Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен «Сайлаў нызамшылығы айлығы» шеңберинде «Сайлаў ҳәм жаслар» атамасында ушырасыў өткерилди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде болып өткен илажда Қарақалпақстан  Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң ҳәм районлық (қалалық) Кеңеслердиң депутатлары, университеттиң профессор-оқытыўшылары менен студент-жаслары, партияның «Жаслар қанаты» жанында дүзилген «Жас сиясатшылар», «Жас демократлар» ҳәм «Жас лидерлер» клубларының ағзалары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Ушырасыўда партияның белсендилери ҳәм депутатлар шығып сөйлеп, быйылғы сайлаўларда жаслардың белсене қатнасыўы ушын әмелге асырылып атырған үгит-нәсиятлаў илажлары, талабанлардың жоқары ҳуқықый-сиясий билими үлкен әҳмийетке ийе екенлиги атап өтилди.

Жаслар болажақ сайлаўларға байланыслы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илаж ақырында партия қатарына қабыл етилген бир топар студент-жасларға ағзалық гүўалықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды ҳәм қатнасыўшыларға концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.