Норвегия Патшалығының Сыртқы ислер министрлигиниң мәмлекетлик хаткери Аудун Халворсен басшылығындағы делегация сапар менен мәмлекетимизде болды.

Сапар етиў шеңберинде 5-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатында норвегиялы мийманлар менен ушырасыў болып өтти.

Сенат Баслығының биринши орынбасары Содиқ Сафоев пенен ушырасыўда Өзбекстан менен Норвегия арасында сиясий, саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиў раўажланып атырғаны атап өтилди. Норвегия БМШтың Аралбойы регионы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик тийкарында Траст фондына 1,2 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратып, биринши донор мәмлекетке айланғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Парламентлераралық байланысларды раўажландырыў, мәмлекетимизге Норвегия инвестицияларының кирип келиўин қоллап-қуўатлаў, жоқары технологиялы қоспа кәрханалардың жумысын жолға қойыў ҳәм нәтийжели саўда майданларын шөлкемлестириў бойынша еки тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Норвегиялы мийманлар Өзбекстанда әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық реформаларды үлкен қызығыўшылық пенен бақлап атырғанын, оларды әмелге асырыўда бирге ислесиўге таяр екенин билдирди.

Нызам дөретиўшилиги жолындағы бирге ислесиў нормативлик-ҳуқықый базаны беккемлеў ҳәм жетилистириў бойынша ҳәрекетлерди және де раўажландырыў, бул болса, ақырғы нәтийжеде, мәмлекетте нызам үстинлигин ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўге хызмет ететуғыны атап өтилди.

Сондай-ақ, Норвегия делегациясының сапар етиўи шеңберинде Өзбекстан Республикасы Сыртқы ислер министрлигинде Өзбекстан – Норвегия министрликлераралық сиясий мәсләҳәтлесиўлердиң гезектеги дөгерек сәўбети болып өтти.

Делегацияларға Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Дилшод Ахатов ҳәм Норвегия Патшалығының Сыртқы ислер министрлигиниң мәмлекетлик хаткери Аудун Халворсен басшылық етти.

Ушырасыўда сиясий, саўда-экономикалық, мәдений-гуманитарлық, билимлендириў ҳәм инсан ҳуқықлары тараўларындағы еки мәмлекет қатнасықларының ағымдағы жағдайы ҳәм перспективалары ҳаққында сөз болды.

Мәсләҳәтлесиўде мәмлекетлеримиз арасында институтластырыў, атап айтқанда, теңлик тийкарында еки мәмлекеттиң парламентлеринде бирге ислесиў топарларын шөлкемлестириў, Омбудсман институтларының байланысларын беккемлеўге байланыслы усыныслар додаланды. Саўда-экономикалық ҳәм илимий-техникалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияны шөлкемлестириў мәселелери көрип шығылды.

Еки мәмлекет делегациялары, сондай-ақ, глобаллық ҳәм регионаллық халықаралық шөлкемлер шеңбериндеги бирге ислесиўдиң әмелий тәреплери бойынша пикир алысты.

Өзбекстанның басламасы менен БМШ Бас Ассамблеясы тәрепинен қабыл етилген ҳүжжетлерди қоллап-қуўатлағаны ушын Норвегия тәрепине миннетдаршылық билдирилди.

Ушырасыў жуўмағында сыртқы ислер министрликлери арасындағы сөйлесиўди турақлы түрде әмелге асырыўдан еки тәреп бирдей мәпдар екени атап өтилди.

Мийманлар өз-ара пайдалы тараўларда қоспа жойбарларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў мақсетинде министрликлер ҳәм уйымларда шөлкемлестирилген сөйлесиў ҳәм ушырасыўларда да қатнасты.

 

ӨзА