USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САЙЛАЎ ҲӘМ ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ

Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Сөз ҳәм мәлимлеме еркинлиги, өз пикирин еркин билдириў, мәлимлеме алыў ҳуқықы ең тийкарғы ҳәм халықаралық тән алынған инсан ҳуқықларынан және демократиялық жәмийеттиң тийкарғы элементлеринен бири болып есапланады. Еркин ҳәм демократиялық жәмийетте усы ҳуқықты тәмийинлеў бийғәрез ҳәм плюралистлик ғалаба хабар қуралларын талап етеди.

Ҳүрметли Президентимиз Ш.Мирзиёев тәрепинен алға қойылған 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер стратегиясында мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик қурылысты жетилистириўдиң әҳмийетли бағдарларынан бири сыпатында ғалаба хабар қуралларының ролин күшейтиў айрықша көрсетип өтилди.

Әмелге асырылып атырған реформалардың нәтийжесин салыстырғанда ҳалда кейинги үш жылды алатуғын болсақ, мәмлекетимизде ашық-айдынлық, сөз ҳәм баспасөз, пикир еркинлиги турмысымыздың өлшемине айланғанын ҳәммемиз өз күнделикли турмысымызда айқын сезбектемиз. Соңғы ўақытта мәмлекетимиз ғалаба хабар қуралларында кескин жанланыў болды, оларда саламат сын көзқарастағы руўх күшейип, ўатанласларымыз өзлериниң пикирлерин ашық-айдын, анық айтып атырғанлығы айрықша итибарға ылайық.

Әсиресе жәмийетимиз турмысында демократиялық принциплерди беккемлеўде, сайлаўлардың ашық-айдынлығын тәмийинлеўде ғалаба хабар қураллары оғада әҳмийетли орын ийелейди.

Мәмлекетимиз миллий сайлаў нызамшылығының таллаўы соны көрсетеди, ғалаба хабар қураллары сайлаў процессинде мәлимлеме бериў, хабардар етиў (сайлаў кампаниясы ҳәм ҒХҚ арқалы жәрияланыўы сайлаўды өткериўдиң әҳмийетли шәрти болып есапланады); жәмийетлик қадағалаў сыпатында бақлаў, сайлаўалды үгит-нәсиятлаў ҳәм сайлаўға байланыслы ҳуқықый үгит-нәсиятлаў қуралы болып хызмет етеди.

Сайлаў кампаниясындағы барлық әҳмийетли ўақыя ҳәм жаңалықларды пуқаралар ғалаба хабар қураллары арқалы биледи. Егер өткен 2016-жылғы сайлаўлардан мысал келтиретуғын болсақ, сайлаўды 615 миллий 272 сырт ел ғалаба хабар қураллары, соның ишинде, 315 сырт ел ҳәм миллий Интернет басылымлары сәўлелендирип барған. Мәмлекетимиз ҳәм сырт елдиң 1 400 ден аслам журналистлериниң қатнасыўында сайлаў кампаниясының әҳмийетли басқышларына бағышланған 180 баспасөз конференциясы ҳәм онлайн брифинглер өткерилген. 22 700 ден аслам мақала ҳәм мәлимлеме материаллары жәрияланған, көрсетиў ҳәм еситтириўлер эфирге узатылған.

Сайлаў кодексиниң 36-статьясына тийкарланып Нызамшылық палатасының депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслердиң депутатлар сайлаўы бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығы олардың ўәкилликлериниң мүддети жуўмақланбастан кеминде үш ай алдын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ғалаба хабар қуралларында жәрияланады. 57-статьяға тийкарланып мүддетинен алдын даўыс бериўди өткериў ўақты да сайлаўшылардың, бақлаўшылардың итибарына ғалаба хабар қураллары арқалы жеткериледи.

Сайлаў кодексиниң 54, 58-статьяларына муўапық участкалық сайлаў кампаниясының баслығы даўыс бериў басланғанын да, жуўмақланғанын да ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында жәриялайды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў жуўмақлары бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының қарары да оның рәсмий веб-сайтында ҳәм басқа да дәрекелерде жәрияланады.

