USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Пийшемби, 25 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ САЙЛАЎ КОДЕКСИ

1-бап. УЛЫЎМА РЕЖЕЛЕР

1-статья.Усы Кодекс пенен тәртипке салынатуғын қатнасықлар
Усы Кодекс Өзбекстан Республикасы Президенти, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының (буннан былай текстте – Нызамшылық палатасы) депутатлары, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының (буннан былай текстте – Сенат) ағзалары, халық депутатларының ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң (буннан былай текстте – жергиликли Кеңеслер) депутатлары сайлаўларына таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы қатнасықларды тәртипке салады және Өзбекстан Республикасы пуқараларының ерк-ықрары еркин билдирилиўин тәмийнлеўши кепилликлерди белгилейди.

2-статья. Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери
Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасының Конституциясы, усы Кодекс ҳәм Өзбекстан Республикасының басқа да нызам ҳүжжетлеринен ибарат.

3-статья. Өзбекстан Республикасында сайлаў өткериўдиң тийкарғы принциплери
Өзбекстан Республикасында сайлаў улыўма, тең, тиккелей сайлаў ҳуқықы тийкарында жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи.
Сайлаў ашық ҳәм жәриялылық түринде өткериледи.

4-статья. Улыўма сайлаў ҳуқықы
Өзбекстан Республикасы Президенти, Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўлары улыўмалық есапланады.
Сайлаў күни он сегиз жасқа толған Өзбекстан Республикасы пуқаралары (буннан былай текстте — пуқаралар) сайлаў ҳуқықына ийе.
Пуқаралар жынысы, расасы ҳәм миллети, тили, динге қатнасы, социаллық шығысы, исеними, жеке ҳәм социаллық жағдайы, мағлыўматы, жумысының түри ҳәм өзгешелегине қарамастан, тең сайлаў ҳуқықына ийе.

5-статья. Тең сайлаў ҳуқықы
Сайлаўда қатнасыўшы ҳәр бир пуқара бир даўысқа ийе.
Суд тәрепинен уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайланыўы мүмкин емес.
Суд тәрепинен уқыпсыз деп табылған пуқаралар, сондай-ақ аўыр ҳәм жүдә аўыр жынаятлар ислегени ушын суд ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар сайлаўда қатнаспайды.

6-статья. Тиккелей сайлаў ҳуқықы
Өзбекстан Республикасы Президенти, Нызамшылық палатасының депутатлары, жергиликли Кеңеслердиң депутатлары пуқаралар тәрепинен тиккелей сайланады.

7-статья. Жасырын даўыс бериў
Сайлаўда еркин ҳәм жасырын даўыс бериледи. Сайлаўшылардың ерк-ықрарын қадағалаўға жол қойылмайды.
Жасырын даўыс бериў сайлаўшының ерк-ықрары үстинен ҳәр қандай түрде қадағалаў имканиятын болдырмайтуғын тийисли шараятларды жаратыў арқалы тәмийнленеди.

8-статья. Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўдеги ашықлық ҳәм жәриялылық
Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўди сайлаў комиссиялары ашық ҳәм жәриялылық түрде әмелге асырады.
Сайлаў комиссиялары пуқараларды өз жумыслары ҳаққында, сайлаў округлери, участкаларының дүзилгенлиги ҳаққында, сайлаў комиссияларының қурамы, олардың жайласқан орны ҳәм жумыс ўақты ҳаққында хабардар етеди, сайлаўшылардың дизимлери, сайлаўда қатнасып атырған сиясий партиялардың дизими менен таныстырады, Өзбекстан Республикасы Президентлигине, Нызамшылық палатасы депутатлығына, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар ҳаққындағы, сондай-ақ, даўыс бериў ҳәм сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды мәлим етеди.
Ғалаба хабар қураллары сайлаўға таярлықтың барысын ҳәм сайлаў қалай өтип атырғанын сәўлелендирип барады.
Сайлаў комиссияларының мәжилислери ашық өткериледи. Сайлаў комиссияларының қарарлары ғалаба хабар қуралларында жәрияланады яки усы Кодексте белгиленген тәртипте ҳәммеге мәлимленеди.
Сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге тийисли барлық илажларда, сондай-ақ, сайлаў күни даўыс бериў бөлмелеринде ҳәм даўысларды санап шығыўда Өзбекстан Республикасы Президентлигине, Нызамшылық палатасы депутатлығына, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды көрсеткен сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан бақлаўшылар, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар қатнасыў ҳуқықына ийе.

2-бап. САЙЛАЎ ОКРУГЛЕРИ ҲӘМ УЧАСТКАЛАРЫ

9-статья. Сайлаў округлерин дүзиў
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлери Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы шегаралары шеңберинде Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясы (буннан былай текстте — Орайлық сайлаў комиссиясы) тәрепинен дүзиледи.
Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериў ушын бир жүз елиў аймақлық сайлаў округи дүзиледи. Ҳәр бир сайлаў округинен бир депутат сайланады.
Нызамшылық палатасы депутатларының сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлери Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатларының ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң усынысы бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.
Нызамшылық палатасы депутатларының сайлаўын өткериў бойынша сайлаў округлериниң шегаралары Қарақалпақстан Республикасының, ўәлаятлардың ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисин есапқа алған ҳалда, әдетте, Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында сайлаўшылар саны тең болған ҳалда белгиленеди.
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў ушын төмендеги сайлаў округлери дүзиледи:
халық депутатларының ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериў ушын — алпыстан көп болмаған сайлаў округи;
халық депутатларының районлық ҳәм қалалық Кеңеслерине сайлаў өткериў ушын — отыздан көп болмаған сайлаў округи. Ҳәр бир сайлаў округинен бир депутат сайланады.
Усы Кодексте белгиленген нормалар шеңберинде жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў ушын сайлаў округлериниң саны тийисли жергиликли Кеңес тәрепинен халықтың, сайлаўшылардың саны, аймақ ҳәм басқа да жергиликли шараятлардан келип шыққан ҳалда белгиленеди.
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша сайлаў округлери тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен, әдетте, сайлаўшылар саны тең ҳалда дүзиледи. Сайлаў округлериниң шегаралары ўәлаятлар, районлар ҳәм қалалардың ҳәкимшилик-аймақлық дүзилисин есапқа алған ҳалда белгиленеди.
Сайлаў округлерин дүзиўде сайлаў округлериндеги сайлаўшылар санының жол қойылатуғын ең көп шетке шығыўы, әдетте, он проценттен аспаўы керек.
Сайлаў округлериниң дизимлери олардың шегаралары, сайлаўшылар саны ҳәм округлик сайлаў комиссияларының жайласқан орны көрсетилген ҳалда сайлаўдан кеминде жетпис бес күн алдын тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен жәрияланады.

10-статья. Сайлаў участкаларын дүзиў тәртиби ҳәм нормасы
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм жергиликли Кеңеслерге депутатлар сайлаўын өткериў бойынша сайлаў участкалары район ҳәм қалалар ҳәкимликлериниң усынысы бойынша округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен дүзиледи.
Сайлаўшыларға мүмкиншилиги болғанынша көбирек қолайлылық жаратыў мақсетинде сайлаў участкалары районлардың, қалалардың, қалалардағы районлардың шегараларын есапқа алған ҳалда дүзиледи. Участкалар әскерий бөлимлерде де дүзиледи ҳәм бөлимлер жайласқан жердеги округлерге киреди. Сайлаў участкаларының шегаралары басқа сайлаў округлериниң шегараларын кесип өтпеўи тийис.
Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, санаторийлерде, дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар жасап атырған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары дүзилиўи мүмкин. Бул участкалар олар жайласқан орындағы сайлаў округлерине киреди. Өзбекстан Республикасынан тысқарыда дүзилетуғын участкаларды округке бириктириў ҳаққындағы мәселе Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен шешиледи.
Әскерий бөлимлерде сайлаў участкалары бөлимлер яки әскерий бирлеспелер командирлериниң усынысы бойынша округлик комиссиялар тәрепинен дүзиледи. Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында сайлаў участкалары Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигиниң усынысы бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи.
Сайлаў участкалары сайлаўға кеминде алпыс күн қалғанда, әдетте, сайлаўшылар саны жигирмадан кем болмаған ҳәм үш мыңнан көп болмаған ҳалда дүзиледи. Әскерий бөлимлерде, Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, сондай-ақ, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында сайлаў участкалары әне усы мүддетте, айырым жағдайларда болса сайлаўға кеминде жети күн қалғанда дүзиледи.
Сайлаў участкаларының саны округлер санынан кем болыўы мүмкин емес.
Округлик сайлаў комиссиясы сайлаў участкаларының тәртип санын белгилейди ҳәм тийисли участка комиссиясының телефон номерлерин, жайласқан орнын ҳәм даўыс бериў имаратын көрсеткен ҳалда сайлаўшыларды ҳәр бир участканың шегаралары ҳаққында хабардар етиўди шөлкемлестиреди.
Нызамшылық палатасы, жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўы бир ўақытта өткерилген жағдайда Нызамшылық палатасы депутатларының сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен бирден-бир сайлаў участкалары дүзиледи.

3-бап. САЙЛАЎ КОМИССИЯЛАРЫ

11-статья. Сайлаў комиссиялары системасы
Сайлаў комиссиялары системасына төмендегилер киреди:
Орайлық сайлаў комиссиясы;
ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары;
округлик сайлаў комиссиялары;
участкалық сайлаў комиссиялары.
Сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысын ҳәр қандай мәмлекетлик уйымлардан, жәмийетлик бирлеспелерден ҳәм лаўазымлы шахслардан бийғәрез ҳалда әмелге асырады.
Сайлаў комиссияларының жумысына араласыўға жол қойылмайды ҳәм бундай араласыў нызамға муўапық жуўапкершиликти келтирип шығарады.
Сайлаў комиссиялары ҳәм олардың ағзалары өз жумысында Өзбекстан Республикасы Конституциясын, усы Кодексти ҳәм басқа да нызам ҳүжжетлерин басшылыққа алады.
Мәселелерди көрип шығыў ҳәм қарарлар қабыл етиў сайлаў комиссиясы тәрепинен коллегиал тәризде әмелге асырылады.
Сайлаў комиссиялары өз жумысын ашық ҳәм жәриялылық түрде әмелге асырады.
Сайлаў комиссиясының мәжилислеринде сиясий партиялардың, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар қатнасыўы мүмкин.
Сайлаў комиссиялары талабанларға, сиясий партияларға сайлаў мапазын өткериў ушын тең шараятларды, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын ажыратылған бюджет қаржыларының әдиллик пенен бөлистирилиўин, даўыс бериўдиң ҳәм сайлаў жуўмақларын шығарыўдың ҳадал болыўын тәмийнлеў бойынша зәрүр илажлар көреди.

12-статья. Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў
Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң палаталары тәрепинен кеминде он бес ағзадан ибарат қурамда дүзиледи.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң усынысы бойынша Нызамшылық палатасы ҳәм Сенат тәрепинен сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысы бойынша комиссия ағзалары арасынан комиссия мәжилисинде сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығының орынбасары ҳәм комиссия хаткери комиссия ағзалары арасынан комиссия мәжилисинде сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы тийисли гүўалыққа ийе болады.
Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығының ҳәм оның орынбасарының гүўалығы Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен, Орайлық сайлаў комиссиясы басқа ағзаларының гүўалығы болса Нызамшылық палатасының Спикери ҳәм Сенат Баслығы тәрепинен имзаланады.

13-статья. Орайлық сайлаў комиссиясына ағзалық
Жигирма бес жасқа толған, әдетте, жоқары мағлыўматқа, сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша ис тәжирийбесине ийе болған, жәмийетшилик арасында абыройға ийе ҳәм кеминде кейинги бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған пуқара Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин.
Аўыр яки жүдә аўыр жынаятлар ислегени ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған пуқаралар, Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң, басқа да әскерийлестирилген бөлимшелердиң хызметкерлери, диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметкерлери Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы басқа сайлаў комиссиясының яки сиясий партияның ағзасы болыўы мүмкин емес.
Орайлық сайлаў комиссиясының Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан етип, Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан етип, Сенат ағзалығына талабан етип, исенимли ўәкил етип дизимге алынған ағзасы комиссия қурамынан шығып кеткен деп есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасының ўәкилликлери Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталары тәрепинен тиккелей яки оны ағзалыққа усынған уйымның усынысы бойынша төмендеги жағдайларда тоқтатылыўы мүмкин:
ол өз ўәкилликлерин тоқтатыў туўралы жазба арза бергенде;
ол суд тәрепинен уқыпсыз деп табылғанда;
оған байланыслы судтың айыплаў ҳүкими нызамлы күшке киргенде;
ол өз ўазыйпаларын турақлы түрде орынламай келгенде;
нызамға муўапық ол Орайлық сайлаў комиссиясы ағзасының ўәкилликлерин әмелге асырыў менен бир ўақытта шуғылланып болмайтуғын лаўазымға сайланғанда яки тайынланғанда;
ол судтың нызамлы күшке кирген қарары тийкарында бийдәрек жоғалған деп табылғанда яки қайтыс болған деп жәрияланғанда;
ол Өзбекстан Республикасы пуқаралығын жоғалтқанда;
ол қайтыс болғанда.
Орайлық сайлаў комиссиясының жаңа ағзасы усы Кодексте белгиленген тәртипте сайланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы усы комиссияның қарарына муўапық комиссияда турақлы тийкарда ислеўи мүмкин. Орайлық сайлаў комиссиясында турақлы тийкарда ислеўши комиссия ағзаларының саны көби менен жети адамнан ибарат болады.
Орайлық сайлаў комиссиясының турақлы тийкарда ислеўши ағзалары илимий ҳәм педагогикалық жумыстан тысқары ҳақы төленетуғын басқа түрдеги жумыс пенен шуғылланыўы мүмкин емес.
Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларына Нызамшылық палатасы депутатларына, Сенат ағзаларына байланыслы қолланылатуғын қол қатылмаслық ҳаққындағы қағыйдалар қолланылады.

