91 мың ямаса 2018-жылға салыстырғанда  2 есеге көп жаңа исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилди.

Бирақ еле тараўдың раўажланыўы жолында әмелге асырылатуғын жумыслар көп.

«Бизнес жүргизиў – 2020» есабатында көрсетилген кемшиликлерди сапластырыў, соның ишинде, жер ажыратыў, қурылыс ҳәм мүлкти дизимге алыў бойынша қолайлықларды жаратыў керек.

Сол себепли видеоселектор мәжилисинде исбилерменлерге жерди онлайн аукцион арқалы бериў, мүлкти дизимнен өткериў бойынша уйымлараралық электрон мәлимлеме алмасыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сырт ел тәжирийбеси тийкарында мүлк ҳуқықын дизимнен өткериўди жетилистириў усынысы билдирилди.

Президентимиз ҳәкимлер 50 процент жумыс ўақтын жаңа киши бизнес субъектлерин шөлкемлестириў ҳәм ислеп атырған исбилерменлердиң машқалаларын анықлаў және шешиўге жумсаўы керек екенлигин атап өтип,  көплеген басшылар буған бийпәрўалық пенен ҳәм жуўапкершиликти сезинбей қарап киятырғанын кескин сынға алды.

Буны Өзбекстан Республикасы Бас министриниң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханаларына келип түскен 26 мың мүрәжаттың дерлик ярымын тикклей район дәрежесинде шешиў мүмкин болса да, машқалалар өз орнында шешилмегени ушын пуқаралар жоқары уйымларға мүрәжат етиўге мәжбүр болып атырғаны да анық көрсетип тур.

Бундай жағдайлар Самарқанд, Ташкент, Хорезм, Әндижан, Жиззақ, Қашқадәрья ўәлаятларында бир қанша жоқары. Соның ушын барлық ўәлаятлар ҳәм районлардың ҳәкимлери еки күн мүддетте Исбилерменлерге мүрәжат қабыл ететуғыны бойынша көрсетпе берилди.

Мүрәжатта исбилерменлердиң алдында буннан кейин ҳеш қандай тосқынлықлардың болмайтуғыны, аймақтағы барлық басшылардың оларға жақыннан жәрдемши болатуғыны, ҳәр күни турақлы түрде исбилермелердиң мәселелери менен шуғылланатуғыны ҳаққында ҳәкимлер жеке кепиллик береди.

Мүрәжаттың баслы мазмуны барлық нәрсе исбилерменлер ушын екенин халқымызға жеткериўден ибарат. Соның ушын Мүрәжатты ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар ҳәм халық тығыз болған орынлардағы баннерлерде жәриялап, онда ҳәкимлер, секторлар ҳәм жуўапкер уйымлар басшыларының телефон номерлери де көрсетилиўи шәрт екенлиги белгиленди.

Буннан тысқары, аймақлық жумысшы топарлар орынларда жүрип, ҳәкимлер ҳәм секторлардың басшылары менен бирге исбилерменликти раўажландырыў бойынша жумысларды нәтийжели шөлкемлестириўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бизге белгили исбилерменликти раўажландырыўға қаратылған мәмлекетлик бағдарламаларды қаржыландырыў ушын Халық банки, «Микрокредитбанк» ҳәм «Агробанк» жуўапкер етип белгиленип, оларға жетерли дәрежедеги ресурслар ажыратып берилген.

Мәжилисте усы қаржы шөлкемлери және аймақлық жумысшы топарлардың басшылары орынларда исбилерменликтиң жаңа имканиятларын табыў ҳәм турмысқа енгизиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлери бойынша есап берди.

Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги және Бас министрдиң Исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханалары, Саўда-санаат палатасы, Бизнес-омбудсман, коммерциялық банклер ҳәм басқа да ўәкилликли уйымлардың өз-ара бирге ислесиўи орынларда еле сезилмей атыр. Сол ушын, тараўдағы барлық мәселелер ҳәкимликлер, Киши бизнес ҳәм  исбилерменликти раўажландырыў агентлиги, Саўда-санаат палатасы, Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қоры ҳәм банклердиң өз-ара бирге ислесиўинде шешилиўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

7bf3b62f-da65-e2d5-e229-9ab8ea8190d2.jpg

Мәмлекетимиз басшысы орынларда исбилерменлердиң қатнасыўында жаңа өндирис ҳәм хызмет көрсетиў қуўатлықларын жаратыўға күшли түртки бериў керек екенлигин атап өтти.

Бүгинги күнде 49 районда өндирис ҳәм 63 районда хызмет көрсетиў көлеминиң оғада төмен екенлиги олардың қолында бар потенциалдың, жер, шийки зат ҳәм мийнет ресурсларының толық мобилизацияланбағанынан дәрек береди. Соның ушын Экономика ҳәм санаат  министрлигиниң басшылығында орынларда санаат ҳәм хызмелерди раўажландырыў бойынша турақлы жумысшы топарлар шөлкемлестирилди ҳәм оларға тармақлар бириктирилди.

Бул структураларға тармақлар менен бирге ҳәр бир район ҳәм қаланың потенциалын үйренип, 2020-жылда жаңа қуўатлылықларды шөлкемлестириў, инфраструктура ҳәм хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша жойбарлардың бағдарламасын ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Бунда республика бойынша дерлик 1,5 мың мәмлекетлик мүлк ҳәм мәмлекеттиң үлеси бар объектлерди сатыў және 70 мың исбилерменниң жумысын қайта тиклеў әҳмийетли екенин атап өтилди.