Орайлық сайлаў комиссиясының быйыл 11-сентябрьдеги қарары менен Орайлық сайлаў комиссиясының Халықаралық баспасөз орайы ҳәм оның регионаллық бөлимлери шөлкемлестирилди. Орайлық сайлаў комиссиясының жетекши ғалаба хабар қураллары менен сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў процессин сәўлелендириў бойынша еки тәреплеме шәртнамаларға қол қойды.

Хош, пуқаралардың сайлаў ҳуқықларының тәмийинлениўинде ғалаба хабар қуралларының роли қандай? Пуқаралар сайлаўға таярлықтың барысын ҳәм сайлаў қандай өтип атырғанлығын, сайлаў комиссияларының жумысын, олардың қарарларын, сайлаў округлери, участкаларының дүзилгенлиги ҳаққында, сайлаў комиссияларының қурамы, олардың жайласқан жери ҳәм жумыс ўақты ҳаққында ғалаба хабар қураллары арқалы хабардар болады, сайлаўда қатнасып атырған сиясий партиялардың дизими менен танысыў имканиятына ийе болады, талабанлар ҳаққындағы, сондай-ақ, даўыс бериў ҳәм сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды ғалаба хабар қураллары арқалы билип алады.

Ғалаба хабар қураллары арқалы пуқаралар өзлериниң сайлаў ҳуқықларын қандай тәризде әмелге асырыў, сайлаўда қатнасып атырған ҳәр қыйлы сиясий партиялар ҳәм талабанлардың тийкарғы сайлаўалды сиясий позициялары ҳәм жәмийеттеги түрли мәселелерге көзқарасларынан хабардар болыў ҳәм ҳәзирги ўақытта оған өз пикирлерин билдириў имканиятына ийе болады.

Ғалаба хабар қуралларының сайлаў процессиндеги және бир әҳмийетли қатнасы олардың сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларды сәўлелендириў ҳуқықына байланыслы. Сайлаў кодексиниң 8, 35-статьяларына муўапық ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларды сәўлелендириў, сайлаў күни даўыс бериў имаратларында, соның ишинде, даўысларды санап шығыў ўақтында қатнасыў ҳуқықына ийе.

Ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ўәкилликлери Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен берилген ҳүжжетлер менен тастыйықланған болыўы керек. Басқа мәмлекетлердиң ғалаба хабар қуралларының ўәкиллерин Орайлық сайлаў комиссиясы акредитациядан өткереди. Орайлық сайлаў комиссиясының 2019-жыл 5-октябрьдеги қарары менен Сайлаў кампаниясы дәўиринде ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққында Реже тастыйықланды.

Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сайлаў кампаниясы басланғанын рәсмий жәриялаған күннен баслап, әдетте, сайлаўға кеминде он бес күн қалғанға шекем ОСК, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссияларына оларды аккредитациядан өткериў ҳаққында мүрәжат етиўи мүмкин.

Сайлаў процессиниң барлық илажлары ғалаба хабар қуралларының нәзеринде болыўы сайлаўларымызды ашық-айдын, еркин ҳәм әдил өткерилиўине, жәмийетшилик қадағалаўының тәмийинлениўине хызмет етеди.

Және бир мәселе. Сиясий партиялар, депутатлыққа талабанлардың ғалаба хабар қураллары менен сайлаў процессиндеги қатнасықлары нелерде көринеди? Онда ғалаба хабар қуралларының сайлаў кампаниясындағы ең әҳмийетли роли сайлаўалды үгит-нәсиятлаў басқышында көринеди. Сайлаўалды үгит-нәсиятлаў – бул сайлаў кампаниясының ең әҳмийетли басқышларынан бири болып, бир айдан аслам ўақыт даўам етеди, яғный сайлаўға 35 күн қалғанында басланады ҳәм бир күн қалғанда тоқтатылады. Сайлаў кодексиниң 45-46-статьяларына муўапық үгит-нәсиятлаў баспасөз конференциялары, интервьюлер, ғалаба хабар қуралларында шығыўлар формасында да алып барылыўы мүмкин. Үгит-нәсиятлаў ғалаба хабар қураллары, телекоммуникация тармақлары, сондай-ақ, Интернет арқалы да әмелге асырылады.