14-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының ўәкилликлери
Орайлық сайлаў комиссиясы:
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаўды өткериў ушын дүзилетуғын сайлаў комиссиялары системасына басшылық етеди, Өзбекстан Республикасының пүткил аймағында усы Кодекстиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, оның бирдей тәризде қолланылыўын тәмийнлейди;
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Нызамшылық палатасы, жергиликли Кеңеслер депутатларын сайлаў бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығын жәриялайды;
сайлаў комиссияларының жумысын методикалық жақтан тәмийнлеўди әмелге асырады, сайлаўды шөлкемлестириў мәселелери бойынша өз ўәкилликлери шеңберинде қарарлар қабыл етеди, көрсетпелер менен режелерди тастыйықлайды, түсиндириўлер береди;
Сайлаў процесин басқарыўдың информациялық системасын енгизиў ҳәм Өзбекстан Республикасы сайлаўшыларының бирден-бир электрон дизиминен (буннан былай текстте — Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими) пайдаланыў жумысы бойынша улыўма басшылықты ҳәм муўапықластырыўды әмелге асырады;
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары сайлаўларын өткериў ушын сайлаў округлерин дүзеди;
Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында дүзилген сайлаў участкаларын тийисли округлерге бириктириў ҳаққындағы мәселелерди шешеди;
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары сайлаўларын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссияларын дүзеди, сондай-ақ, олардың жайласқан жери ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
сайлаў комиссиялары қурамына өзгерислер киргизиў тәртибин белгилейди;
егер округлик сайлаў комиссияларының қарарлары усы Кодекске қайшы келсе, усы қарарларды өз бетинше яки Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының усынысына муўапық бийкарлайды;
шет еллердиң, халықаралық шөлкемлердиң сайлаўдағы бақлаўшыларына мандатлар береди;
сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге тийисли қәрежетлер сметасын ислеп шығады ҳәм тастыйықлайды, пул қаржыларын сайлаў комиссияларына бөлистиреди, соның ишинде сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын бөлистиреди, сайлаў комиссияларының имаратлар, транспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийнлениўин қадағалайды, сайлаўды материаллық-техникалық жақтан тәмийнлеўге байланыслы басқа да мәселелерди көрип шығады;
сиясий партиялардың, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының бақлаўшылары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери, басқа мәмлекетлердиң, халықаралық шөлкемлердиң бақлаўшылары ушын мандат үлгисин белгилейди;
усынылған ҳүжжетлер тийкарында сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўына руқсат бериў ҳаққында қарар қабыл етеди;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды ҳәм Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды усынған сиясий партиялардан тийисли ҳүжжетлерди қабыл етип алады;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды ҳәм Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды дизимге алады, дизимге алынған талабанлардың дизимлери менен олар ҳаққындағы мағлыўматлардың баспасөзде жәрияланыўын және оларға гүўалықлар бериўди шөлкемлестиреди;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлардың исенимли ўәкиллерин дизимге алады ҳәм оларға гүўалықлар береди;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларға ҳәм Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларға сайлаўда қатнасыўы ушын тең шараятларды тәмийнлейди;
Өзбекстан Республикасы Президенти, Нызамшылық палатасы депутатлары ҳәм Сенат ағзалары сайлаўларына байланыслы сайлаў бюллетенлериниң, сайлаўшылар дизимлериниң, имза қағазларының, сайлаў комиссиялары баянламаларының ҳәм басқа да ҳүжжетлердиң, сайлаў қутыларының ҳәм сайлаў комиссиялары мөрлериниң үлгилери менен формаларын, оларды сақлаў тәртибин белгилейди;
сайлаў бюллетенлерин таярлаў ҳәм сайлаў участкаларына жеткериў тәртибин белгилейди;
сайлаў комиссиялары, сиясий партиялар, министрликлер, мәмлекетлик комитетлер ҳәм кеңселер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, басқа да мәмлекетлик уйымлар менен жәмийетлик бирлеспелер ўәкиллериниң сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлайды;
сайлаўдың жуўмақларын шығарады, Өзбекстан Республикасы бойынша даўыс бериўдиң улыўма нәтийжелерин анықлайды ҳәм даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылар саны, ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар саны ҳаққындағы хабарды баспасөзде жәриялайды;
усы Кодексте нәзерде тутылған жағдайларда қайта даўыс бериў, Нызамшылық палатасы депутатларының яки Сенат ағзаларының қайта сайлаўы ҳәм босап қалған орынларға сайлаў өткерилиўин, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қайта даўыс бериў ҳәм қайта сайлаў өткерилиўин шөлкемлестиреди;
сайланған Нызамшылық палатасы депутатларын ҳәм Сенат ағзаларын дизимге алады, сондай-ақ, олардың дизимин баспасөзде ҳәм басқа да дәреклерде жәриялайды;
сайлаўдан кейин Нызамшылық палатасының, Сенаттың биринши мәжилисин шақырады;
сайланған шахсқа Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланғанлығы ҳаққында гүўалық тапсырады;
Нызамшылық палатасы депутатына ҳәм Сенат ағзасына тийислисинше Нызамшылық палатасы депутатының ҳәм Сенат ағзасының гүўалығы менен көкирекке тағатуғын белгисин береди;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди;
усы Кодекс талаплары бузылғанлығы ҳаққындағы материалларды судқа яки ҳуқық қорғаў уйымларына тапсырады; басқа мәмлекетлердиң сайлаў уйымлары, халықаралық шөлкемлер ҳәм шет еллердиң ўәкиллери менен халықаралық бирге ислесиўди әмелге асырады, ушырасыўлар шөлкемлестиреди, келисимлер ҳәм меморандумлар дүзеди;
шет еллердеги сайлаўларды бақлаўда қатнасады, соның ишинде халықаралық шөлкемлердиң миссиялары қурамында қатнасады;
халықаралық шөлкемлерди, шет еллердиң сайлаў уйымларын ҳәм ўәкиллерин сайлаўларды бақлаў ушын мирәт етеди;
сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы ҳүжжетлердиң кеңселик архивлерге тапсырылыўын тәмийнлейди;
Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Регламентин тастыйықлайды; жәмийетшилик, ғалаба хабар қураллары менен байланысларды беккемлейди ҳәм раўажландырады.

15-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының
Баслығы Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы:
Орайлық сайлаў комиссиясының жумысына басшылықты әмелге асырады;
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислерин шақырады, оларда басшылық етеди, комиссия ағзалары арасында ўазыйпаларды бөлистиреди;
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислеринде қатнасыў ушын мәмлекетлик уйымлардың, сиясий партиялардың ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелердиң, шөлкемлердиң ўәкиллерин ҳәм лаўазымлы шахсларын мирәт етеди;
мәмлекетлик уйымлар, халықаралық шөлкемлер, жәмийетлик бирлеспелер менен қатнасықларда Орайлық сайлаў комиссиясы атынан ис жүргизеди;
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў жуўмақлары ҳаққында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарына мәлимлеме береди;
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарларын ҳәм басқа да ҳүжжетлерин имзалайды;
Орайлық сайлаў комиссиясының жумысын тәмийнлеў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен ажыратылған қаржыларды бөлистиреди ҳәм олардан мақсетли пайдаланылыўын қадағалайды;
тийислисинше Нызамшылық палатасының ҳәм Сенаттың биринши мәжилисин ашады ҳәм Нызамшылық палатасы Спикери менен Сенат Баслығы сайланғанға шекем онда басшылық етеди.
Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығының өз ўәкилликлерин әмелге асырыў имканияты болмағанда, сондай-ақ, Баслық болмаған жағдайда Баслықтың ўазыйпалары Баслық орынбасарына яки Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен комиссия ағзаларынан биреўине жүкленеди.

16-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислери ҳәм қарарлары
Орайлық сайлаў комиссиясы жумысының шөлкемлестириў формасы оның мәжилислери болып, олар зәрүрликке қарап өткериледи. Егер мәжилисте комиссия ағзалары улыўма санының кеминде үштен еки бөлеги қатнасса, мәжилис ўәкилликли болып есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары ашық даўыс бериў арқалы, комиссия ағзалары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабылланады. Даўыслар тең бөлинип қалған жағдайда Орайлық сайлаў комиссиясы Баслығының даўысы шешиўши болып есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилислеринде баянлама жүргизилип, ол басшылық етиўши ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери тәрепинен имзаланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары айырықша пикир билдириўге ҳақылы болып, бул пикир жазба түрде баянламаға қосымша етиледи.
Орайлық сайлаў комиссиясы өз ўәкилликлери шеңберинде қарарлар қабыл етеди, қарарлар Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы тәрепинен имзаланады.
Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары қабыл етилген ўақыттан баслап күшке киреди ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында сол күнниң өзинде, сондай-ақ, зәрүр болған жағдайларда басқа дәреклерде жәрияланыўы тийис.
Орайлық сайлаў комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл ететуғын қарарлары округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары, мәмлекетлик уйымлар, сиясий партиялар ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер ушын мәжбүрий болып есапланады.

17-статья. Орайлық сайлаў комиссиясының
Секретариаты Орайлық сайлаў комиссиясының жумысын тәмийнлеў ушын оның Секретариаты дүзиледи.
Секретариат жумысына Орайлық сайлаў комиссиясының хаткери басшылық етеди.
Секретариаттың дүзилиси, штатлары ҳәм оның ис тәртиби Орайлық сайлаў комиссиясының Баслығы тәрепинен тастыйықланады.

18-статья. Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясының Регламенти
Орайлық сайлаў комиссиясы жумысы тәртиби Орайлық сайлаў комиссиясының мәжилисинде қабыл етилетуғын Регламент пенен белгиленеди.

19-статья. Ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссияларын дүзиў
Жергиликли Кеңеслерге сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў ушын:
халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша ўәлаятлық сайлаў комиссиясы; халық депутатлары районлық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша районлық сайлаў комиссиясы;
халық депутатлары қалалық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша қалалық сайлаў комиссиясы дүзиледи.
Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиялары тийисли жергиликли Кеңеслер тәрепинен сайлаўға кеминде сексен күн қалғанда комиссияның жети — он бес ағзасынан ибарат қурамда дүзиледи ҳәм өз ўәкилликлерин кейинги сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланғанға шекем әмелге асырады.
Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссияларының баслықлары усы комиссия ағзалары арасынан сайлаў комиссиясы мәжилисинде тийисли жергиликли Кеңестиң усынысына муўапық сайланады.
Комиссия баслығының орынбасары ҳәм комиссия хаткери комиссия мәжилисинде оның ағзалары арасынан сайланады. Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиялары рәсмий веб-сайтларында ҳәм баспасөз басылымларында өз қурамы, мәнзили ҳәм комиссияның телефон номерлери ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды.

20-статья. Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясының ўәкилликлери
Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы:
тийисли аймақта усы Кодекстиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады, оның бирдей тәризде қолланылыўын тәмийнлейди және сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериў мәселелери бойынша түсиниклер береди;
тийисли жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша сайлаў округлерин дүзеди, оларға атама ҳәм тәртип санын береди және усы округ комиссиясы жайласқан жер ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
тийисли жергиликли Кеңеске сайлаў өткериў бойынша округлик сайлаў комиссияларын дүзеди ҳәм комиссия қурамы ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
тийисли сайлаў комиссияларының жумысын бағдарлап барады, олардың қурамына өзгерислер киргизиў тәртибин белгилейди, егер округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының қарарлары усы Кодекске қайшы келсе, усы қарарларды өз бетинше яки ўәлаят, район, қала прокурорының усынысына муўапық бийкарлаўы мүмкин;
депутатлыққа талабанлар көрсеткен сиясий партиялардан тийисли ҳүжжетлерди қабыл етип алады;
депутатлыққа талабанларды дизимге алады ҳәм оларға гүўалықлар береди;
депутатлыққа талабанлар сайлаў кампаниясында қатнасыўы ушын тең шараятларды тәмийнлейди;
пул қаржыларын тийисли сайлаў комиссиялары арасында бөлистиреди, сайлаў комиссияларының имаратлар, транспорт ҳәм байланыс қураллары менен тәмийнлениўин қадағалайды, сайлаўды материаллық-техникалық жақтан тәмийнлеў бойынша басқа да мәселелерди көрип шығады;
тийисли жергиликли Кеңеске сайлаў бойынша сайлаў бюллетенлериниң, сайлаўшылар дизимлериниң, сайлаў комиссиялары баянламаларының, өз мөриниң, сайлаўға тийисли басқа да ҳүжжетлердиң формаларын тастыйықлайды ҳәм таярланыўын тәмийинлейди;
сиясий партиялар, басқа жәмийетлик бирлеспелер, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллериниң және кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемелерин тыңлайды;
тийисли жергиликли Кеңеске өткерилген сайлаў жуўмақларын шығарады, сайланған депутатларды дизимге алады, сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы мағлыўматларды ҳәм сайланған депутатлардың дизимлерин баспасөзде жәриялайды (ҳәммеге мәлимлейди);
депутатларға тийисли жергиликли Кеңес депутаты гүўалығын ҳәм көкирекке тағатуғын белгисин береди; қайта сайлаў өткериўге байланыслы мәселелерди шешеди;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжетлерин көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди;
усы Кодекс талаплары бузылғанлығы ҳаққындағы материалларды судқа яки тийисли ҳуқық қорғаў уйымларына тапсырады; сайлаўды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы ҳүжжетлердиң архивлерге ҳәм кеңселик архивлерге тапсырылыўын тәмийнлейди.

21-статья. Округлик сайлаў комиссияларын дүзиў
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Нызамшылық палатасының депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиясы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен, жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиясы болса тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда комиссия баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери ҳәм комиссияның басқа алты — сегиз ағзасынан ибарат қурамда дүзиледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округлик сайлаў комиссиялары ағзалығына талабанлар Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң мәжилислеринде додаланады ҳәм Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықлаў ушын усынылады.
Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша округлик сайлаў комиссияларының ағзалары халық депутатлары районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң усынысына муўапық тастыйықланады.
Халық депутатлары районлық, қалалық Кеңесине сайлаў өткериў бойынша округлик сайлаў комиссияларының ағзалары пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының усынысына муўапық тастыйықланады.
Округлик сайлаў комиссиясының ағзалары жәмийетшиликтиң абыройлы ўәкиллери арасынан тастыйықланады.

22-статья. Округлик сайлаў комиссиясының ўәкилликлери
Округлик сайлаў комиссиясы:
тийисли аймақта усы Кодекстиң орынланыўы үстинен қадағалаўды әмелге асырады;
сайлаў участкаларын дүзеди, округ бойынша олардың тәртип санын белгилейди, мәнзилин көрсеткен ҳалда олардың дизимин жәриялайды;
участкалық сайлаў комиссияларының жумысын муўапықластырады;
сайлаў участкаларының жайласқан орны ҳаққында сайлаўшыларды хабардар етеди;
участкалық сайлаў комиссияларын дүзеди ҳәм олардың қурамы ҳаққындағы мағлыўматларды жәриялайды;
талабанларға сайлаў кампаниясында қатнасыў ушын тең шараятларды тәмийнлейди;
талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларын шөлкемлестириўге көмеклеседи;
депутатлыққа талабанлардың исенимли ўәкиллерин дизимге алады ҳәм оларға тийисли гүўалықлар береди;
сиясий партиялар, басқа жәмийетлик бирлеспелер, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ўәкиллериниң, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер басшыларының сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәлимлемесин тыңлайды;
сайлаўшылар дизимлериниң дүзилиўин ҳәм олардың ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылыўын бақлап барады;
сайлаў округи бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлайды ҳәм оларды тийислисинше Орайлық сайлаў комиссиясына, ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясына усынады;
қайта даўыс бериў ҳәм қайта сайлаў, сондай-ақ, босап қалған орынларға депутатлар сайлаўы өткерилиўин шөлкемлестиреди;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди.

23-статья. Участкалық сайлаў комиссиясын дүзиў
Участкалық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўға кеминде қырқ күн қалғанда бес — он тоғыз ағзадан, соның ишинде, баслық, баслықтың орынбасары ҳәм хаткерден ибарат қурамда дүзиледи.
Егер комиссия жети ағзаға шекемги қурамда дүзилсе, баслық ҳәм хаткер сайланады.
Зәрүр болған жағдайларда участкалық сайлаў комиссиясының сан қурамы өзгертилиўи мүмкин.
Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханаларында участкалық сайлаў комиссиясы баслығының ўазыйпаларын усы ўәкилханалардың басшысы әмелге асырады.
Участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер ҳәм шөлкемлер тәрепинен усынылып, бул талабанлар халық депутатлары районлық, қалалық Кеңеслердиң мәжилислеринде додаланады ҳәм тийисли округлик сайлаў комиссиясына тастыйықлаў ушын усынылады.

24-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының ўәкилликлери
Участкалық сайлаў комиссиясы:
участка бойынша сайлаўшылардың дизимин дүзеди;
сайлаўшылардың дизими менен сайлаўшыларды таныстырады, дизимде жол қойылған қәтелер ҳәм анықсызлықлар ҳаққындағы арзаларды қабыл етеди ҳәм көрип шығады және дизимге тийисли өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселени шешеди;
сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў ҳәм даўыс бериўде қатнасыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшылардан толтырылған сайлаў бюллетенлерин жабық конвертлерде қабыл етип алады;
халықты сайлаў күни ҳәм даўыс бериў орны ҳаққында хабардар етеди;
имараттың жасырын даўыс бериў кабиналары яки бөлмелери ҳәм сайлаў қутылары, сондай-ақ, басқа да үскенелер менен таярлап қойылыўын тәмийнлейди;
сайлаў күни участкада даўыс бериўди шөлкемлестиреди; даўысларды санап шығады;
сайлаўшылардың ҳәм сайлаў процесиниң басқа да қатнасыўшыларының мүрәжатларын көрип шығады ҳәм олар бойынша қарарлар қабыл етеди.

25-статья. Сайлаў комиссиясы ағзаларына қойылатуғын талаплар
Жигирма бир жасқа толған, орта яки жоқары мағлыўматқа, әдетте, сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша ис тәжирийбесине ийе болған, халық арасында абыройға ийе пуқаралар ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясының, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин.
Басқа сайлаў комиссиясының ағзалары, сиясий партиялардың ағзалары, ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери, прокуратура уйымларының, судлардың лаўазымлы шахслары, талабанлардың жақын туўысқанлары ҳәм исенимли ўәкиллери, сондай-ақ, талабанларға тиккелей бойсыныўшы шахслар сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес.
Участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының ярымынан көби бир шөлкемнен усыныс етилиўи мүмкин емес.
Комиссия ағзасы жеке арзасы бойынша, сондай-ақ, ўәкилликлеринен айырылған жағдайда өз ўазыйпаларын атқарыўдан азат етилиўи мүмкин.
Комиссия ағзасы усы Кодекс талапларын бузған яки өз ўазыйпаларына турақлы түрде итибарсызлық қылған жағдайда оны ўәкилликлеринен айырыў ҳуқықы комиссияны дүзген уйымға тийисли болады.
Зәрүр болған жағдайда усы Кодексте белгиленген тәртипте сайлаў комиссиясының жаңа ағзасы сайланады.

26-статья. Сайлаў комиссияларының жумысын шөлкемлестириў ҳәм олардың ўәкилликлери мүддети
Сайлаў комиссиясының мәжилиси, егер онда мәжилис өткерилип атырған күндеги комиссия ағзалары санының кеминде үштен еки бөлеги қатнасып атырған болса, ўәкилликли болады. Комиссия қарары ашық даўыс бериў арқалы комиссия ағзалары улыўма санының көпшилик даўысы менен қабыл етиледи. Қарарға наразы болған комиссия ағзалары айырықша пикирин баян етиўге ҳақылы болып, бул пикир жазба түрде баянламаға қосымша етиледи. Даўыслар тең болып қалған жағдайда басшылық етиўшиниң даўысы шешиўши болып есапланады.
Сайлаў комиссиясының өз ўәкилликлери шеңберинде қабыл еткен қарары төменги сайлаў комиссиялары, сондай-ақ, барлық мәмлекетлик уйымлар, сиясий партиялар ҳәм басқа да жәмийетлик бирлеспелер, мийнет жәмәәтлери менен әскерий бөлимлер, кәрханалардың, мәкемелердиң ҳәм шөлкемлердиң басшылары орынлаўы ушын мәжбүрий болып есапланады.
Сайлаў комиссиясының қарарына муўапық комиссияның баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери яки басқа ағзасы сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў дәўиринде өндирислик яки хызмет ўазыйпаларын орынлаўдан сайлаў өткериў ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан орташа айлық ис ҳақысы сақланған ҳалда азат етилиўи мүмкин.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң уйымлары, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер, лаўазымлы шахслар сайлаў комиссияларына өз ўәкилликлерин әмелге асырыўында көмеклесиўи, олардың жумысы ушын зәрүр мағлыўматларды бериўи шәрт.
Мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын керекли болған имаратлар ҳәм үскенелерди сайлаў комиссиялары ықтыярына бийпул берип турыўы шәрт.
Сайлаў комиссиясы сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы мәселелер бойынша мәмлекетлик уйымларға ҳәм жәмийетлик бирлеспелердиң уйымларына, кәрханаларға, мәкемелерге, шөлкемлерге, лаўазымлы шахсларға мүрәжат етиў ҳуқықына ийе, олар қойылған мәселени көби менен үш күнлик мүддетте көрип шығыўы ҳәм сайлаў комиссиясына жуўап қайтарыўы шәрт.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын ҳәм Нызамшылық палатасының депутатлары сайлаўын өткериў бойынша округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тийислисинше Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы жуўмақлары шығарылғаннан, тийисли сайлаў округлеринен сайланған депутатлар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаннан кейин өз жумысын тоқтатады.
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў өткериў бойынша округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тийисли сайлаў округлеринен сайланған депутатлар ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынғаннан кейин өз жумысын тоқтатады.

4-бап. САЙЛАЎШЫЛАРДЫҢ ДИЗИМЛЕРИН ДҮЗИЎ

27-статья. Сайлаўшылардың дизимлери
Сайлаў күнине шекем яки сайлаў күни он сегиз жасқа толған, дизим дүзилип атырған ўақытта усы сайлаў участкасы аймағында турақлы яки ўақытша жасап атырған пуқаралардың фамилиялары сайлаўшылар дизимине киргизиледи.
Ҳәрбир сайлаўшы тек ғана бир сайлаўшылар дизимине киргизилиўи мүмкин.
Сайлаўшылар дизимине ҳәр бир сайлаўшының фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси ҳәм жасайтуғын мәнзили киргизиледи.
Сайлаўшылар дизимлери Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизимин қәлиплестириў бойынша информациялық системаның мағлыўматлары тийкарында дүзиледи.
Әскерий бөлимлердеги әскерий хызметкерлердиң, сондай-ақ, әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзаларының ҳәм басқа сайлаўшылардың дизимлери, егер олар әскерий бөлимлер жайласқан аймақларда жасаса, әскерий бөлимлердиң командирлери усынатуғын мағлыўматлар тийкарында дүзиледи. Әскерий бөлимлерден тысқарыда жасайтуғын әскерий хызметкерлер жасайтуғын орынлары бойынша улыўма тийкарларда сайлаўшылар дизимине киргизиледи.
Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, санаторийлерде ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участкалар бойынша сайлаўшылар дизимлери усы мәкемелердиң басшылары тәрепинен усынылатуғын мағлыўматлар тийкарында дүзиледи.

28-статья. Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими
Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың мәлимлеме базаларына муўапық сайлаўшы пуқаралар, олардың турақлы ҳәм ўақытша жасайтуғын мәнзиллери ҳаққындағы мәлимлемени өз ишине алған мәмлекетлик мәлимлеме ресурсы болып есапланады.
Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизими ўәкилликли мәмлекетлик уйымлар тәрепинен усынылатуғын мәлимлеме негизинде қәлиплестириледи ҳәм жаңаланып турылады, сайлаў кампаниясы дәўиринде болса тийисли участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен анықластырылады.
Ҳәрбир участкалық сайлаў комиссиясы дүзилгеннен кейин үш күн ишинде Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминде бөлистирилген усы участка сайлаўшыларының дәслепки дизимин алады.
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшылардың дәслепки дизимин алғаннан кейин оны усы участка аймағында жасаўшы халықты үйме-үй айланып шығыў жолы менен анықластырыў илажларын көреди.
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшылар дизимин анықластырыў бойынша жумыста қатнасыў ушын жәмийетшилик ўәкиллерин тартыўы мүмкин. Районлар ҳәм қалалар ҳәкимликлери сайлаўшылардың дизимлерин анықластырыў ислерине көмеклеседи.
Сайлаў комиссиялары халықты үйме-үй айланып шығыў нәтийжелери бойынша Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминдеги сайлаўшының фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси ҳәм жасайтуғын мәнзилин дүзетип, сайлаўшылар дизимлерине өзгерислер киргизиўи мүмкин.
Сайлаўшылардың дизими ҳәр бир сайлаў участкасы бойынша участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен дүзиледи ҳәм оның баслығы және хаткери тәрепинен имзаланады.
Сайлаў күни сайлаў участкаларында Сайлаўшылардың бирден-бир электрон дизиминен алынған сайлаўшылар дизимлеринен пайдаланылады.

29-статья. Пуқараларды сайлаўшылардың дизимлери менен таныстырыў
Пуқараларға участкалық сайлаў комиссиясы имаратында сайлаўшылар дизими менен танысыў, сондай-ақ, Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайты арқалы сайлаўшылар дизиминен өзлерине тийисли мағлыўматлар менен танысыў имканияты тәмийнленеди.
Сайлаўшылардың дизимлери сайлаўға он бес күн қалғанда, Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, санаторийлерде ҳәм дем алыў үйлеринде, емлеўханаларда ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген участкаларда болса сайлаўға үш күн қалғанда ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылады.
Участкалық сайлаў комиссиясы дизим менен танысыў орны ҳәм ўақты ҳаққында хабардар етеди.
Сайлаў комиссиялары сайлаўшылардың дизимлери ҳәмме танысып шығыўы ушын усынылғаннан кейин де оларға өзгерислер киргизиўи мүмкин.
Сайлаўшылардың дизимлерине өзгерислер киргизиў сайлаўға үш күн қалғанда тоқтатылады.

30-статья. Сайлаўшылардың дизимлери туўралы тартысыў
Ҳәрбир пуқара сайлаўшылардың дизимлериндеги қәте яки анықсызлық ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясына мүрәжат етиўи мүмкин.
Участкалық сайлаў комиссиясы 24 саат ишинде мүрәжатты тексериўи ҳәм қәтени яки анықсызлықты сапластырыўы ямаса мүрәжат етиўшиге оның мүрәжатын көрип шығыўдан бас тартылғанлығы ҳаққында тийкарланған жуўап бериўи шәрт. Участкалық сайлаў комиссиясының ҳәрекетлери ҳәм қарарлары үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин.

5-бап. САЙЛАЎ БЮЛЛЕТЕНИ

31-статья. Сайлаў бюллетениниң мазмуны
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына, Нызамшылық палатасының депутатлары сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм тексти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланады.
Жергиликли Кеңеслер сайлаўына тийисли сайлаў бюллетениниң формасы ҳәм тексти ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен тастыйықланады.
Талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты сайлаў бюллетенине оның туўылған жылы, ийелеп турған лаўазымы (жумысының түри), жумыс орны ҳәм оны талабан етип көрсеткен сиясий партия көрсетилген ҳалда әлипбе тәртибинде киргизиледи.
Сайлаў бюллетенинде оны толтырыў тәртиби ҳаққындағы түсиндирме болыўы керек.
Сайлаў бюллетенлери мәмлекетлик тилде, сондай-ақ, округлик сайлаў комиссиясының қарарына муўапық тийисли округ халқының көпшилиги сөйлесетуғын тиллерде басып шығарылады.
Сайлаў бюллетенлери Брайль әлипбеси тийкарында таярланыўы мүмкин.

32-статья. Сайлаў бюллетенлерин таярлаў ҳәм жеткерип бериў
Участкалық сайлаў комиссиялары сайлаў бюллетенлерин даўыс бериў күнине, соның ишинде мүддетинен алдын даўыс бериў күнине кеминде үш күн қалғанда округлик сайлаў комиссияларынан алады. Сайлаў бюллетенлериниң тапсырылғанлығын ҳәм қабыл етилгенлигин округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары ямаса хаткери тийисли ҳүжжетте өз имзасы менен тастыйықлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясы алатуғын сайлаў бюллетенлериниң саны участка бойынша дизимлерге киргизилген пуқаралар санына салыстырғанда ярым проценттен артық болыўы мүмкин емес. Сайлаў бюллетени оң тәрепиниң жоқарғы мүйешине участкалық сайлаў комиссиясының еки ағзасы имза қояды, имзалар участкалық комиссияның мөри менен тастыйықланады. Участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланбаған сайлаў бюллетенлери даўысларды санап шығыўда есапқа алынбайды.

6-бап. БАҚЛАЎШЫЛАРДЫҢ, СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАР ЎӘКИЛЛИКЛИ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ,
ҒАЛАБА ХАБАР ҚУРАЛЛАРЫ ЎӘКИЛЛЕРИНИҢ ҲУҚЫҚ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ

33-статья. Сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар
Сиясий партиялардан, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан, сондай-ақ басқа мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлерден бақлаўшылар өз жумысын тийисли комиссиялар тәрепинен берилген мандатлар тийкарында әмелге асырады.
Мәпдар шөлкемлер өз бақлаўшылары ҳаққында сайлаў комиссияларына сайлаўдан кеминде он бес күн алдын арза менен мәлим етеди.
Мәпдар шөлкемнен арза алынғаннан кейин бес күн ишинде сайлаў комиссиясы бақлаўшы ушын мандат береди. Басқа мәмлекетлерден, халықаралық шөлкемлерден бақлаўшыларға мандатлар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бериледи.
Бақлаўшылар төмендеги ҳуқықларға ийе:
сайлаў комиссияларының мәжилислеринде қатнасыў;
талабанларды усыныўға бағышланған жыйналысларда, талабанлардың сайлаўшылар менен ушырасыўларында қатнасыў;
сайлаў участкасында болыў, таярлық ислериниң барысын, жасырын даўыс бериў кабиналарының яки бөлмелериниң жайластырылыўын ҳәм сайлаў қутыларының мөрлениўин, пуқаралардың дизимге алыныўын, сайлаў бюллетенлериниң оларға берилиўин бақлаў;
даўыслар саналып атырғанда ҳәм сайлаў комиссиясының баянламасы дүзилип атырғанда қатнасыў;
сайлаў нәтийжелери ҳаққындағы ҳүжжетлердиң тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен тастыйықланған көширме нусқаларын сораў ҳәм алыў;
егер тийисли сайлаў участкасында усы Кодекстиң талаплары бузылыўына жол қойылған деп есаплаў ушын тийкарлар болса, өз бақлаўлары ҳаққында тийисли сайлаў комиссиясына мәлим етиў.
Бақлаўшыларға төмендегилер қадаған етиледи:
сайлаўшы сайлаў бюллетенине өз белгисин қойып атырған ўақытта жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде болыў;
пуқараларға тәсир өткериў, қандай да бир үгитлеў материалын яки әдебиятын тарқатыў;
сайлаўшылардан олар қалай даўыс бергенлигин сорастырыў яки сайлаўшыларға сайлаў бюллетенине белги қойыўда қандай да бир түрде жәрдем көрсетиў;
сайлаў комиссиясының жумысына, соның ишинде сайлаў қутыларын мөрлеўге, оларды ашыўға, даўысларды санап шығыўға араласыў.

34-статья. Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды, Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды усынған сиясий партия сайлаў комиссиясының мәжилислеринде, ҳүжжетлерди тапсырыўда, имза қағазларының дурыс толтырылғанлығын тексериўде, сайлаў участкасында даўысларды санап шығыўда қатнасыў ушын ўәкилликли ўәкил тайынлаўға ҳақылы.
Сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти, сиясий партия тәрепинен берилген ҳүжжетти ҳәм тийисли сайлаў комиссиясының мандатын жанында алып жүриўи шәрт.

35-статья. Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери
Ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы барлық илажларды сәўлелендириў, сайлаў күни даўыс бериў имаратларында, соның ишинде даўысларды санап шығыў ўақтында қатнасыў ҳуқықына ийе.
Ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң ўәкилликлери Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиялары тәрепинен берилген ҳүжжетлер менен тастыйықланған болыўы керек.
Басқа мәмлекетлердиң ғалаба хабар қураллары ўәкиллерин Орайлық сайлаў комиссиясы аккредитациядан өткереди.

7-бап. САЙЛАЎ КАМПАНИЯСЫ БАСЛАНҒАНЛЫҒЫН ЖӘРИЯЛАЎ,
СИЯСИЙ ПАРТИЯЛАРДЫҢ САЙЛАЎДА ҚАТНАСЫЎЫ

36-статья. Сайлаў кампаниясы басланғанлығын жәриялаў

Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Нызамшылық палатасы депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының сайлаўы бойынша сайлаў кампаниясы басланғанлығы олардың ўәкилликлери мүддети тамамланыўынан кеминде үш ай алдын Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен ғалаба хабар қуралларында жәрияланады.

37-статья. Талабанларды усыныў ҳуқықы
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан, Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан усыныў ҳуқықына сиясий партиялар ийе.

38-статья. Имзаларды топлаў тәртиби
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ҳәм Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўы бойынша Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сиясий партияларға белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклери бериледи.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы бойынша сиясий партия өзиниң ўәкилликли ўәкили дизимге алынғанлығы гүўалығын алғаннан кейин ғана сайлаўшылардың имзасын топлаўға ҳақылы. Бул сәнеге шекем топланған имзалар есапқа алынбайды.
Сайлаўшылар бир яки бирнеше сиясий партияны ямаса Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды қоллап-қуўатлап имза қойыўға ҳақылы. Бунда сайлаўшы өз фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын (жасы он сегизде болса, қосымша рәўиште туўылған күни ҳәм айын), жасайтуғын мәнзилин, паспортының сериясы ҳәм номерин, сондай-ақ, имза қойылған сәнени көрсетеди. Усы мағлыўматлар қолдан жазып киргизиледи. Имза қағазына өз имзасын қоятуғын сайлаўшы ҳаққындағы мағлыўматлар сайлаўшының илтимасы бойынша имза топлаўды әмелге асырып атырған шахс тәрепинен киргизилиўи мүмкин.
Имза қағазы имзаны топлаған шахс тәрепинен өз фамилиясы, аты, әкесиниң аты көрсетилген ҳалда имзаланады, сондай-ақ, тийисли сиясий партияның районлық, қалалық дүзилмеси басшысы тәрепинен мөр басып тастыйықланады.
Сайлаўшылардың имзасын топлаў жумыс, хызмет, оқыў, жасаў орнында, сайлаў алды илажларында, сондай-ақ, үгит-нәсият жүргизиў ҳәм имза топлаў нызам менен қадаған етилмеген басқа да орынларда әмелге асырылады. Имза топлап атырған шахс тәрепинен сайлаўшыларды мәжбүрлеў ҳәм өзине қаратып алыўдың ҳәрқандай формасы нызамда белгиленген жуўапкершиликти келтирип шығарады.
Имза топлаў тамамланғаннан соң сиясий партияның ўәкилликли ўәкили Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы бойынша өз алдына топлап тигилген имза қағазларын Орайлық сайлаў комиссиясына тапсырады.

39-статья. Имза қағазларының дурыс толтырылғанлығын
Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен тексериў Сиясий партиялар усынған имза қағазларының дурыс толтырылғанлығы Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бес күнлик мүддетте тексериледи. Сайлаўшылар имзалары зәрүр санының кеминде он бес проценти ҳәм имза қағазларына имзаларын қойған сайлаўшылар ҳаққындағы тийисли мағлыўматлар тексерилиўи тийис.
Тексериў ушын сайлаўшылардың ҳәр бир сиясий партияны ямаса Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанды қоллап-қуўатлап берилген имзалары бирдей муғдарда, ҳәрбир ҳәкимшилик-аймақлық дүзилмеден (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласынан) тең қатнаста таңлап алынады.
Орайлық сайлаў комиссиясы имза қағазларының дурыс толтырылғанлығын тексериўши Эксперт топарын дүзиўи мүмкин. Эксперт топары қурамына ишки ислер уйымларының, әдиллик уйымларының қәнигелери, сондай-ақ, пуқаралық жәмийети институтларының ўәкиллери тартылады. Имза қағазларын тексериўде сиясий партиялардың ўәкилликли ўәкиллери қатнасады.
Егер Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен таңлап алынған имза қағазларының шерек бөлегинен көбирегин тексериў нәтийжесинде имза қағазлары нызам бузылған ҳалда дүзилгенлиги анықланса, усы имза қағазлары сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине қайтарылады ҳәм оған кемшиликлерди сапластырыў ушын еки күнлик мүддет бериледи. Егер қоллап-қуўатлаўшы шахслардың (сайлаўшылардың) имзалары саны белгиленген ең кем муғдардан да аз болып шықса, усы имза қағазлары толығы менен ҳақыйқый емес деп табылады. Бул жағдайда Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партияға сайлаўда қатнасыў ҳуқықын бериўден бас тартады.

8-бап. ТАЛАБАНЛАРДЫ ҲӘМ ОЛАРДЫҢ ИСЕНИМЛИ ЎӘКИЛЛЕРИН ДИЗИМГЕ АЛЫЎ,
ОЛАРДЫҢ ҲУҚЫҚЫЙ СТАТУСЫ

40-статья. Талабанларды дизимге алыў тәртиби
Өзбекстан Республикасы Президентлигине ҳәм Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанлар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынады, жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды дизимге алыўды болса тийисли ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясы әмелге асырады.
Талабан етип дизимге алынған шахсқа дизимге алынғанлық гүўалығы бериледи.
Талабанларды дизимге алыў сайлаўға отыз бес күн қалғанда тамамланады.
Талабанлар дизимге алынғаннан кейин бес күнлик мүддетте тийисли сайлаў комиссиясы дизимге алынғанлығы ҳаққындағы хабарды талабанның фамилиясын, атын, әкесиниң атын, туўылған жылын, партиялылығын, ийелеп турған лаўазымын (жумысының түрин), жумыс ҳәм жасаў орнын, сондай-ақ, оны талабан етип усынған сиясий партияны көрсеткен ҳалда жәриялайды.

41-статья. Талабанлар жумысының кепилликлери
Дизимге алынған барлық талабанлар тең ҳуқықларға ийе болады.
Талабанлар сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў, сайлаў алды жыйналысларында, телевидение ҳәм радио арқалы сөзге шығыў ўақтында өндирислик яки хызмет ўазыйпаларын атқарыўдан сайлаўды өткериў ушын ажыратылатуғын қаржылар есабынан орташа айлық ис ҳақысы сақланған ҳалда азат болыў ҳуқықына ийе.
Талабанлар дизимге алынғаннан кейин сайлаў округи шеңберинде, Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар болса Өзбекстан Республикасы аймағы шеңберинде мәмлекетлик жолаўшылар транспортының барлық түрлеринде (буған қалалық жолаўшы транспорты, такси ҳәм басқа транспорт түрлериниң буйыртпа жөнелислери кирмейди) бийпул жүриў ҳуқықына ийе. Сайлаў округинен тысқарыда жасаўшы депутатлыққа талабан сайлаў округине барыў ҳәм жасаў орнына қайтыў ушын оларда бийпул жүриў ҳуқықынан пайдаланады.
Талабанлардың хызмет сапары ҳәм басқа қәрежетлери сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан төленеди.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының келисимисиз жынайый жуўапкерликке тартылыўы, қамаққа алыныўы яки оларға суд тәртибинде берилетуғын ҳәкимшилик жаза шаралары қолланылыўы мүмкин емес. Бундай келисим берилген жағдайда, Өзбекстан Республикасы Бас прокуроры Орайлық сайлаў комиссиясын бул ҳаққында дәрҳал хабардар етеди.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды мәжбүрий келтириўге, сондай-ақ, олардың жеке буйымларын, жүгин, транспортын, турақ жайын ҳәм хызмет бөлмелерин көзден өткериўге жол қойылмайды.

42-статья. Талабанлық статусынан айырыў.
Талабанның талабанлықтан ўаз кешиўи Сиясий партия ол яки бул шахсты талабан етип усыныў ҳаққындағы өз қарарын сайлаўға кеши менен он бес күн қалғанда бийкар етиў ҳуқықына ийе, бул шахс тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен талабанлық статусынан айырылыўы мүмкин. Сиясий партия талабанлар усыныў мүддети тамамланғанға шекем тийисли сайлаў комиссиясына жаңа талабанды дизимге алыў ҳаққында усыныс киргизиўи мүмкин.
Сиясий партия жумысының тоқтатылғанлығы талабанды усы партиядан сайлаўда қатнасыў ҳуқықынан айырады.
Талабан сайлаўға шекем қәлеген ўақытта талабанлықтан ўаз кешиўи мүмкин. Буның ушын ол тийисли сайлаў комиссиясына арза менен мүрәжат етеди.

43-статья. Талабанның исенимли ўәкиллери
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан он бес адамға шекем, Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан он адамға шекем, ўәлаятлық Кеңес депутатлығына талабан бес адамға шекем, районлық ҳәм қалалық Кеңес депутатлығына талабан үш адамға шекем исенимли ўәкилге ийе болыўға ҳақылы, исенимли ўәкиллер талабанға сайлаў кампаниясын өткериўде жәрдем береди, сайлаў ушын үгит-нәсият жүргизеди, мәмлекетлик уйымлар ҳәм жәмийетлик бирлеспелер, сайлаў комиссиялары менен болатуғын мүнәсибетлерде талабанның мәплерин билдиреди.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның исенимли ўәкиллери оның усыныснамасы менен Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынады, Орайлық сайлаў комиссиясы оларға тийисли гүўалықлар береди.
Депутатлыққа талабан дизимге алынғаннан кейин исенимли ўәкиллерин өз қәлеўи бойынша белгилейди ҳәм олар туўралы тийисли сайлаў комиссиясына мәлим етеди. Сайлаў комиссиясы исенимли ўәкиллерди дизимге алады ҳәм оларға гүўалықлар береди.
Талабан сайлаўға шекем өз исенимли ўәкилин тийисли сайлаў комиссиясына мәлим еткен ҳалда қәлеген ўақытта ўәкиллигинен айырыўы ҳәм оны басқасы менен алмастырыўы мүмкин. Исенимли ўәкил қәлеген ўақытта өз ўәкилликлеринен ўаз кешиўге ҳақылы.
Исенимли ўәкил сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин емес.
Талабанлардың исенимли ўәкиллериниң Өзбекстан Республикасы аймағы шеңбериндеги сапар қәрежетлери сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан төленеди.

9-бап. САЙЛАЎ АЛДЫ ҮГИТ-НӘСИЯТЫ

44-статья. Сайлаў алды үгит-нәсиятын жүргизиў
Сайлаў алды үгит-нәсияты — сайлаў кампаниясы дәўиринде әмелге асырылатуғын ҳәм сайлаўшыларды талабан яки сиясий партияны жақлап даўыс бериўге шақырыўға қаратылған жумыс болып есапланады.
Сайлаў алды үгит-нәсияты (буннан былай текстте — үгит-нәсият) талабанларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертесине басланады. Сайлаў күни ҳәм даўыс бериўге бир күн қалғанда үгит-нәсиятқа жол қойылмайды.
Үгит-нәсиятты сайлаўшыларға бийпул яки имтиязлы шәртлерде товарлар бериў, хызметлер көрсетиў (мәлимлеме хызметлеринен басқа), сондай-ақ, пул қаржыларын төлеў менен қосып жүргизиў қадаған етиледи.
Надурыс мәлимлемени, сондай-ақ, талабанлардың абыройына ҳәм қәдир-қымбатына зыян келтиретуғын мағлыўматларды тарқатыў қадаған етиледи.

45-статья. Үгит-нәсият жүргизиў түрлери, формалары ҳәм усыллары
Үгит-нәсият төмендегише түрде жүргизиледи:
сиясий партияның бағдарламасы ҳәм (яки) сайлаў алды платформасы ҳаққындағы мәлимлемени өзиниң депутатлыққа талабанларын жақлап даўыс бериўге шақырған ҳалда тарқатыў;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның бағдарламасы ҳәм (яки) сайлаў алды платформасы ҳаққындағы мәлимлемени талабанды жақлап даўыс бериўге шақырған ҳалда тарқатыў;
талабан ҳаққындағы мәлимлемени оны жақлап даўыс бериўге шақырған ҳалда тарқатыў.
Үгит-нәсият көпшилик алдында ашық дебатлар, дискуссиялар, баспасөз конференциялары, пуқаралардың жыйналыслары, интервьюлер, ғалаба хабар қуралларында шығыўлар, роликлерди жайластырыў түринде жүргизилиўи мүмкин.
Үгит-нәсият:
ғалаба хабар қураллары, телекоммуникация тармақлары, сондай-ақ, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағы арқалы; баспа, көргизбели, аудиовизуал ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларын (плакатлар ҳәм басқа материалларды) шығарыў ҳәм тарқатыў арқалы;
сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў арқалы әмелге асырылады.
Үгит-нәсият дәўиринде оны жүргизиўдиң усы Кодексте қадаған етилмеген басқа түрлери, формалары ҳәм усылларынан да пайдаланылыўы мүмкин.

46-статья. Үгит-нәсиятты ғалаба хабар қураллары арқалы жүргизиў
Үгит-нәсият жүргизилип атырғанда мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыўда көлеми бойынша бирдей болған эфир ўақтын ҳәм баспа майданын бийпул бериў жолы менен тең шараятлар тәмийнленеди.
Мәмлекетлик ғалаба хабар қуралларында төлемли тийкарда да эфир ўақты яки баспа майданы ажыратылыўы мүмкин.
Мәмлекетлик емес ғалаба хабар қуралларында нызам ҳүжжетлерине муўапық эфир ўақты яки баспа майданы ажыратылыўы мүмкин.
Ғалаба хабар қураллары тәрепинен эфир ўақты, баспа майданы ушын белгиленетуғын төлем шәртлери ҳәм басқа да талаплар ҳәмме ушын тең ҳәм бирдей болыўы керек.
Үгит-нәсият мақсетинде ғалаба хабар қуралларынан пайдаланыў тәртиби, көлеми ҳәм ўақты сиясий партиялар менен келисилген ҳалда тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленеди.

47-статья. Үгит-нәсиятты баспа, көргизбели, аудиовизуал ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларын шығарыў ҳәм тарқатыў арқалы жүргизиў
Талабанлар менен сиясий партияларға баспа, көргизбели, аудиовизуал материалларды, фонограммаларды, баспа өнимлериниң электрон версияларын ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларын иркинишсиз шығарыў ҳәм тарқатыў ушын тең шараятлар жаратылады. Үгит-нәсият материаллары Өзбекстан Республикасы аймағында таярланыўы керек.
Баспа, көргизбели, аудиовизуал ҳәм басқа да үгит-нәсият материалларында төмендегилер көрсетилиўи керек:
үгит-нәсият материалларын таярлаған юридикалық шахстың атамасы (физикалық шахстың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты), жайласқан жери (почта мәнзили) ҳәм ол ҳаққындағы басқа да мағлыўматлар;
үгит-нәсият материалларына буйыртпа берген юридикалық шахстың атамасы (физикалық шахстың фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң аты);
үгит-нәсият материалларының тиражы, шығарылған сәнеси ҳаққындағы мәлимлеме.

48-статья. Сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў арқалы үгит-нәсият жүргизиў
Талабанларға ҳәм сиясий партияларға сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериў арқалы үгит-нәсият ушын тең шараятлар жаратылады.
Сайлаўшылар менен ушырасыўлар Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар, депутатлыққа талабанлар, сиясий партиялар тәрепинен өз бетинше өткериледи. Сайлаўшылар менен ушырасыўларды өткериў орны ҳәм ўақты ҳаққында округлик яки участкалық комиссияға хабар бериледи, усы комиссиялар бул ҳаққында сайлаўшыларды алдын-ала хабардар етеди.
Мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў уйымлары, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер, сондай-ақ пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ушырасыўлар өткериў ушын үскенеленген бөлмелерди бийпул ажыратыўы, зәрүр мағлыўмат ҳәм мәлимлеме материалларын алыўда жәрдем көрсетиўи шәрт.
Талабан яки оның исенимли ўәкили басқа талабан яки оның исенимли ўәкили менен биргеликте сайлаўшылар менен ушырасыўлар өткериўге ямаса басқа талабан тәрепинен шөлкемлестирилген сайлаўшылар менен ушырасыўларда қатнасыўға ҳақылы.

10-бап. ДАЎЫС БЕРИЎДИ ШӨЛКЕМЛЕСТИРИЎ ҲӘМ ӨТКЕРИЎ

49-статья. Даўыс бериў имаратлары ҳәм участкалық сайлаў комиссияларының имаратлары
Даўыс бериў имаратлары арнаўлы ажыратылған орынлар болып, оларда жасырын даўыс бериў ушын жетерли муғдарда кабиналар яки бөлмелер үскенелениўи, сайлаў бюллетенлерин бериў ушын орынлар ажыратылыўы және сайлаў қутылары орнатылыўы керек. Сайлаў қутылары даўыс бериўшилер олардың жанына әлбетте жасырын даўыс бериў кабиналары яки бөлмелери арқалы өтип келетуғын етип орнатылады. Даўыс бериў имаратында басқа ҳеш қандай сиясий илажлар өткерилиўине руқсат етилмейди. Имаратларды үскенелеў ҳәм оларда зәрүр тәртипти сақлап турыў жуўапкершилиги участкалық сайлаў комиссиясына жүкленген болады.
Мәмлекетлик уйымлар, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын зәрүр имаратлар ҳәм үскенелерди сайлаў комиссияларының ықтыярына бийпул берип турыўы шәрт.
Тийисли дәрежеде үскенеленген даўыс бериў имаратлары сайлаў комиссияларына сайлаўдан кеминде он бир күн алдын берилиўи керек.
Тутас аймақларды абаданластырыў, пуқаралар, әсиресе физикалық имканияты шекленген шахслар ушын зәрүр шараятлар жаратыў, сайлаў комиссияларын техникалық қураллар, мебель, инвентарь, офис техникасы, байланыс қураллары, транспорт пенен тәмийнлеў жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларына ҳәм Өзбекстан Республикасы Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлигине жүкленеди.
Жәмийетлик тәртипти сақлаў, сайлаў өткерилетуғын имаратлар ҳәм орынларды қорықлаў, сондай-ақ, сайлаў нәтийжелерине тийисли ҳүжжетлерди тасыў ўақтында участкалық сайлаў комиссиялары ағзаларын гүзетип барыў тийисли ўәкилликли уйымларға жүкленеди.

50-статья. Участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратларды, бөлмелерди ҳәм даўыс бериў бөлмелерин үскенелеўге қойылатуғын талаплар
Участкалық сайлаў комиссиялары жайласқан имаратлар тийисли түрде үскенелениўи ҳәм төмендегилерге ийе болыўы керек:
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик байрағы (имараттың үстинде ҳәм ишинде);
Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик герби (имарат ишинде);
сайлаў участкасының номери көрсетилген маңлайша; жасырын даўыс бериў кабиналары яки бөлмелери;
зәрүрлик болса, физикалық имканияты шекленген шахслар ушын арнаўлы үскенеленген жасырын даўыс бериў кабиналары;
бақлаўшылар ушын өз алдына орынлар;
сайлаў сәнесине бағышланған плакатлар;
сайлаў участкасының картасы;
участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының қурамы, ис жобасы, нәўбетшилик кестеси ҳаққындағы мәлимлеме;
сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша мағлыўматлар жайластырылатуғын арнаўлы стенд;
барлық дизимге алынған талабанлардың Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы тәрепинен басып шығарылған өмирбаяны ҳәм бағдарламасы;
зәрүр мебель, офис техникасы қураллары (телефон, принтер, Интернет жәҳән мәлимлеме тармағына жалғанған ҳәм Сайлаў процесин басқарыў информациялық системасына кириў имканиятына ийе болған компьютерлер, сейф, канцелярия товарлары);
өртке қарсы қураллар.
Даўыс бериў бөлмелери жақты ҳәм кең болыўы, өз алдына кириў ҳәм шығыў орны болыўы, сондай-ақ, оларда физикалық имканияты шекленген шахслар ушын пандуслар нәзерде тутылған болыўы керек.

51-статья. Даўыс бериў ўақты ҳәм орны
Даўыс бериў сайлаў күни саат 8.00 ден 20.00 ге шекем өткериледи. Даўыс бериў ўақты ҳәм орны ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде он күн алдын хабардар етеди.
Өзбекстан Республикасының шет еллердеги дипломатиялық ҳәм басқа да ўәкилханалары жанында, әскерий бөлимлерде, санаторийлерде, дем алыс үйлеринде, емлеўханалар ҳәм басқа да стационар емлеў мәкемелеринде, алыс ҳәм барыў қыйын болған аймақлардағы пуқаралар турған орынларда, қамақта сақлаў ҳәм еркинен айырыў орынларында дүзилген сайлаў участкаларында участкалық сайлаў комиссиясы, егер дизимге киргизилген барлық пуқаралар даўыс берип болған болса, даўыс бериў тамамланғанын қәлеген ўақытта жәриялаўы мүмкин.
Өзбекстан Республикасы аймағында жайласқан сайлаў участкаларында сайлаў қутыларын саат 20.00 ден бурын ашыўға ҳәм даўысларды санап шығыўға жол қойылмайды.

52-статья. Сайлаўшының шахсын анықлаў
Даўыс бериў имаратына келип, сайлаўшы участкалық сайлаў комиссиясының ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетеди ҳәм сайлаўшылар дизимине имза қояды. Соннан кейин оған сайлаў бюллетени бериледи.
Қандай да бир себепке көре сайлаўшылар дизимине фамилиясы кирмей қалған сайлаўшылардың фамилиялары сайлаўшының шахсы, пуқаралығы ҳәм жасаў орнын тастыйықлаўшы ҳүжжет тийкарында сайлаўшылар дизими қосымшасына киргизиледи.

53-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының даўыс бериўден алдыңғы жумысы
Сайлаў күни даўыс бериў имараты участкалық сайлаў комиссиясы ағзаларының кеминде үштен еки бөлеги бар болғанда ашылады.
Участкалық сайлаў комиссиялары:
жасырын даўыс бериў ушын имаратты даўыс бериў басланғанға шекем таяр ҳалатқа келтиреди;
участкалық сайлаў комиссиясы ағзалары арасында ўазыйпаларды бөлистиреди;
комиссияның еки ағзасы тәрепинен имзаланған, мөр менен тастыйықланған сайлаў бюллетенлерин таярлайды.

54-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының даўыс бериў күниндеги жумысы
Даўыс бериў күни сайлаў участкасында саат 8.00 де Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик гимни жаңлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы комиссия ағзалары, бақлаўшылар, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында:
даўыс бериў басланғанлығын жәриялайды;
сайлаў қутыларының бос екенлигин тексереди ҳәм оларды бир мәрте қолланылатуғын пластмасса пломбалар менен пломбалайды, пломбалар номери көрсетилген ҳалда акт дүзиледи;
участкадағы дизим бойынша сайлаўшылардың саны, алынған сайлаў бюллетенлериниң саны ҳәм мүддетинен бурын даўыс бергенлер ҳаққында мәлим етеди. Усы мағлыўматлар жуўмақлаўшы баянламаға киргизиледи;
даўыс бериўди шөлкемлестириў ҳәм өткериўди муўапықластырып барады ҳәм қадағалайды, зәрүр болғанда комиссия ағзаларына жәрдем көрсетеди, олар ўақытша жоқ болған жағдайларда оларды басқа ағзалар менен алмастырады;
даўыс бериў тамамланғанлығын жәриялайды;
имаратта бар болған сайлаўшыларға даўыс бериўди тамамлаўы ушын имканият береди.
Участкалық сайлаў комиссиясының ағзалары:
сайлаўшының шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжети тийкарында оның сайлаўшылар дизиминдеги мағлыўматларын тексереди, оған даўыс бериў сайлаў бюллетенин имза қойдырып тапсырады;
бақлаўшыларға ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллерине сайлаў процесин бақлаў ушын шараятлар жаратады.

55-статья. Даўыс бериў тәртиби
Сайлаўшы сайлаў бюллетенин алғаннан кейин оны жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде толтырады. Сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында даўыс бериўши шахстан басқа шахслардың қатнасыўы қадаған етиледи.
Сайлаў бюллетенин өз бетинше толтырыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы өз қәлеўи менен жасырын даўыс бериў кабинасына яки бөлмесине басқа шахсты шақырыўға ҳақылы, буған сайлаў комиссиясы қурамына киретуғын шахслар, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери кирмейди. Сайлаўшы өзи жақлап даўыс берип атырған талабанның фамилиясы тусына, оң тәрепте жайласқан бос квадратқа «+» яки « » ямаса «˅» белгисин қояды.
Даўыс бериўши толтырылған сайлаў бюллетенин сайлаў қутысына таслайды.
Бузып қойылған сайлаў бюллетени сайлаўшының илтимасы бойынша жаңасы менен алмастырылыўы мүмкин. Бузып қойылған сайлаў бюллетенлери есапқа алыныўы, бийкар етилиўи (жоқарғы шеп мүйешин кесиў жолы менен) шәрт ҳәм бөлек сақланады.

56-статья. Сайлаўшының турған орнында даўыс бериў
Айырым сайлаўшылар денсаўлығының жағдайына яки басқа себеплерге көре даўыс бериў жайына келе алмаған жағдайларда, тийисли участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериўди усы сайлаўшылардың илтимасы бойынша олар турған орында шөлкемлестиреди.
Тийисли комиссияның кеминде еки ағзасы көшпели сайлаў қутысы менен сайлаўшының турған орнына жибериледи, олар сайлаўшының ерк-ықрары сыр сақланған ҳалда даўыс бериў әмелге асырылыўын тәмийнлейди. Бунда бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўы мүмкин.

57-статья. Мүддетинен бурын даўыс бериў
Сайлаў күни өзи жасайтуғын жерде болыў имканиятына ийе болмаған сайлаўшы мүддетинен бурын даўыс бериў ҳуқықына ийе.
Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға он күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға үш күн қалғанда тамамланады. Мүддетинен бурын даўыс бериўди өткериў ўақты тийисли округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен белгиленеди ҳәм сайлаўшылардың, бақлаўшылардың итибарына ғалаба хабар қураллары арқалы жеткериледи.
Мүддетинен бурын даўыс бериўди әмелге асырыў ушын сайлаўшы сайлаў күнинде бола алмаўының себеплери (мийнет дем алысы, хызмет сапары, шет елге шығыў ҳәм ҳ. т.б.) көрсетилген арза тийкарында тийисли участкалық сайлаў комиссиясынан сайлаў бюллетенин алады. Сайлаўшы сайлаў бюллетенин алғанлығы ҳаққында тийисли участкалық комиссияның кеминде еки ағзасы қатнасыўында сайлаўшылар дизимине имза қояды.
Сайлаў бюллетени арнаўлы үскенеленген жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде сайлаўшы тәрепинен толтырылады.
Сайлаўшы қарар қабыл етеди ҳәм толтырылған сайлаў бюллетенин жабық конвертте қалдырады, конверт тийисли участкалық сайлаў комиссиясының сейфинде сақланады. Конверттиң желимленген жерине участкалық комиссияның еки ағзасының имзалары қойылып, олар комиссияның мөри ҳәм даўыс бериўшиниң имзасы менен тастыйықланады.

58-статья. Участкалық сайлаў комиссиясының даўыс бериў тамамланғаннан кейинги жумысы
Даўыс бериў тамамланғаннан кейин участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары даўыс бериў тамамланғанлығын комиссияның барлық ағзалары, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында жәриялайды.
Участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары комиссия ағзалары менен биргеликте:
пломбалардың номерлерин тийисли дәлалатнама менен салыстырады;
алдын-ала жазыў қуралларын жыйнастырып қойып, сайлаў бюллетенлерин санап шығыў ушын орын (стол) таярлайды;
пайдаланылмаған ҳәм бузылған сайлаў бюллетенлерин санап шығады ҳәм бийкар етеди, бул ҳаққында жуўмақлаўшы баянламаға тийисли жазыў киргизиледи;
мүддетинен бурын даўыс бериў бюллетенлери салынған жабық конвертлерди сайлаў қутысына таслайды;
стационар ҳәм көшпели сайлаў қутыларын ашады;
ҳәр бир талабан бойынша сайлаў бюллетенлерин оқып еситтирген ҳәм көрсеткен ҳалда бөлек-бөлек буўмаларға ажыратады;
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўысларды санап шығады; ҳақықый емес деп табылған сайлаў бюллетенлерин анықлайды ҳәм санап шығады, бу ҳаққында жуўмақлаўшы баянламаға тийисли жазыў киргизиледи;
жуўмақлаўшы баянламаға даўыс бериў нәтийжелери ҳаққындағы жазыўды киргизеди.
Участкалық сайлаў комиссиясы даўыс бериў ҳәм даўысларды санап шығыў ўақтында келип түскен шағымларды (арзаларды) көрип шығады. Соннан кейин участкалық сайлаў комиссиясы даўысларды санап шығыў нәтийжелери бойынша мәжилис өткерип, онда даўыс бериў жуўмақлары ҳаққында қарар қабыл етеди.
Даўысларды санап шығыў нәтийжелери участкалық сайлаў комиссиясының мәжилисинде көрип шығылады ҳәм баслық, баслықтың орынбасары, хаткер, сайлаў комиссиясының басқа ағзалары тәрепинен имзаланатуғын баянламаға киргизиледи. Соннан кейин баянлама участкалық сайлаў комиссиясының баслығы яки баслықтың орынбасары тәрепинен оқып еситтириледи ҳәм усы баянламаның көширме нусқасы ҳәмме танысып шығыўы ушын участкалық сайлаў комиссиясы жайына кеминде қырқ сегиз саат мүддетке дәрҳал илдирип қойылады.
Даўысларды санап шығыў процессинде қатнасып атырған сиясий партияның ўәкилликли ўәкили, бақлаўшылар участкалық сайлаў комиссиясы баянламасының тастыйықланған көширме нусқасын алыўға ҳақылы.
Участкалық сайлаў комиссиясы баянламасының көширме нусқасы мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда дәрҳал тийисли округлик сайлаў комиссиясына усынылады, түп нусқа болса баслық яки оның орынбасары тәрепинен ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң бақлаўында алып барып тапсырылады.

11-бап. ҚАЙТА ДАЎЫС БЕРИЎ, ҚАЙТА САЙЛАЎ

59-статья. Қайта даўыс бериўди өткериў тийкарлары ҳәм тәртиби
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында екеўден артық талабан қатнасып атырған болса ҳәм егер олардан ҳеш бири даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардан ярымынан көбиниң даўысын алмаған болса, қайта даўыс бериў өткериледи, онда ең көп даўыс топлаған еки талабан қатнасады.
Орайлық сайлаў комиссиясы қайта даўыс бериў күнин Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өткерилген күннен баслап бир ай ишинде, лекин сайлаў өткерилген күннен кеминде он бес күн кейин өткерилетуғын етип белгилейди. Қайта даўыс бериў өткерилетуғыны ҳаққындағы хабар баспасөзде жәрияланады.
Егер Нызамшылық палатасы ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўында сайлаў округи бойынша екеўден артық талабан қойылған болса ҳәм олардан ҳеш бири сайланбаса, округлик сайлаў комиссиясы ең көп даўыс алған еки талабан бойынша округте қайта даўыс бериўди өткериў ҳаққында қарар қабыл етеди ҳәм бул ҳаққында тийисли сайлаў комиссиясын ҳәм округ сайлаўшыларын хабардар етеди. Қайта даўыс бериў усы Кодекс талапларын басшылыққа алған ҳалда еки ҳәптелик мүддетте өткериледи.
Қайта даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың даўысын басқа талабанға салыстырғанда көбирек алған талабан сайланған деп есапланады.
Қайта даўыс бериўде сайлаўшылардың қатнасыў проценти есапқа алынбайды.

