Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театрында Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша Қарақалпақстан Республикалық кеңеси тәрепинен пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларында коррупцияға қарсы гүресиў бойынша үгит-нәсият жумысларын жетилистириў, пуқаралардың ҳуқықый санасы ҳәм мәдениятын жетилистириў, пуқаралар жыйынларында коррупция жағдайларының жүз бериўиниң алдын алыў мақсетинде «Ең белсенди пуқаралар жыйыны» таңлаўының Қарақалпақстан Республикалық басқышы өткерилди.

Таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларында қатнасқан 391 пуқаралар жыйыны баслығынан жеңимпаз болған он алтысы усы басқышта үш шәрт бойынша беллести.

Илажда шығып сөйлегенлердиң атап өткениндей коррупция ең дәслеп, жәмийеттиң раўажланыўына тосқынлық ететуғын, елимиздеги ҳәрекет етип турған нызамларға исенимсизлик және оларға ҳүрметсизлик руўхын жүзеге келтиретуғын унамсыз иллет болып табылады. «Коррупцияға қарсы гүресиў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы Нызамының қабыл етилиўи  бул иллетке қарсы гүресиўде ҳуқықый ҳүжжет болып хызмет етпекте. Нызамның 3-бабы оған қарсы гүресиў тараўында мәмлекетлик уйымлар ҳәм басқа да шөлкем хызметкерлериниң, кең жәмийетшиликтиң ҳуқықый сана ҳәм мәдениятын жетилистириўге арналған болып, онда лаўазымлы және басқа да хызметкерлердиң ҳуқықый саўатлылығын, соның ишинде ҳуқықый билим дәрежесин арттырыў бойынша тийисли илажлар көриў белгиленген. Сондай-ақ, усы жыл 27-майда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүресиў системасын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыўға хызмет етпекте.

Коррупцияға қарсы гүресиў бойынша Республика уйымлараралық комиссиясы ҳәм Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын муўапықластырыў бойынша республикалық кеңеси арасында қоспа қарар қабыл етилген болып, онда елимизде ҳуқықый билим ҳәм ағартыўшылық үгит-нәсият жумысларын түп-тийкарынан жақсылаў мақсетинде «Ең белсенди пуқаралар жыйыны» республикалық таңлаўын өткериў белгиленген.

Таңлаў даўамында Нөкис қаласындағы «Ватанпарвар» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Райхан Бекниязова биринши, Тахтакөпир районы «Айдынжол» мәкан пуқаралар жыйынының баслығы Айсара Балтамуратова екинши, Мойнақ районындағы «Таллы-өзек» мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Бийбихан Утамбетова үшинши орынды қолға киргизди I орын таңлаўдың республикалық басқышына жоллама алды.

-Елимизде коррупция иллетин түп-тамыры менен жоқ етиў мақсетинде ҳуқықый тийкар жаратылып, бир қатар әҳмийетли илажлар әмелге асырылмақта, – дейди «Ватанпарвар» МПЖ баслығы Р.Бекниязова. – Солай екен, бул иллетке қарсы пуқараларымыздың белсендилигин арттырыўымыз, әтирапымызда болып атырған ҳәр қандай унамсыз қубылысларға бийпәрўа болмаўымыз, ҳәр биримиздиң хызметимиз жәмийетшилик қадағалаўында екенлигин терең сезиниўимиз тийис.

Илаж соңында таңлаўда белсене қатнасқан пуқаралар жыйынларының баслықлары баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

 

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.