Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги Пәрманына муўапық Өзбекстан Республикасы Олий мажлиси Сенаты ағзасы Светлана Баймырзаевна Артикованың ўәкиллиги мүддетинен бурын тоқтатылды. Бул ҳаққында Олий Мажлис Сенаты Мәлимлеме хызмети хабар берди.

Сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 7-ноябрьдеги Пәрманына тийкарланып Светлана Баймирзаевна Артикова Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының орынбасары лаўазымына тайынланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги