USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 20 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН ПРЕЗИДЕНТИ ҒМДА МӘМЛЕКЕТЛЕРИНИҢ АРНАЎЛЫ ХЫЗМЕТЛЕР БАСШЫЛАРЫН ҚАБЫЛ ЕТТИ

Өзбекстан Республикасының Президенти Шавкат Мирзиёев 7-ноябрь күни Ғәрезсиз Мәмлекетлер Дослық Аўқамының қәўипсизлик уйымлары ҳәм арнаўлы хызметлер басшылары кеңесиниң Ташкенттеги мәжилисинде қатнасыў ушын келген делегациялардың баслықларын қабыл етти.

Президентимиз мийманларды қутлықлап, Өзбекстанда ҒМДА шеңбериндеги көп қырлы қатнасықларды, соның ишинде, заманагөй қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў бағдарындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге үлкен әҳмийет қаратылып атырғанын атап өтти.

4cb4539d-31ad-152f-e119-7e327c92d29f.jpg

Қәўипсизликти тәмийинлеў тараўындағы әмелий бирге ислесиўди және де беккемлеў мәмлекетимиздиң Дослық Аўқамына 2020-жылғы басшылығының тийкарғы бағдарларынан бири екенлиги атап өтилди.

Шөлкемге ағза мәмлекетлердиң арнаўлы хызметлери арасындағы жақын бирге ислесиўди даўам еттириў, соның ишинде, оператив мәлимлеме алмасыў ҳәм терроризм, экстремизм, наркотрафик ҳәм шөлкемлескен жынаятшылықты сапластырыў бойынша қоспа илажлар өткериў зәрүр екенлигине айрықша итибар қаратылды.

2abf3880-3513-495a-f301-0d442b6a4459.jpg

Кибержынаятшылыққа қарсы гүресиўде, интернет ҳәм басқа да мәлимлеме-коммуникация технологияларынан күш көрсетиў ҳәм радикал көзқарасларды үгит-нәсиятлаў мақсетинде пайдаланыўға шек қойыў бағдарында ис-ҳәрекетлерди бирлестириў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Мийманлар қызғын қабыл еткени ушын Өзбекстан Президентине миннетдаршылық билдирип, өз мәмлекетлери басшыларының сәлем ҳәм жақсы тилеклерин жеткерди.

Ушырасыўда регионаллық қәўипсизлик ҳәм турақлылықты тәмийинлеўдиң басқа да әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

c094a8c3-44c0-ee73-9a81-5bbfcc5f9ff2.jpg

 

ӨзА