60-статья. Қайта сайлаўды өткериў тийкарлары ҳәм тәртиби
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы өтпеген яки ҳақыйқый емес деп табылған жағдайда, сондай-ақ, егер Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында бир талабан қатнасқан болса ҳәм ол зәрүр муғдарда даўыс топлай алмаған болса, Орайлық сайлаў комиссиясы қайта сайлаў белгилейди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қайта сайлаўы да усы Кодексте тийкарғы сайлаўды өткериў ушын белгиленген тәртипте ҳәм усы шәртлерди сақлаған ҳалда өткериледи. Бунда округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары жумысында сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўы анықланған жағдайда, Орайлық сайлаў комиссиясы сайлаў жаңа қурамдағы округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен өткерилиўи зәрүрлиги ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. Даўыс бериў тийкарғы сайлаўды өткериў ушын дүзилген сол сайлаў участкаларында ҳәм сайлаўшылардың сол дизимлери бойынша өткериледи.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң қайта сайлаўы тийкарғы сайлаў өткерилгеннен кейин қырқ күн ишинде өткериледи.
Нызамшылық палатасы депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының қайта сайлаўы төмендеги жағдайларда өткериледи:
егер сайлаў округи бойынша сайлаў өтпеген ямаса ҳақыйқый емес деп табылған болса;
егер қайта даўыс бериў сайланған депутатты анықлаў имканын бермеген болса;
егер сайлаў округи бойынша көби менен еки талабан қойылған болса ҳәм олардан ҳеш бири сайланбаған болса.
Нызамшылық палатасы депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының қайта сайлаўы тийисли сайлаў комиссиясының тапсырмасына муўапық округлик сайлаў комиссиясы тәрепинен өткериледи. Бунда округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары жумысында сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлери бузылыўы анықланған жағдайда, тийисли сайлаў комиссиясы қайта сайлаў жаңа қурамдағы округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссиялары тәрепинен өткерилиўи зәрүрлиги ҳаққында қарар қабыл етиўи мүмкин. Даўыс бериў тийкарғы сайлаўды өткериў ушын дүзилген сол сайлаў участкаларында ҳәм сайлаўшылардың сол дизимлери бойынша өткериледи.
Нызамшылық палатасы депутатларының ҳәм жергиликли Кеңеслер депутатларының қайта сайлаўы тийкарғы сайлаўдан кейин кеши менен бир айлық мүддет ишинде өткериледи. Сайлаў комиссияларын дүзиў, талабанларды дизимге алыў ҳәм басқа илажлар усы Кодексте белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

12-бап. ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ
САЙЛАЎЫНЫҢ ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ

61-статья. Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанға қойылатуғын талаплар
Өзбекстан Республикасы Президенти бес жыл мүддетке сайланады. Бир шахстың өзи қатарына еки мүддеттен артық Өзбекстан Республикасы Президенти болыўы мүмкин емес.
Отыз бес жастан киши болмаған, мәмлекетлик тилди жақсы билетуғын, тиккелей сайлаўға шекем кеминде он жыл Өзбекстан аймағында турақлы жасап атырған пуқара Өзбекстан Республикасы Президенти етип сайланыўы мүмкин.
Төмендегилер:
қастан ислеген жынаяты ушын бурын судланған пуқаралар;
диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметкерлери Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан етип дизимге алынбайды.

62-статья. Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар усыныў ҳуқықы
Сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде төрт ай бурын Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен дизимге алынған жағдайда ғана Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан усыныўы мүмкин.

63-статья. Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын сиясий партиялар тәрепинен усынылатуғын ҳүжжетлер
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында қатнасыў ушын сиясий партия сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда Орайлық сайлаў комиссиясына төмендегилерди усыныўы керек:
сайлаўда қатнасыў ҳаққында партия басшысы тәрепинен имзаланған арза;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң сиясий партия дизимге алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды өз ишине алған мағлыўматнамасы;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине болажақ талабан ҳаққындағы мағлыўматлар.
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳүжжетлер усынылғаннан соң Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди. Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлер тийкарында партияның сайлаўда қатнасыўына руқсат бериў ҳаққында бес күнлик мүддет ишинде үзил-кесил қарар қабыл етеди ҳәм сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине дизимге алынғанлық гүўалығын ҳәм белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклерин береди. Сайлаўда қатнасыўшы партиялардың дизими арзалардың келип түсиў нәўбети тәртибинде орайлық баспасөзде жәрияланады.

64-статья. Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар усыныў тәртиби
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар усыныў сайлаўға алпыс бес күн қалғанда басланады ҳәм қырқ бес күн қалғанда тамамланады.
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанлар усыныў сиясий партиялардың жоқары уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Сиясий партияның жоқары уйымы Өзбекстан Республикасы Президентлигине бир талабан усыныўы мүмкин.
Сиясий партия Өзбекстан Республикасы Президентлигине тек өз партиясы ағзалары арасынан яки партиясызды талабан етип усыныў ўәкиллигине ийе. Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан усынылғанлығы ҳаққында баянлама дүзиледи.
Сиясий партияның басшысы Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанды дизимге алыўды илтимас етип Орайлық сайлаў комиссиясына арза менен мүрәжат етеди. Арзаға төмендегилер қосымша етиледи:
сиясий партия жоқары уйымының Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан усыныў ҳаққындағы қарары;
сиясий партия жоқары уйымы мәжилисиниң Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабан усыныў ҳаққындағы баянламасы, онда Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, қәсиби, лаўазымы (жумысының түри), жумыс ҳәм жасаў мәнзили, партиялылығы көрсетиледи;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанның өз кандидатурасының даўысқа қойылыўына келисим бергенлиги ҳаққындағы арзасы;
Өзбекстан Республикасы Президентлигине усынылған талабанды қоллап-қуўатлаўшы имза қағазлары. Сиясий партия тәрепинен усынылған имза қағазларында Өзбекстан Республикасы жәми сайлаўшылары улыўма санының кеминде бир процентиниң имзасы болыўы керек. Бунда сиясий партия бир ҳәкимшилик-аймақлық дүзилмеде (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаят, Ташкент қаласы) имзалар улыўма санының көби менен сегиз процентин топлаўы мүмкин.
Ҳүжжетлерди усынған шахсқа Орайлық сайлаў комиссиясы ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди.
Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлерди бес күнлик мүддет ишинде тексерип шығады ҳәм олардың усы Кодекс талапларына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ береди.
Орайлық сайлаў комиссиясы дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм усы Кодекс талапларынан шетке шығыў жағдайлары ҳаққында тийисли сиясий партиялардың басшыларына мәлимлейди. Сиясий партия ҳүжжетлердеги анықланған муўапықсызлықлар ҳәм қәтелерди еки күнлик мүддетте дүзетиўге ҳәм оларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныўға ҳақылы.
Орайлық сайлаў комиссиясы Өзбекстан Республикасы Президентлигине талабанларды дизимге алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиўди дизимге алыў мүддети тамамланыўына жети күн қалғанда жуўмақлайды.

65-статья. Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымына кирисиў
Өзбекстан Республикасы Президенти Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы нәтийжелери рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап еки айдан кешиктирместен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының қоспа мәжилисинде ант қабыллаған ўақыттан баслап өз лаўазымына кириседи.
Ҳәрекеттеги Өзбекстан Республикасы Президенти өз ўәкилликлерин жаңа сайланған Өзбекстан Республикасы Президенти лаўазымға кирискенге шекем атқарады.

66-статья. Өзбекстан Республикасы Президентлигине мүддетинен бурын сайлаў
Өзбекстан Республикасының ҳәрекеттеги Президенти өз ўазыйпаларын орынлай алмайтуғын жағдайларда оның ўазыйпа ҳәм ўәкилликлери ўақытша Сенат Баслығына жүкленеди, бунда үш ай мүддет ишинде, усы Кодекске толық муўапық ҳалда мәмлекет Президенти сайлаўы өткериледи.

13-бап. НЫЗАМШЫЛЫҚ ПАЛАТАСЫ ДЕПУТАТЛАРЫ
САЙЛАЎЫНЫҢ ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ

67-статья. Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўы
Нызамшылық палатасы бес жыл мүддетке сайланатуғын бир жүз елиў депутаттан ибарат болады. Нызамшылық палатасы депутатлары аймақлық бир мандатлы сайлаў округлери бойынша көп партиялылық тийкарында сайланады.

68-статья. Депутатлыққа талабанлар усыныў ҳуқықы
Сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде төрт ай алдын Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен дизимге алынған ҳәм өзиниң сайлаўда қатнасыўын қоллап-қуўатлаўшы кеминде қырқ мың сайлаўшының имзасын топлаған жағдайда ғана депутатлыққа талабанлар усыныўы мүмкин.
Белгиленген үлгидеги имза қағазларының бланклери сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланғаннан кейин Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен бериледи.
Бир ҳәкимшилик-аймақлық дүзилмеде (Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаят, Ташкент қаласы) сиясий партия қырқ мың сайлаўшының көби менен сегиз процентиниң имзасын топлаўы мүмкин.

69-статья. Сайлаўда қатнасыў ушын сиясий партиялар тәрепинен усынылатуғын ҳүжжетлер
Депутатлыққа талабанлар усыныў ушын сиясий партия сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда Орайлық сайлаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:
сайлаўда қатнасыў ҳаққында партия басшысы тәрепинен имзаланған арза;
Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлигиниң сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде төрт ай алдын дизимге алынғанлығын тастыйықлаўшы мағлыўматнамасы;
имза қағазлары.
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳүжжетлер усынылғаннан соң Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине ҳүжжет қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди. Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлер тийкарында бес күнлик мүддет ишинде сиясий партияның сайлаўда қатнасыўына руқсат бериў ҳаққында қарар қабыл етеди. Сайлаўда қатнасыўшы партиялар дизими арзалардың келип түсиў нәўбети тәртибинде орайлық баспасөзде жәрияланады.

70-статья. Сиясий партиялар тәрепинен депутатлыққа талабанлар усыныў
Депутатлыққа талабанлар усыныў сайлаўға алпыс бес күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға қырқ бес күн қалғанда тамамланады.
Депутатлыққа талабанлар усыныў сиясий партиялардың жоқары уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Сиясий партиялар депутатлыққа бир жүз елиў талабан, яғный ҳәр бир сайлаў округинен биреўден депутатлыққа талабан көрсетиў ўәкиллигине ийе. Бир шахс тек бир сайлаў округинен депутатлыққа талабан етип усынылыўы мүмкин. Депутатлыққа талабанларды таңлаў тәртиби сиясий партиялар тәрепинен белгиленеди.
Ҳаял-қызлардың саны сиясий партиядан усынылған депутатлыққа талабанлардың улыўма санының кеминде отыз процентин қураўы керек.
Сиясий партиялар өз партиясы ағзаларын яки партиясызларды депутатлыққа талабан етип усыныў ўәкиллигине ийе. Депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққында баянлама дүзиледи.

71-статья. Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларға қойылатуғын талаплар
Нызамшылық палатасына сайланыў ҳуқықына сайлаў күни жигирма бес жасқа толған ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы айймағында турақлы жасап атырған пуқаралар ийе.
Төмендегилер:
ислеген аўыр яки жүдә аўыр жынаяты ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған пуқаралар;
сайлаў күнине шекем соңғы бес жыл даўамында Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасамаған пуқаралар;
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң, Миллий гвардиясының, Ишки ислер министрлигиниң, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң, басқа да әскерийлестирилген бөлимшелердиң хызметкерлери;
диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметкерлери Нызамшылық палатасы депутатлығына талабан етип дизимге алынбайды.

72-статья. Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды дизимге алыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер
Сиясий партияның басшысы Нызамшылық палатасы депутатлығына талабанларды дизимге алыўды сорап, Орайлық сайлаў комиссиясына арза менен мүрәжат етеди. Арзаға төмендегилер қосымша етиледи:
сиясий партия жоқары уйымының депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққындағы қарары;
сиясий партияның жоқары уйымы мәжилисиниң депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққындағы баянламасы, онда депутатлыққа талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, қәсиби, лаўазымы (жумысының түри), жумыс ҳәм жасаў мәнзили, партиялылығы, сондай-ақ, сайлаў округиниң атамасы ҳәм тәртип саны көрсетиледи;
депутатлыққа талабанның өз кандидатурасы тийисли сайлаў округинен даўысқа қойылыўына келисим бергенлиги ҳаққындағы арзасы;
депутатлыққа талабанның, егер ол Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланған жағдайда ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққындағы арзасы.
Ҳүжжетлерди усынған шахсқа Орайлық сайлаў комиссиясы ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди.
Орайлық сайлаў комиссиясы сиясий партиялардан депутатлыққа талабанларды дизимге алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиўди дизимге алыў мүддети тамамланыўына жети күн қалғанда жуўмақлайды.
Орайлық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлерди бес күнлик мүддет ишинде тексерип шығады ҳәм олардың усы Кодекс талапларына муўапықлығы туўралы жуўмақ береди.
Орайлық сайлаў комиссиясы дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм усы Кодекс талапларынан шетке шығыў жағдайлары ҳаққында тийисли сиясий партиялардың басшыларына мәлимлейди. Сиясий партия ҳүжжетлердеги анықланған муўапықсызлықлар ҳәм қәтелерди еки күнлик мүддетте дүзетиўге ҳәм оларды Орайлық сайлаў комиссиясына усыныўға ҳақылы.

73-статья. Нызамшылық палатасына сайланған депутатларды дизимге алыў
Орайлық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссияларынан алынған баянламалар тийкарында Нызамшылық палатасына сайланған депутатларды дизимге алады.
Депутат етип сайланған шахслар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен дизимге алынған ўақыттан баслап Нызамшылық палатасы депутаты статусына ийе болады.
Нызамшылық палатасы депутаты етип сайланған шахслар Орайлық сайлаў комиссиясына Нызамшылық палатасы депутатының статусына сәйкес келмейтуғын ўазыйпаларды өз мойнынан алып таслағаны ҳаққында жазба түрде мәлим етиўи шәрт.
Нызамшылық палатасы депутатларына Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен он күн ишинде гүўалық ҳәм көкирекке тағатуғын белгиси бериледи.

74-статья. Босап қалған орынларға Нызамшылық палатасы депутатлары сайлаўын өткериў
Депутатлардың ўәкилликлери мүддетинен алдын тоқтатылған жағдайларда тийисли сайлаў округлеринде жаңа сайлаў өткериледи.
Сайлаў Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў өткерилиўине кеминде бир ай қалғанда белгиленеди ҳәм усы Кодекс талапларын басшылыққа алған ҳалда шөлкемлестириледи. Бунда округлик сайлаў комиссиясы сайлаўға жигирма бес күн, участкалық сайлаў комиссиялары болса он бес күн қалғанда дүзиледи. Депутатлыққа талабанларды дизимге алыў сайлаўға он бес күн қалғанда тоқтатылады.
Нызамшылық палатасы ўәкиллик мүддетиниң тамамланыўына алты айдан кем ўақыт қалғанда Нызамшылық палатасы депутатының орны босап қалған жағдайда, усы босап қалған орынға жаңа депутат сайлаўы өткерилмеўи мүмкин.

14-бап. СЕНАТТЫ ДҮЗИЎ ТӘРТИБИ

75-статья. Сенатты дүзиў
Сенат аймақлық ўәкиллик палатасы болып есапланады.
Сенат ағзалары Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласынан тең муғдарда – алты адамдан сайланады. Сенатқа сайлаў Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли Кеңеслер депутатларының тийисли қоспа мәжилислеринде усы депутатлар арасынан жасырын даўыс бериў жолы менен өткериледи.
Сенаттың он алты ағзасы илим, көркем өнер, әдебият, өндирис тараўында ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик жумыстың басқа да тараўларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған ҳәм айырықша хызмет көрсеткен ең абыройлы пуқаралар арасынан Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен тайынланады.
Сенаттың ўәкиллик мүддети — бес жыл.

76-статья. Сенат ағзаларының сайлаўын өткериў мүддети
Сенат ағзаларының сайлаўы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси, жергиликли Кеңеслер депутатлары сайланғаннан кейин бир айдан кешиктирместен өткериледи.

77-статья. Сенат ағзалығына сайланатуғын талабанларға қойылатуғын талаплар
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, жергиликли Кеңестиң сайлаў күни жигирма бес жасқа толған ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасайтуғын депутаты Сенат ағзалығына сайланыў ушын талабан болыўы мүмкин.

78-статья. Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, тийисли ўәлаятлар, Ташкент қаласы, сондай-ақ районлар ҳәм қалалардың жергиликли Кеңеслериниң Сенат ағзалары сайлаўы бойынша қоспа мәжилисин өткериў
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, тийисли ўәлаятлар, Ташкент қаласы, сондай-ақ районлар ҳәм қалалардың жергиликли Кеңеслериниң қоспа мәжилисин (буннан былай текстте — қоспа мәжилис) шақырыў Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылады.
Қоспа мәжилис, егер онда депутатлар улыўма санының кеминде үштен еки бөлеги қатнасса, ўәкилликли болып есапланады.
Орайлық сайлаў комиссиясы Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине, жергиликли Кеңеслерге сайлаў жуўмақлары жәрияланғаннан (ҳәммеге мәлимленгеннен) кейин үш күнлик мүддетте Сенат ағзаларын сайлаў ушын қоспа мәжилислер өткерилиўин жәриялайды.
Орайлық сайлаў комиссиясының қоспа мәжилислерин өткериў сәнеси, ўақты ҳәм орны көрсетилген қарары ғалаба хабар қуралларында, сондай-ақ, оның рәсмий веб-сайтында жәрияланады (ҳәммеге мәлимленеди).
Қоспа мәжилисти Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы ашып, ең абыройлы, тәжирийбели, үлкен жастағы депутатлар арасынан мәжилиске басшылық етиўши ҳаққында усыныс киргизеди. Қоспа мәжилистиң жумысын алып барыў ушын ашық даўыс бериў арқалы үш адамнан бес адамға шекемги қурамда исши президиум сайланады, сондай-ақ, келип түскен усынысларды есапқа алыў ҳәм қабыл етилетуғын қарарларды рәсмийлестириў ушын үш адамнан ибарат Секретариат дүзиледи.

79-статья. Сенат ағзалығына талабанлар усыныў
Сенат ағзалығына талабанлар усыныў қоспа мәжилисте әмелге асырылады.
Сенат ағзалығына талабанлар усыныў ушын басшылық етиўшиниң усынысына муўапық ашық даўыс бериў арқалы әпиўайы көпшилик даўыс пенен Мәсләҳәт кеңеси сайланады.
Мәсләҳәт кеңеси үлкен тәжирийбеге ийе болған ең абыройлы, үлкен жастағы депутатлар арасынан, әдетте, ҳәр бир жергиликли Кеңестен бир ўәкил сайланады.
Мәсләҳәт кеңеси өз баслығын сайлайды.
Мәсләҳәт кеңеси илим, көркем өнер, әдебият, өндирис тараўында ҳәм мәмлекетлик және жәмийетлик жумыстың басқа да тараўларында үлкен әмелий тәжирийбеге ийе болған ҳәм айырықша хызмет көрсеткен ең абыройлы депутатлар арасынан Сенат ағзалығына талабанларды усынады ҳәм көрип шығады және сайлаў бюллетенине киргизиў ушын усыныс киргизеди.
Талабанлардың ҳәр бирин өз алдына тыңлаў ҳәм додалаў нәтийжелери бойынша қоспа мәжилисте оларды сайлаў бюллетенине киргизиў ҳаққында қарар қабыл етиледи.
Қоспа мәжилисте қатнасып атырған депутатлардың көпшилиги жақлап даўыс берген Сенат ағзалығына талабан сайлаў бюллетенине киргизилген есапланады.
Сайлаў бюллетенине Сенат ағзалығына кеминде алты талабан киргизиледи.

80-статья. Сенат ағзаларының сайлаўы бойынша даўыс бериўди шөлкемлестириў
Жасырын даўыс бериўди өткериў ҳәм оның нәтийжелерин анықлаў ушын қоспа мәжилисте қатнасып атырған депутатлар арасынан көби менен тоғыз ағзадан, соның ишинде комиссия баслығы ҳәм хаткеринен ибарат қурамда Есап-санақ комиссиясы сайланады.
Есап-санақ комиссиясы:
Сенат ағзалығына сайлаў бойынша даўыс бериўди шөлкемлестиреди ҳәм өткереди;
қоспа мәжилис қатнасыўшыларына жасырын даўыс бериўди өткериў ўақты, орны ҳәм тәртибин жәриялайды;
сайлаў бюллетенлерин оларға Сенат ағзалығына ҳәр бир талабанның туўылған жылын көрсеткен ҳалда, фамилиясы, аты ҳәм әкесиниң атын әлипбе тәртибинде киргизиў арқалы таярлайды;
даўыс бериўшилердиң дизимин анықластырады, оларға сайлаў бюллетенлерин тапсырады;
сайлаў бюллетениниң жүз тәрепине мөр басады ҳәм онда Есап-санақ комиссиясының кеминде еки ағзасының имзасы қойылған болыўын тәмийнлейди;
даўысларды санап шығады ҳәм жасырын даўыс бериў нәтийжелери ҳаққында баянлама дүзеди;
жасырын даўыс бериў нәтийжелерин қоспа мәжилиске тастыйықлаў ушын киргизеди.

81-статья. Сенат ағзаларының сайлаўы бойынша даўыс бериў тәртиби
Жасырын даўыс бериў басланыўынан алдын Есап-санақ комиссиясының баслығы оны өткериў тәртибин жәриялайды, комиссия ағзалары қатнасыўында сайлаў қутысын тексереди ҳәм бир мәрте қолланылатуғын пломбалар менен пломбалайды.
Сайлаў қутысы даўыс бериўши оның жанына әлбетте жасырын даўыс бериў кабинасы яки бөлмеси арқалы өтип баратуғын етип орнатылады.
Қоспа мәжилисте қатнасып атырған депутат Есап-санақ комиссиясы ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетеди ҳәм даўыс бериўшилер дизимине имза қояды, соннан кейин оған сайлаў бюллетени тапсырылады.
Сайлаў бюллетени даўыс бериўши тәрепинен жасырын даўыс бериў кабинасында яки бөлмесинде өзи жақлап даўыс берип атырған Сенат ағзалығына талабанлардың фамилиясы тусына, оң тәрепте жайласқан бос квадратқа «+» яки « » ямаса «˅» белгисин қойыў арқалы толтырылады.
Даўыс бериўши толтырылған сайлаў бюллетенин көринетуғын орында турыўы керек болған сайлаў қутысына таслайды.
Бузып қойылған сайлаў бюллетени даўыс бериўшиниң илтимасы бойынша жаңасына алмастырылыўы мүмкин.
Жасырын даўыс бериў процеси тамамланғаннан кейин пайдаланылмаған, сондай-ақ, бузып қойылған сайлаў бюллетенлери есапқа алыныўы, бийкар етилиўи шәрт (шеп тәрептеги жоқарғы мүйешти кесип қойыў арқалы) ҳәм бөлек сақланады.

82-статья. Сенат ағзаларының сайлаўы бойынша даўысларды санап шығыў ҳәм сайлаў нәтийжелерин анықлаў
Даўысларды санап шығыў Есап-санақ комиссиясы ағзалары тәрепинен жасырын даўыс бериў нәтийжелери анықланғанға шекем тәнеписсиз өткериледи.
Сайлаў қутысындағы сайлаў бюллетенлери тийкарында Есап-санақ комиссиясы:
даўыс бериўде қатнасқан депутатлардың улыўма санын;
Сенат ағзалығына ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын;
ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетенлери санын анықлайды.
Даўыс бериўшилер тәрепинен сайлаў бюллетенлерине қосымша түрде жазып қойылған пуқаралардың фамилиялары бойынша берилген даўыслар есапқа алынбайды.
Белгиленбеген үлгидеги сайлаў бюллетенлери, даўыс бериў ўақтында бир де квадратқа «+» яки « » ямаса «˅» белгиси қойылмаған сайлаў бюллетенлери, сондай-ақ, жүз тәрепинде мөр ҳәм Есап-санақ комиссиясы ағзаларының имзасы болмаған бюллетенлер ҳақыйқый емес деп табылады.
Жасырын даўыс бериў нәтийжелери бойынша баянлама дүзиледи, баянлама Есап-санақ комиссиясының барлық ағзалары тәрепинен имзаланады. Баянламаның қәлем менен толтырылыўына ҳәм оған қандай да бир дүзетиўлер киргизилиўине жол қойылмайды.

83-статья. Сенат ағзаларының сайлаўы бойынша даўыс бериў нәтийжелерин анықлаў
Даўыс бериў нәтийжелери бойынша басқа талабанларға салыстырғанда көбирек даўыс алған Сенат ағзалығына талабанлар, егер қоспа мәжилисте қатнасқан жергиликли Кеңеслер депутатларының елиў процентинен көбиреги оларды жақлап даўыс берген болса, сайланған деп есапланады.

84-статья. Сенат ағзаларының сайлаўы бойынша қайта даўыс бериў ҳәм олардың қайта сайлаўы
Егер даўыс бериў ўақтында белгиленген санда Сенат ағзалары сайланбаған болса, сайланбай қалған сандағы Сенат ағзалығы ушын даўыслардың зәрүр санын топламаған талабанлар бойынша әне усы қоспа мәжилистиң өзинде қайта даўыс бериў өткериледи.
Сенат ағзаларының қайта сайлаўы төмендеги жағдайларда өткериледи:
егер сайлаў ҳақыйқый емес деп табылған болса;
егер қайта даўыс бериў нәтийжесинде белгиленген санда Сенат ағзалары сайланбаған болса.
Усы статьяның екинши бөлими үшинши абзацында нәзерде тутылған жағдайларда қайта сайлаў сайланбай қалған сандағы Сенат ағзалығы ушын өткериледи.
Сенат ағзаларының қайта сайлаўы Сенатқа өткерилген тийкарғы сайлаўдан кейин көби менен он бес күнлик мүддет ишинде өткериледи.
Сайланбай қалған сандағы Сенат ағзалығына талабанлар усыныў ҳәм қайта сайлаў өткериў усы Кодексте белгиленген тәртипте әмелге асырылады.

85-статья. Сенат ағзалары сайлаўының жуўмақлары
Орайлық сайлаў комиссиясы қоспа мәжилислердиң баянламалары тийкарында усы баянламалар келип түскен күннен баслап бес күннен кешиктирместен Сенат ағзаларын дизимге алады, дизимге алыўдан кейин он күн ишинде болса гүўалық ҳәм көкирекке тағатуғын белгисин береди.
Егер сайлаў даўамында, даўысларды санап шығыў, жасырын даўыс бериў нәтийжелерин анықлаў ўақтында усы Кодекс талаплары сайлаў нәтийжелерине тәсир еткен тәризде бузылыўына жол қойылған болса, Орайлық сайлаў комиссиясы Сенат ағзаларының сайлаўын ҳақыйқый емес деп табыўы мүмкин.

86-статья. Сенат ағзалары сайлаўының жуўмақлары үстинен шағым етиў
Қоспа мәжилислердиң, сондай-ақ Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары үстинен усы қарарлар қабыл етилген күннен баслап он күн ишинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына шағым етилиўи мүмкин.

87-статья. Босап қалған орынларға Сенат ағзалары сайлаўын өткериў
Босап қалған орынларға Сенат ағзалары сайлаўы тийисли қоспа мәжилислерде усы Кодекс талапларын сақлаған ҳалда өткериледи.
Сенаттың ўәкиллик мүддетиниң тамамланыўына алты айдан кем ўақыт қалғанда Сенат ағзасының орны босап қалса, босап қалған орынға Сенаттың жаңа ағзасы сайлаўы өткерилмеўи мүмкин.

15-бап. ЖЕРГИЛИКЛИ КЕҢЕСЛЕРГЕ САЙЛАЎДЫҢ ӨЗИНЕ ТӘН ӨЗГЕШЕЛИКЛЕРИ

88-статья. Жергиликли Кеңеслерге сайлаў
Жергиликли Кеңеслерге сайлаў аймақлық бир мандатлы сайлаў округлери бойынша көп партиялылық тийкарында бес жыл мүддетке өткериледи.

89-статья. Сайлаўда қатнасыў ушын сиясий партиялар тәрепинен усынылатуғын ҳүжжетлер
Депутатлыққа талабанлар усыныў ушын сиясий партия сайлаўға кеминде жетпис күн қалғанда тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясына төмендеги ҳүжжетлерди усыныўы керек:
сайлаўда қатнасыў ҳаққында сиясий партияның тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық уйымының басшысы тәрепинен имзаланған арза;
сиясий партия сайлаў кампаниясы басланғанлығы жәрияланған күннен кеминде төрт ай алдын дизимге алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама.
Усы статьяның биринши бөлиминде көрсетилген ҳүжжетлер усынылғаннан соң тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы сиясий партияның ўәкилликли ўәкилине ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди. Сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлер тийкарында бес күнлик мүддетте партияның сайлаўда қатнасыўына руқсат бериў ҳаққында үзил-кесил қарар қабыл етеди. Сайлаўда қатнасыўшы партиялар дизими арзалардың келип түсиў нәўбети тәртибине қарап баспасөзде жәрияланады.

90-статья. Жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларға қойылатуғын талаплар
Сайлаў күни жигирма бир жасқа толған ҳәм кеминде бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасап атырған пуқаралар жергиликли Кеңеслер депутатлығына сайланыў ҳуқықына ийе.
Төмендегилер:
ислеген аўыр яки жүдә аўыр жынаяты ушын судланғанлық жағдайы тамамланбаған ямаса судланғанлығы алып тасланбаған пуқаралар;
сайлаў күнине шекем соңғы бес жыл даўамында Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасаамаған пуқаралар;
Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлериниң әскерий хызметкерлери, Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызметиниң, Миллий гвардиясының, Ишки ислер министрлигиниң, Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң, басқа да әскерийлестирилген бөлимшелердиң хызметкерлери;
диний шөлкемлер ҳәм бирлеспелердиң профессионал хызметкерлери жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан етип дизимге алынбайды.
Судьялар, прокуратура уйымларының ҳәм атқарыў ҳәкимияты уйымларының лаўазымлы шахслары (буған ўәлаят, район ҳәм қала ҳәкимлери кирмейди) депутат етип сайланған жағдайда, ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққында арза бериў шәрти менен жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабан етип дизимге алынады.

91-статья. Жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар усыныў тәртиби
Жергиликли Кеңеслердиң депутатлығына талабанлар усыныў сайлаўға алпыс бес күн қалғанда басланады ҳәм сайлаўға қырқ бес күн қалғанда тамамланады.
Жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар усыныў сиясий партиялардың тийисли уйымлары тәрепинен әмелге асырылады.
Сиясий партиялар тийисли аймақта жайласқан ҳәр бир сайлаў округинен жергиликли Кеңеслер депутатлығына биреўден талабан усыныў ўәкиллигине ийе.
Бир шахс тийисли жергиликли Кеңеске сайлаў өткериў бойынша тек бир сайлаў округинен депутатлыққа талабан етип усынылыўы мүмкин. Депутатлыққа талабанлар таңлаў тәртиби сиясий партиялар тәрепинен белгиленеди.
Ҳаял-қызлардың саны сиясий партиядан усынылған жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлардың улыўма санының кеминде отыз процентин қураўы керек.
Сиясий партиялар тек өз партиясы ағзаларын яки партиясызларды депутатлыққа талабан етип усынады. Депутатлыққа талабанлар усынылғанлығы ҳаққында баянлама дүзиледи.

