Коррупция ҳәр қандай раўажланыўдың тамырына балта уратуғын, оны ишинен ширитетуғын иллет екенин бүгинги жәмийетимиздиң барлық ағзалары бирдей тән алмақта. Бул бағдарда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен әмелге асырылып атырған реформаларды халқымыз қанаатланыўшылық пенен күтип алмақта. Әсиресе, билимлендириў тараўында жүз берип атырған унамлы өзгерислер жасларымыздың қәлбинде уллы келешекке болған исенимди барған сайын беккемлемекте.

Тилекке қарсы, жоқары билимлендириў системасын коррупциядан жырақ тараўға айландырыўда ҳәмме бирдей белсендилик көрсетпекте, деп айта алмаймыз. Еле жақын өтмиштиң иллетлеринен қутыла алмай атырған, елеге шекем ески дәўирдиң руўхы менен жасап атырған кәсиплеслеримиздиң ушырасып туратуғыны бәршемизди ренжитеди. Системаға нәтийжели басқарыў механизмлерин, соның ишинде, күшли жәмийетлик қадағалаўды, билимлендириў тараўының барлық тәреплерине нәтийжели ҳәм әдил нормаларды енгизиў ўақты келди. Биз гөзлеп атырған бул жоқары мақсетке ерисиў прфессор-оқытыўшылар менен студентлердиң мүнәсибетлериндеги ашық-айдынлық, әдиллик принциплерине тийкарланған жоқары педагогикалық жумысты енгизиўде, сондай-ақ, оның ҳуқықый-нормативлик тийкарын беккемлеўимизде көзге тасланады.

Белгили бир жоқары билимлендириў мәкемесинде билимлендириў процесинде нәтийжелиликке ерисиў ҳәм студентлердиң билимин баҳалаўда ашық-айдынлықты тәмийинлеў ушын бир қанша илажларды әмелге асырыўға зәрүрлик сезилмекте. Бириншиден профессор-оқытыўшыларды жумысқа қабыл етиўден баслап, олардың пүткил педагогикалық жумысын қадағалайтуғын және анық нормалар тийкарында баҳалап баратуғын, зәрүр жағдайларда тәсиршең илажларды көриў имканиятын беретуғын нормативлик-ҳуқықый системаны жаратыўымыз; екиншиден, күшли жәмийетлик қадағалаўды жолға қойыўымыз; үшиншиден, ҳәр биримиз бүгинги реформалардың тийкарғы мазмунын жүректен сезиниўимиз керек.

Әлбетте, бүгинги ғалаба хабар қураллары ҳәм социаллық тармақларда тарқалған хабар барлық жоқары билимлендириў мәкемелериниң ректорлары ҳәм басшы-хызметкерлери және орта буўын хызметкерлериниң, улыўма тараўда мийнет етип атырған бәршемизди және бир мәрте жуўапкершиликли болыўға ҳәм тараў басшыларынан баслап, жумысшы хызметкерлер, студент жасларға шекем «бир жағадан бас шығарып» биргеликте коррупцияға қарсы гүресиўге шақырады.

Солай екен, елимиз ҳәм жасларымыздың келешегине байланыслы болған кәсип ийелери сыпатында коррупцияға қарсы гүресиў, оның унамсыз ақыбетлери ҳаққында үгит-нәсиятлаў жумысларын күшейтиў ҳәм соның нәтийжесинде жәмийетимизде саламат мәнәўий әдеп-икрамлылық орталығын қәлиплестириў тийкарғы ўазыйпамыз болып қалабереди.

Ахмед Реймов,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң ректоры,

техника илимлериниң докторы

Қарақалпақстан хабар агентлиги