Онда әдилликти тәмийинлеўдиң ең әҳмийетли шәрти барлық партиялар, талабанлар ушын теңликти кепиллеў есапланады. Дүньяның айырым мәмлекетлеринде сайлаўалды үгит-нәсиятлаўда алдын сайлаўларда парламентте алған орынларына пропорционал тәризде ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыўды бөлистириў тәжирийбеси де бар екенлигин атап өтиў керек. Мәмлекетимиз сайлаў нызамшылығында болса барлық алдынғы сайлаўда ийелеген орнына қарамастан тең имканият бериледи. Соның ушын Сайлаў кодекси бойынша үгит-нәсиятлаў алып барылып атырғанда мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыўда көлеми бойынша бир қыйлы болған эфир ўақтын ҳәм басылым майданын бийпул бериў жолы менен тең шараятлар тәмийинленеди. Мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларында ҳақы есесине де эфир ўақты ямаса басылым ҳүжжетлерине муўапық эфир ўақты ямаса басылым майданы ажыратылыўы мүмкин.

Ғалаба хабар қураллары тәрепинен эфир ўақты, басылым майданы ушын белгиленетуғын ҳақы төлеў шәртлери ҳәм басқа да талаплар ҳәмме ушын тең ҳәм бир қыйлы болыўы керек.

Бийпул эфир ўақтынан сиясий партиялардың ўәкиллери ҳәм депутатлыққа талабанлар ғалабалық дебатлар, пикир-усыныслар, баспасөз конференциялары, интервью, шығыўлар, сайлаўшылардың мәжилиси, талабан ҳаққында роликлер жайластырыў ҳәм тағы басқа затлар ушын пайдаланыўы мүмкин.

Миллий сайлаў нызамшылығымыздың бул қағыйдалары сайлаўға байланыслы халықаралық стандартларға толық сәйкес келеди. Соның ишинде, Европада қәўипсизлик ҳәм бирге ислесиў кеңесиниң инсаныйлық нормасы бойынша конференциясы Копенгаген ҳүжжетиниң 7-статьясында мәмлекетлердиң ғалаба хабар қуралларынан тосқынлықларсыз пайдаланыў ушын сайлаў процессинде қатнасыў тилегин билдирген барлық сиясий топарлар ҳәм жеке шахсларға кемситпеў тийкарында қандай да бир юридикалық ямаса ҳәкимшилик тосқынлықлардың орнатылмаўын тәмийинлеўи керек екенлиги белгиленген.

2002-жылы Венеция комиссиясы тәрепинен қабыл етилген Сайлаўларға басшылық принциплериниң 2.3-бәнтине муўапық, барлық партия ҳәм талабанларға тең имканиятлар кепилленген болыўы керек, бул болса мәмлекетлик ҳәкимият уйымларынан ғалаба хабар қуралларында, атап айтқанда, мәмлекетке тийисли ғалаба хабар қуралларында партия ҳәм талабанларды сәўлелендириўге қалыс қатнаста болыўды нәзерде тутады.

Сайлаўға байланыслы ҳуқықый үгит-нәсиятлаў қуралы сыпатында ғалаба хабар қураллары халықтың сайлаў нызамшылығына байланыслы билимин арттырыўға қаратылған мақалалар, ток-шоулар, социаллық роликлер, көрсетиўлер ҳәм еситтириўлер шөлкемлестиреди.

Ғалаба хабар қуралларында, соның ишинде, ҳәмме пайдалана алатуғын телекоммуникация тармақларында депутатлыққа талабанлар ҳәм сиясий партияларды сәўлелендириў процессиниң мониторингин алып барыў Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги тәрепинен әмелге асырылады.

Жоқарыдағылардың ҳәммеси соны көрсетеди, сайлаў процесиниң барлық басқышлары ашық-айдын, ғалаба хабар қуралларының қатнасыўында, барлық партиялар ҳәм талабанлар ушын тең және әдил өткерилиўи ушын зәрүр нызамшылық базасы жаратылған.

Сайлаў процесинде ғалаба хабар қуралларының қатнасыўы пуқаралардың сөз ҳәм мәлимлеме еркинлигин, өз пикирин еркин билдириў, мәлимлеме алыў ҳуқықларын тәмийинлеўге, сайлаў нызамшылығы үстинен жәмийетлик қадағалаўды әмелге асырыўға, нәтийжеде болса шын мәнисинде демократиялық, пуқаралық жәмийетти қурыўға хызмет етеди.

Миравзал Миракулов,

Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясы

Әскерий-техникалық институт

баслығының биринши орынбасары,

юридикалық илимлердиң докторы

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги