Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

  1. 1. Даўыс бериў ўақтын ҳәм орнын қай жерден билиўге болады?

Бул ҳаққында участкалық сайлаў комиссиясы сайлаўшыларды сайлаўдан кеминде 10 күн алдын хабардар етеди.

  1. 2. Даўыс бериў қашан өткериледи?

Сайлаў күни (22-декабрь) саат 08.00 ден 20.00 ге шекем даўыс бериў мүмкин.

  1. 3. Даўыс бериў ушын шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжет шәрт пе?

Аўа, шәрт. Сайлаўшы участкалық сайлаў комиссиясының ағзасына өз шахсын тастыйықлаўшы ҳүжжетти көрсетип, сайлаўшылар дизимине қол қойғаннан соң оған сайлаў бюллетени бериледи.

  1. 4. Пуқараның фамилиясы сайлаўшылар дизиминде болмаса, не болады?

Бундай жағдайда сайлаўшы шахсы, пуқаралығы ҳәм жасаў орнын тастыйықлайтуғын ҳүжжети тийкарында сайлаўшылар дизиминиң қосымшасына киргизиледи ҳәм оған сайлаў бюллетени бериледи.

  1. 5. Даўыс бериў ўақтында сайлаў бюллетени бузып қойылса не болады?

Сайлаўшының илтимасына бола жаңасына алмастырылыўы мүмкин.

  1. 6. Даўыс бериў кабинасына жақын ағайинлер менен бирге кириўге бола ма?

Даўыс бериў ханасында сайлаў бюллетенин толтырыў ўақтында даўыс бериўши шахстан басқа шахслардың болыўы қадаған етиледи.

  1. 7. Сайлаўшы бюллетенин еркин түрде толтырыў имканиятына ийе болмаса не ислеў керек?

Бундай жағдайда сайлаўшы өз қәлеўи бойынша жасырын даўыс бериў кабинасына басқа шахсты шақырыўға ҳақылы. Сайлаў комиссиясы қурамына киретуғын шахслар, бақлаўшылар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллеринен басқа.

  1. 8. Ўақтынша жасаў орны бойынша да сайлаўда қатнасыў мүмкин бе?

Аўа мүмкин. Сайлаў күнине шекем ямаса сайлаў күни 18 жасқа толған пуқаралар турақлы ямаса ўақтынша жасаў орынларындағы сайлаў участкасында даўыс бериўи мүмкин.

  1. 9. Кеселлиги ямаса басқа себеплер менен даўыс бериўге келе алмаған сайлаўшылар не қылады?

Тийисли комиссияның 2 ағзасы көшпели сайлаў қутысы менен сайлаўшының турған жерине барады.

  1. 10. Кимлер даўыс бериў ҳуқықына ийе емес?
  • суд тәрепинен ҳәрекетке уқыпсыз деп табылған;
  • аўыр ҳәм оға да аўыр жынаятлар ислегенлиги ушын судтың ҳүкими менен еркинен айырыў орынларында сақланып атырған шахслар.
  1. 11. Муддетинен алдын даўыс бериў мүмкин бе?

Аўа мүмкин, сайлаў күни жасаў орнында бола алмайтуғын пуқаралар тийисли участкалық сайлаў комиссиясына арза тийкарында мүрәжат етеди.

Арзада, сайлаў күни жасаў орнында бола алмаўының себеплери (дем алыс, хызмет сапары, сырт елге шығыў ҳәм т.б) көрсетиледи.

  1. 12. Мүддетинен алдын даўыс бериў қашан өткериледи?

Сайлаўға 10 күн қалғанында басланады ҳәм сайлаўға 3 күн қалғанда тамамланады.

 

Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлиги

Ҳуқықый үгит-нәсият ҳәм ағартыўшылық бөлими.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.