92-статья. Жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды дизимге алыў ушын усынылатуғын ҳүжжетлер
Сиясий партияның тийисли уйымының басшысы жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанларды дизимге алыўды илтимас етип тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясына арза менен мүрәжат етеди. Арзаға төмендегилер қосымша етиледи:
сиясий партияның тийисли уйымының депутатлыққа талабанлар усыныў ҳаққындағы қарары;
сиясий партияның тийисли уйымы мәжилисиниң жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанлар усыныў ҳаққындағы баянламасы, онда депутатлыққа талабанның фамилиясы, аты, әкесиниң аты, туўылған сәнеси, қәсиби, лаўазымы (жумысының түри), жумыс ҳәм жасаў мәнзили, партиялылығы, сондай-ақ, сайлаў округиниң аты ҳәм тәртип саны көрсетиледи;
жергиликли Кеңеслер депутатлығына талабанның өз кандидатурасы тийисли сайлаў округинен даўысқа қойылыўына келисим бергенлиги ҳаққындағы арзасы;
усы Кодекстиң 90-статьясының үшинши бөлиминде көрсетип өтилген шахслардың, егер олар жергиликли Кеңеслер депутатлары етип сайланған жағдайда ийелеп турған лаўазымынан босаў ҳаққындағы арзасы.
Ҳүжжетлерди усынған шахсқа тийисли ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы ҳүжжетлер қабыл етип алынған сәне ҳәм ўақыт көрсетилген мағлыўматнама береди.
Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы сиясий партиялардан депутатлыққа талабанларды дизимге алыў ушын ҳүжжетлерди қабыл етиўди дизимге алыў мүддети тамамланыўына жети күн қалғанда жуўмақлайды.
Ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы усынылған ҳүжжетлерди бес күнлик мүддет ишинде тексерип шығады ҳәм олардың усы Кодекс талапларына муўапықлығы ҳаққында жуўмақ береди.
Ўәлаятық, районлық, қалалық сайлаў комиссиясы дизимге алыў ушын усынылған ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм усы Кодекс талапларынан шетке шығыў жағдайлары ҳаққында тийисли сиясий партиялар басшыларына мәлимлейди. Сиясий партия ҳүжжетлерде анықланған муўапықсызлықлар ҳәм қәтелерди еки күнлик мүддетте дүзетиўге ҳәм оларды тийисли сайлаў комиссиясына усыныўға ҳақылы.

93-статья. Босап қалған орынларға жергиликли Кеңеслер депутатлары сайлаўын өткериў
Депутатлық ўәкилликлери мүддетинен бурын тоқтатылған жағдайларда тийисли сайлаў округлеринде жаңа сайлаў өткериледи.
Сайлаў тийисли жергиликли Кеңес тәрепинен сайлаў өткерилиўине кеминде бир ай қалғанда белгиленеди ҳәм усы Кодекстиң талапларын сақлаған ҳалда шөлкемлестириледи. Бунда округлик сайлаў комиссиясы сайлаўға жигирма бес күн қалғанда, участкалық сайлаў комиссиялары болса он бес күн қалғанда дүзиледи.
Тийисли жергиликли Кеңестиң ўәкиллик мүддети тамамланыўына алты айдан кем ўақыт қалғанда депутаттың орны босап қалған жағдайда, босап қалған орынға жаңа депутат сайлаўы өткерилмеўи мүмкин.

16-бап. САЙЛАЎ НӘТИЙЖЕЛЕРИН АНЫҚЛАЎ
ҲӘМ ЖӘРИЯЛАЎ (ҲӘММЕГЕ МӘЛИМЛЕЎ)

94-статья. Сайлаў участкасында даўысларды санап шығыў
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшылар дизимине киргизилген шахслардың улыўма санын, сайлаў бюллетенлерин алған сайлаўшылар санын ҳәм сайлаў қутыларындағы сайлаў бюллетенлериниң санын анықлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясы сайлаў участкасында ҳәр бир округ, ҳәр бир талабан бойынша берилген даўысларды өз алдына санап шығады.
Санап шығылған сайлаў бюллетенлери тийкарында участкалық сайлаў комиссиясы:
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын;
ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетенлери санын;
бузылған сайлаў бюллетенлери санын анықлайды.
Сайлаў бюллетенлерине қосымша түрде жазып қойылған пуқаралардың фамилиялары бойынша берилген даўыслар есапқа алынбайды.
Белгиленбеген үлгидеги сайлаў бюллетенлери, сондай-ақ, даўыс бериў ўақтында биреўден артық квадратқа «+» яки « » ямаса «˅» белгиси қойылған яки бир де квадратқа бундай белги қойылмаған сайлаў бюллетенлери ҳақыйқый емес деп табылады. Сайлаў бюллетениниң ҳақыйқыйлығы гүман туўдырғанда, мәселе участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен даўысқа қойыў арқалы шешиледи.
Даўыс бериўши тәрепинен бюллетенди толтырыў ўақтында қәтеге жол қойылған ҳәм оның орнына жаңа сайлаў бюллетени берилген, бул ҳаққында сайлаўшылар дизиминде ҳәм бийкар етилген бузылған сайлаў бюллетениниң арқа тәрепинде тийисли белги қойылған сайлаў бюллетени бузылған деп есапланады.

95-статья. Округ бойынша сайлаў нәтийжелерин анықлаў
Округ бойынша сайлаў нәтийжелери тек участкалық сайлаў комиссияларының усынылған баянламалары тийкарында анықланады. Округлик сайлаў комиссиясы:
округ бойынша сайлаўшылар дизимине киргизилген сайлаўшылардың улыўма санын; сайлаў бюллетенлерин алған сайлаўшылар санын;
даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылар санын;
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын;
ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетенлери санын анықлайды.
Участкалық сайлаў комиссиясының баянламасында көрсетилген, даўысларды санап шығыў ўақтында муўапықсызлықлар анықланған жағдайда, округлик сайлаў комиссиясы өз мәжилисинде участкалық сайлаў комиссиясына усы муўапықсызлықларды сапластырыўды усыныс етиўге ҳақылы.
Округ бойынша сайлаў нәтийжелери округлик сайлаў комиссиясының мәжилисинде анықланады ҳәм баянламаға киргизиледи. Баянлама комиссия баслығы, баслықтың орынбасары, хаткери, басқа ағзалары тәрепинен имзаланады ҳәм тийисли сайлаў комиссиясына усынылады.

96-статья. Сайлаў нәтийжелерин белгилеў
Орайлық сайлаў комиссиясы, ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық сайлаў комиссиясы округлик сайлаў комиссияларының өзине келип түскен баянламалары тийкарында:
Өзбекстан Республикасы бойынша яки ўәлаят, район ҳәм қала бойынша сайлаўшылардың улыўма санын;
сайлаў бюллетенлерин алған сайлаўшылар санын;
даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылар санын;
ҳәр бир талабанды жақлап берилген даўыслар санын;
ҳақыйқый емес деп табылған сайлаў бюллетенлери санын анықлайды.
Сайлаўда даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбиниң даўысын алған талабан сайланған деп есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында еки талабан қатнасқан жағдайда, даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың басқа талабанға салыстырғанда көпшилик даўысын алған талабан сайланған деп есапланады.
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында түрли себеплерге (талабанның өлими, талабанның денсаўлығының сайлаўда қатнасыўға имканият бермейтуғын жағдайы яки нызамда белгиленген басқа себеплерге көре оның кандидатурасы алынғанлығы ҳәм т.б.) байланыслы бир талабан қатнасқан жағдайда, даўыс бериўде қатнасқан сайлаўшылардың ярымынан көбиниң даўысын алған талабан сайланған деп есапланады.
Сайлаў, егер онда сайлаўшылар дизимине киргизилген сайлаўшылардың отыз үш процентинен кеми қатнасқан болса, өтпеген деп табылады.
Сайлаў даўамында жол қойылған, даўыс бериў жуўмақларына тәсир еткен қағыйдабузарлықлар себепли сайлаў улыўма яки айырым сайлаў округлери бойынша ямаса айырым сайлаў участкалары бойынша ҳақыйқый емес деп табылыўы мүмкин. Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўын, Нызамшылық палатасына сайлаўды ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы қарар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен қабыл етиледи ҳәм сайлаў жуўмақлары жәрияланған күннен баслап он күн ишинде бул қарар үстинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына шағым етилиўи мүмкин.
Жергиликли Кеңеслерге өткерилген сайлаўды ҳақыйқый емес деп табыў ҳаққындағы қарар тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен қабыл етиледи ҳәм даўыс бериў жуўмақлары жәрияланған күннен баслап он күн ишинде бул қарар үстинен судқа шағым етилиўи мүмкин.
Айырым сайлаў участкалары бойынша (Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы ушын — округлер бойынша да) сайлаў ҳақыйқый емес деп табылған жағдайда, бундай участкалар (округлер) бойынша даўыс бериў нәтийжелери, егер бул нәтийжелерсиз де сайлаў улыўма болып өткен деп табылыўы мүмкин болса, тийисли комиссияның қарары менен сайлаўдың улыўма нәтийжелеринен шығарып тасланады.
Тийисли сайлаў комиссиясы даўыс бериў жуўмақлары бойынша баянлама дүзеди ҳәм қарар қабыл етеди.

97-статья. Сайлаў нәтийжелерин жәриялаў (ҳәммеге мәлимлеў)
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўы, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаў жуўмақлары бойынша Орайлық сайлаў комиссиясының қарары сайлаўдан кейин он күннен кешиктирместен қабыл етиледи, Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында ҳәм басқа да дәреклерде жәрияланады (ҳәммеге мәлимленеди).
Жергиликли Кеңеске өткерилген сайлаў жуўмақлары ҳаққындағы қарар тийисли сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаўдан кейин он күннен кешиктирместен қабыл етиледи ҳәм баспасөзде жәрияланады, сондай-ақ, ғалаба хабар қуралларында ҳәммеге мәлимленеди.

17-бап. САЙЛАЎДЫ ҚАРЖЫЛАНДЫРЫЎ

98-статья. Сайлаўды мәмлекет тәрепинен қаржыландырыў
Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўына, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаўға, жергиликли Кеңеслерге сайлаўға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы қәрежетлер Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик бюджетиниң қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Шет еллердиң, олардың физикалық ҳәм юридикалық шахсларының және халықаралық шөлкемлердиң қаржылары есабынан сайлаўды қаржыландырыў ҳәм талабанлар менен сиясий партияларды материаллық жақтан басқаша тәризде қоллап-қуўатлаў қадаған етиледи.
Сиясий партиялар, басқа да жәмийетлик бирлеспелер, кәрханалар, мәкемелер, шөлкемлер ҳәм пуқаралар сайлаў өткериў ушын өз қаржыларын ықтыярлы түрде бериўи мүмкин. Бул қаржылар Орайлық сайлаў комиссиясы тәрепинен сайлаў кампаниясы процесинде олардан пайдаланыў ушын қабыл етип алынады.

99-статья. Сайлаў комиссияларын қаржыландырыў
Орайлық сайлаў комиссиясын, ўәлаятлық, районлық, қалалық сайлаў комиссияларын, округлик ҳәм участкалық сайлаў комиссияларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша қаржыландырыў Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен әмелге асырылады.
Орайлық сайлаў комиссиясын қаржыландырыў Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетинде өз алдына қатарда нәзерде тутылады.
Сайлаў комиссиялары жумысына тартылатуғын шахслардың мийнетине ҳақы төлеў сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылар есабынан әмелге асырылады.

100-статья. Сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў
Сиясий партиялардың Өзбекстан Республикасы Президенти сайлаўында, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисине сайлаўда, жергиликли Кеңеслерге сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў белгиленген тәртипте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң мине усы мақсетлер ушын ажыратылатуғын қаржылары есабынан әмелге асырылады.
Сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын ажыратылатуғын мәмлекетлик қаржылардың бир талабан есабына сәйкес келетуғын муғдары Орайлық сайлаў комиссиясы ҳәм басқа да тийисли сайлаў комиссиялары тәрепинен белгиленеди. Бул ҳаққындағы мәлимлеме Орайлық сайлаў комиссиясының рәсмий веб-сайтында, сондай-ақ, зәрүр жағдайларда басқа дәреклерде жәрияланады.
Сиясий партияның сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын мәмлекетлик қаржылар усы партиядан усынылған талабанлар дизимге алынғаннан кейин дизимге алынған талабанлар санына муўапық көлемде сиясий партияның есап бетине өткериледи.
Сиясий партиялардың сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ушын ажыратылған мәмлекетлик қаржылар:
үгит-нәсият жүргизиўге;
талабанлардың исенимли ўәкиллери ҳәм үгит-нәсият өткериў ушын тартылатуғын басқа да белсендилердиң жумысын шөлкемлестириўге;
сайлаў кампаниясын өткериўге байланыслы улыўма партиялық илажларға сарпланады.
Сиясий партиялар өзиниң сайлаўда қатнасыўын қаржыландырыў ҳаққындағы мәлимлемени сайлаў жуўмақлары жәрияланғаннан кейин бир ай ишинде өз рәсмий веб-сайтларында ҳәм баспа басылымларда жәриялайды.

18-бап. ЖУЎМАҚЛАЎШЫ РЕЖЕЛЕР

101-статья. Сайлаў комиссиялары тәрепинен физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби
Сайлаў комиссиялары сайлаў кампаниясын өткериў дәўиринде физикалық ҳәм юридикалық шахслардың усы Кодекс талаплары бузылғанлығы яки сайлаўды шөлкемлестириўдиң басқа мәселелери бойынша өзине келип түскен мүрәжатларын өз ўәкилликлери шеңберинде көрип шығыўы, усы мүрәжатлар бойынша тексериўлер өткериўи ҳәм үш күнлик мүддетте оларға жазба жуўаплар бериўи, сайлаўға кеминде алты күн қалғанда яки даўыс бериў күни келип түскен мүрәжатларды болса дәрҳал көрип шығып, жуўап қайтарыўы шәрт.
Мүрәжатлар дизимге алыў дәптеринде дизимге алыныўы тийис.
Сайлаў комиссиясының баслығы мүрәжатты көрип шығыў ҳәм ол бойынша қарар қабыл етиў ушын тийисли комиссияны усы Кодексте белгиленген мүддетлерде шақырады ҳәм оның мәжилисин өткереди. Мәжилиске мәпдар шахслар мирәт етилиўи мүмкин.
Қойылған мәселелерди шешиў өз ўәкиллигине кирмейтуғын участкалық сайлаў комиссиясына келип түскен мүрәжат үш күнлик мүддетте тийисли уйымларға мүрәжат жиберген шахс бул ҳаққында хабардар етилген ҳалда жибериледи.
Мүрәжатты көрип шыққан сайлаў комиссиялары ағзалары оны көрип шығыў нәтийжелери ҳәм қабыл етилген қарар ҳаққында мүрәжат жиберген шахсқа хабар бериўи шәрт.

102-статья. Сайлаў комиссияларының қарарлары үстинен түскен шағымларды көрип шығыў
Депутатлыққа талабанлар усынған сиясий партиялар уйымлары, депутатлыққа талабанлар, исенимли ўәкиллер, бақлаўшылар ҳәм сайлаўшылар сайлаў комиссияларының қарарлары үстинен усы қарарлар қабыл етилгеннен кейин он күн ишинде жоқары турыўшы сайлаў комиссиясына яки судқа шағым етиўи мүмкин. Орайлық сайлаў комиссиясының қарарлары үстинен қарар қабыл етилгеннен кейин он күн ишинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судына шағым етилиўи мүмкин. Шағым келип түскеннен кейин үш күн ишинде, сайлаўға кеминде алты күн қалғанда болса дәрҳал көрип шығылыўы керек. Шағым еткен шахслар шағымды көрип шығыўда тиккелей қатнасыў ҳуқықына ийе.

103-статья. Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлық ушын жуўапкершилик
Сайлаў ҳаққындағы нызам ҳүжжетлерин бузғанлықта айыпкер шахслар белгиленген тәртипте жуўапкер болады.