Бүгин 6-ноябрь күни саат 10:00 ден 17:00 ге шекем Ташкент қаласы Алмазар районының «Соғбон 1-2 туп», «Қизил тут», «Пахта», «Лангар», «Ленточный», «Қўш тут», «Муҳокама» көшелеринде ҳәм «Зарқайнар» супермаркетлеринде трансформатор пунктлери ҳәм электр узатыў тармақларында ири оңлаў жумыслары алып барылыўы себепли электр энергиясында ўақтынша үзилис болады.

Әндижан ўәлаятының айырым аймақларында бүгин 6-ноябрь күни саат 09:00 ден 17:00 ге шекем 35/10 кВ кернеўдеги «Оҳунбобоев» подстанциясында режели ири оңлаў жумысларының алып барылыўы себепли Әндижан қала ҳәм районындағы «Янгиҳаёт», «Аббос Бакиров», «Абдулла Аҳмеденов», «Боғишамол», «Жаҳонобод», «Завроқ», «Оғуллик», «Боғи Бобур» мәкан пуқаралар жыйынының аймақларында жасаўшы адамлардың турақ-жайларында;

Избасқан районында жайласқан 110/35/10 кВ кернеўдеги «Пахтакор» подстанциясынан шығыўшы «Қайрат», «Зиёкор» электр узатыў тармақларында ири оңлаў жумысларының алып барылыўы себепли, «Мирзо Улуғбек» мәкан пуқаралар жыйынында жасайтуғынлардың турақ-жайларында;

6 кВ кернеўдеги «Орайлық бөлистириў шақапшасы-2» электр узатыў тармағын режели ири оңланыўы себепли, Әндижан қаласындағы «Ўзбекистон», «Хўтанарик» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы турақ-жайларда да электр тәмийнатында ўақтынша үзилислер болады.

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасының айырым аймақлары ҳәм Хорезм ўәлаятының Хонқа, Боғот, Хазарасп, Питнак районларында Тақыятас-Хорезм-Сарымай жөнелисиндеги тармақларда 220 кВ кернеўдеги электр узатыў тармағының өткерилиўи ҳәм «Тақыятас ыссылық электр станциясы»ндағы 7 энерго блок оңланып атырғанлығы себепли 6-7-ноябрь күнлери электр энергиясында үзилислер болады.

Келтирилген қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

«Аймақлық электр тармақлары» АЖның Баспасөз хызмети

 

ӨзА