Мәмлекетлик бажыхана комитетине келеси жыл 1-январьдан баслап экспорт-импорт операциялары ушын зәрүр рухсатнама ҳәм сертификатлардың «Бир айна» бажыхана мәлимлеме системасы арқалы электрон түрде алыныўын жолға қойыў тапсырылды. 2020-жылда «Бизнес жүргизиў» рейтингинде мәмлекетимиздиң орнын және де жақсылаў, соның ишинде, рухсатнама бериў ҳәм сертификатлаў системасын әпиўайыластырыў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Елимиздиң турақлы раўажланыўы, социаллық тараўлардың үзликсиз қоллап-қуўатланыўы ушын мәмлекетлик бюджет ҳәм оны қәлиплестиретуғын түсимлер әҳмийетли роль ойнайды.

Усы көзқарастан видеоселектор мәжилисинде Салық комитетине ноябрь-декабрь айларында салық түсимлери потенциалына салыстырғанда жетерли болмаған бир қатар районлар ҳәм қалаларда салықларды толық өндириў бойынша жаңа системаны енгизиў тапсырылды.

Бизге белгили, Халықаралық валюта қоры, Жәҳән банки, сырт елли ҳәм миллий экспертлердиң қатнасында жаңа редакциядағы Салық кодексиниң жойбары ислеп шығылды. Быйыл 1-октябрьден баслап қосымша қун салығының ставкасы 20 проценттен 15 процентке кемейтилди. Салық сиясатында алып барылып атырған реформалардың кейинги басқышы салық ҳәкимшилигин жетилистириўден ибарат.

Усы мүнәсибет пенен заманагөй усыллар ҳәм мәлимлеме технологияларынан пайдаланған ҳалда, жасырын жумыс жүргизиў арқалы салықтан қашыўдың алдын алыў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди. Сол ушын, барлық тараўларда «жасырын экономика» көлемлерин кескин қысқартыў бойынша «жол картасы» ислеп шығылып, орынланыўы тәмийинленеди.

Буннан тысқары, мәмлекетимиз бойлап иске қосылып атырған 145 үлкен жаңа қуўатлылықларда усы жылдың өзинде өним ислеп шығарыўды жолға қойып, олардың бюджетке қосымша дәрамат киргизиўин қадағалаўға алыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик бюджеттиң турақлылығын тәмийинлеўде халық ҳәм юридикалық шахсларға көрсетилип атырған хызметлер ушын алынған төлемлер де әҳмийетли роль ойнайды.

Бурын хабар етилгениндей, 2020-жылдан баслап жергиликли бюджетти қәлиплестириў тәртиби түп-тийкарынан өзгереди, аймақлар өзлериниң қәрежетлерин еркин түрде шешеди. Усы мүнәсибет пенен енди ҳәкимлер жергиликли бюджет дәраматларын көбейтиў ушын көбирек киши бизнес ҳәм жеке меншик  субъектлерин шөлкемелстириўи, салықларды еркин түрде жыйнаўы ҳәм бул бағдардағы жуўапкершиликти күшейтиўи керек болады.

Президентимиз бүгинги күндеги және бир әҳмийетли мәселеге тоқтап өтти. Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 14-октябрьдеги қарарына муўапық, дән, ун ҳәм нанды жеткерип бериў системасына базар механизмлери енгизилди.

15-октябрьден баслап бийдайдың баҳасы еркинлестирилди ҳәм халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламын финанслық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде ҳәр бир напақа алыўшыға айына 50 мың сумнан компенсация төленбекте.

Қәлипли нан менен кепилликли түрде тәмийинлеў ушын жетерли ресурс резерви жаратылып унды ислеп шығарыўдың айлық көлеми мәмлекетимизде 122 мыңнан 142 мың тоннаға көбейтилди. Бүгинги күнде Ташкент қаласында 1 килограмм ун биржада 2300-2400 сумнан сатылып атырған болса, усақлап сатыўда қәлипли нанның баҳасы  1500-1700 сумды қурамақта.

Мәжилисте айырым ўәлаятларда нанның баҳасы салыстырмалы түрде қымбат ҳалында қалып атырғаны көрсетип өтилди. Соның ушын, Ташкент қаласының тәжирийбесинен келип шығып,  барлық ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимлерине унның биржа саўдасында сатылыўынан баслап нанның усақлап сатылыўына шекемги болған процести ҳәр күни таллап, халықтың нанға болған күнлик талабын толық тәмийинлеп барыў бойынша ўазыйпалар жүкленди.

Орынларда нанды ислеп шығарыў қәрежетлерин кемейтиў бойынша барлық имканиятларды қолланыў, халықтың социаллық қорғаўға мүтәж қатламына компенсация пулларының өз ўақтында ҳәм толық жеткерип берилиўин тәмийинлеў бойынша тапсырмалар берилди. Буннан тысқары, таўлы ҳәм узақ аймақларда қыс мәўисимине ун ҳәм басқа да азық-аўқат резервин жаратыў керек екенлиги атап өтилди.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылар ҳәм ҳәкимлердиң есабат ҳәм усыныслары тыңланды.

 

ӨзА