Сайлаў нызамшылығын үгит-нәсиятлаў айлығы

Бүгинги күнде елимизде ҳуқықый демократиялық мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийет қурыў мақсети алға қойылып, жәмийетимиздиң барлық тараўларында, яғный, мәмлекетлик ҳәкимиятты ҳәм басқарыўды жетилистириў, суд-ҳуқық системасын демократияластырыў, сиясий турақлылық, экономикалық раўажланыў ҳәм социаллық әдилликти тәмийинлеў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлери исенимли қорғалыўын кепиллеўге байланыслы кең көлемли реформалар ҳәм модернизация илажлары әмелге асырылмақта.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң 2017-жыл  22-декабрьдеги мәмлекетимиз парламенти – Олий Мажлиске Мүрәжаты бағдарлардағы өзгерислерди жаңа басқышқа көтерди. Журт басшымыз өз мүрәжатында сиясий турмысымызда әҳмийетли болған сайлаў нызамшылығына тоқтап өтип, бул бойынша 6 нызам ҳәм бир қатар нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлер бар екенлигин, елеге шекем олардың бир пүтин ҳүжжетке келтирилмегенлигин атап өтип, халықаралық норма ҳәм стандартларға жуўап беретуғын бирден-бир Сайлаў кодексин ислеп шығыў ҳәм қабыл етиўди усынған еди.

Усы мақсетте 2019-жылы 25-июньда 18 бап, 103 статьядан ибарат Өзбекстан Республикасының бирден-бир жаңа Сайлаў кодекси қабыл етилди.  Сайлаў кодекси Өзбекстан Республикасы Президентин, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутатларын, Олий Мажлис Сенатының ағзаларын, халық депутатлары ўәлаятлық, районлық ҳәм қалалық Кеңеслериниң депутатларын сайлаўға таярлық көриў ҳәм оларды өткериўге байланыслы қатнасықларды тәртипке салады және Өзбекстан Республикасы пуқараларының ерк-ықрарының еркин билдирилиўин тәмийинлейтуғын кепилликлерди белгилейди.

Усы Кодекс пенен сайлаў системасына бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди. Соның қатарында, Нызамшылық палатасында Экоҳәрекет ўәкиллери ушын квота ажыратыў институты тоқтатылып, депутатлыққа талабанларды халық депутатлары район (қала)лық кеңеслерге пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен көрсетиў тәртиби бийкар етилди.  Сондай-ақ, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларына сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасыў ҳуқықы берилип, Олий Мажлис Нызамшылық палатасына, жергиликли Кеңеслерге сайлаў бир ўақытта өткерилген жағдайда, Нызамшылық палатасына депутатларды сайлаўды өткеретуғын округлик сайлаў комиссиялары тәрепинен бирден-бир сайлаў участкаларын дүзиў тәртиби белгиленди.

Соның менен бирге, халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслеринде додаланатуғын ҳәм усынылатуғын участкалық сайлаў комиссияларының ағзалары бойынша жәмийетлик бирлеспелер ҳәм шөлкемлердиң усынысларының алыныўы, сайлаў округлерин дүзиўде сайлаў округлериндеги сайлаўшылардың санының ең көби 10 проценттен аспаўы көрсетип өтилди. Буннан тысқары, сайлаўда даўыс бериў ўақты 08.00 ден 20.00 етип белгиленди.

Жуўмақлап айтқанда, сайлаў системасында әмелге асырылып атырылған реформалардың тийкарғы мақсети – пуқаралардың мәмлекетлик ҳәкимияттың ўәкилликли уйымларын қәлиплестириўде нәтийжели қатнасыўын ҳәм сайлаўлардың ашық-айдын, әдил түрде өткерилиўин тәмийинлеў болып есапланады.

 

Даулетбай Лепесбаев,

ҚМУ юридика факультети cтуденти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.